Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 23-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларга мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-5853-санлы ҳәм 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы пәрманларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы шеңберинде:

а) халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм енгизиў бағдарында 2022-жылдың ақырына шекем:

Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларында Оман Патшалығының Атяб интернейшнл сервис (Atyab International Service) компаниясын тартқан ҳалда өним жетистириўшилер тәрепинен азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги, сапа қадағалаўы, халықаралық тән алынған сертификация системаларын өз ишине алған, аккредитациядан өткен лабораториялар иске қосылады;

Аўыл хожалығы министрлигиниң шөлкемлестириўшилигинде Қоқанд азық-аўқат технологиясы ҳәм инженерлиги халықаралық институты шөлкемлестириледи. Бул институтқа халықаралық стандартлар дәрежесиндеги халықаралық базарларда тән алынған сапа стандартларын (Global G.A.P, Organic, HACCP ҳәм басқалар) енгизиўге уқыплы болған жоқары маман кадрларды таярлаў ўазыйпасы жүкленеди.

Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев, А.Шукуров) 2022-жылдың ақырына шекем азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша аккредитациядан өткен лабораторияларды иске қосыў, Қоқанд азық-аўқат технологиясы ҳәм инженерлиги халықаралық институтын шөлкемлестириў, оның жумысын жолға қойыў илажларын көрсин;

б) колайлы агробизнес орталығын ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыў бағдарында усы жылдың ақырына шекем:

халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан аграр тараўда улыўма баҳасы 400 миллион АҚШ долларына шекемги муғдардағы инвестициялық жойбарлар иске қосылады;

ҳәр бир аймақта кеминде биреўден агрологистика орайлары қурылады. Бул орайларда халықаралық базарларда тән алынған сапа сертификатларын алыў имканияты жаратылады.

Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев, Ш.Мирзаев, Х.Каримов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте жойбарларды қәлиплестириў, басламашыларды анықлаў ҳәм оларды өз ўақтында иске қосыў илажларын көрсин;

в) тараўда мәмлекеттиң қатнасыўын азайтыў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў ҳәм аўыллық аймақларды раўажландырыў бағдарларында 2022-жылдың ақырына шекем:

Жәҳән банкиниң «Ферғана ойпатында аўыл исбилерменлигин раўажландырыў» жойбарлары шеңбериндеги қаржылары есабынан Әндижан ўәлаятының таңлап алынған Алтынкөл, Наманган ўәлаятының Чуст ҳәм Ферғана ўәлаятының Риштон районларында инновациялық усылларды қолланған ҳалда интенсив усылда мийўе-овощ жетистириў бойынша арнаўлы (пилот) жойбарлар әмелге асырылады;

Түркияның Газиантеп пистешилик илимий-изертлеў институты менен биргеликте Самарқанд ўәлаятында Өзбекстан – Түркия пистешилик илимий орайы шөлкемлестириледи, Түркияның өнимдарлы писте сортрларының коллекциясы тийкарында миллий писте сортларын жаратыў ҳәм олардың аналық питомниклерин шөлкемлестириў ҳәм Нурабад районын пистешиликке қәнигелестириў илажлары көриледи.

Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев, Х.Каримов, А.Шукуров) 2022-жылдың ақырына шекем:

жеке меншик секторды тартқан ҳалда бул районларда әмелге асырылатуғын интенсив усылда мийўе-овощ жетистириў жойбарларын иске қосыў илажларын көрсин;

Самарқанд ўәлаятында Өзбекстан – Түркия пистешилик илимий орайын шөлкемлестириў, миллий писте сортларын жаратыў ҳәм Нурабад районын пистешиликке қәнигелестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

г) жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бағдары шеңберинде:

космостан алынған сүўретлер ҳәм ушыўшысыз ушыў аппаратларының материаллары ҳәм атызды бақлаў мағлыўматларын таллаў арқалы 3 миллион гектарда аслам суўғарылатуғын жерлер, 400 мың гектардан аслам көп жыллық тереклер ҳәм 450 мың гектардан аслам суўғарылмайтуғын жерлердиң системалы мониторинги жолға қойылатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда усы жылы 1-қосымшада келтирилген прогноз көрсеткишлерге муўапық 133,5 мың гектардан аслам жер майданлары қайта пайдаланыўға киргизилетуғыны ҳәм өзлестирилетуғыны;

аўыл хожалығы жерлериниң геомәлимлеме системасында 6 түрдеги тийкарғы (пахта, бийдай, салы, картошка, мәкке ҳәм майлы егинлер) аўыл хожалығы егинлериниң егилетуғыны, вегетация дәўирин таллаў жолға қойылатуғыны.

Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев, М.Рўзметов), Суў хожалығы министрлиги (Ш.Хамраев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери 2022-жылдың ақырына шекем усы киши бәнттеги илажлардың өз ўақтында орынланыўына жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын;

д) аўыл хожалығында илим, билимлендириў, мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлери системасын раўажландырыў бағдарында:

Әндижан, Наманган, Ферғана, Жиззақ, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларында агрохызметлер орайлары шөлкемлестириледи ҳәм 100 ден аслам хызметлер көрсетиў жолға қойылады;

халықаралық финанс институтларының тартылған грант қаржылары есабынан:

2023-жылдың өними ушын жергиликли шараятқа сәйкес өнимдарлы, кеселлик ҳәм зыянкеслерге, суўсызлыққа, шорға шыдамлы пахтаның 4, масақлы дәнниң 6 сорты әмелиятқа енгизиледи;

жеке меншик секторды тартқан ҳалда, картошканың өнимдарлы, кеселлик ҳәм зыянкеслерге, суўсызлыққа, шорға шыдамлы вируссыз («in vitro») «Супер элита» ҳәм «Элита» сортларына тийисли 4 миллион дана (жылына) микротуқым жетистириледи;

қәнигелестирилген аймақларда картошка, соның ишинде, оның жаңа сортларын жетистириў бойынша көргизбели атыз майданларын шөлкемлестириў ҳәм жаңа сортларды өндириске кеңнен енгизиў илажлары көриледи.

Аўыл хожалығы министрлиги (А.Тўраев, Х.Каримов, А.Шукуров) 2022-жылдың ақырына шекем 2023-жылдың өними ушын пахтаның 4, масақлы дәнниң 6 сортын әмелиятқа енгизсин, сондай-ақ, картошканың 4 миллион дана (жылына) микротуқымларын жетистириў, аймақларда картошка жетистириў бойынша көргизбели атыз майданларын шөлкемлестирсин ҳәм жаңа жаңа сортларын өндириске кеңнен енгизсин;

е) тармақ статистикасының ашық-айдын механизмин ислеп шығыў бағдарында 2022-жылдың ақырына шекем:

«Бир айна» принципи тийкарында фермер хожалықларына пахта, бийдай ҳәм басқа да өнимлерди жетистириў ушын жеңиллетилген кредит ажыратыў, қамсызландырыў, шәртнамаларды электрон рәсмийлестириў, техникаларды лизингке алыў, агротехнологиялық илажларды әмелге асырыўда ҳәм хызмет көрсетиўди өз ишине алған «Агроплатформа» (agroplatforma.uz) мәлимлеме системасы иске қосылады;

аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға ажыратылып атырған 26 түрдеги субсидиялар бойынша ҳүжжетлерди жыйнаў, көрип шығыў ҳәм ўәкилликли уйым ҳәм шөлкемлер менен келисиў процесслерин «Агросубсидия» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырыў жолға қойылады;

Ферғана ҳәм Самарқанд ўәлаятларында суў балансы ҳәм жумсалыў есабын жүргизиў және жерлерди дурыс суўғарыў жумысларын аралықтан мониторинг етиўдиң электрон модели ислеп шығылады.

Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев, Қ.Юлдашев), Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры (А.Исроилов), Суў хожалығы министрлиги (А.Назаров) жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем усы системаларды иске қосыў арқалы электрон хызметлерди көрсетиўди шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев, А.Шукуров):

а) 2022-жылдың ақырына шекем Жәҳән банкиниң қаржылары есабынан:

жеке меншик секторды тартқан ҳалда Өзбекстанда бар генофондтан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлериниң басланғыш туқымгершилик ҳәм гибридлерин жаратыўдың нәтийжели системасын жолға қойыў мақсетинде Өзбекстан – Сербия аўыл хожалығы егинлери туқымгершилиги илимий орайын шөлкемлестириў;

Халықаралық картошка жетистириў орайы (CIP) менен биргеликте картошканың өнимдарлы, кеселлик ҳәм зыянкеслерге, суўсызлыққа, шорға шыдамлы сортларының селекциясы ҳәм туқымгершилигин жолға қойыў ушын қоспа жойбарды әмелге асырсын;

б) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте бир ай мүддетте Жәҳән банкиниң қатнасыўындағы «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары есабынан аўыл хожалығын санластырыў жойбарлары ушын 20 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды бағдарлаў илажларын көрсин;

в) Халықаралық аўыл хожалығы университетин шөлкемлестириў, Ташкент мәмлекетлик аграр университетин модернизациялаў ушын Жәҳән банки қатнасыўындағы «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары есабынан 17 миллион АҚШ доллары, Европа Аўқамының «Бюджетти қоллап-қуўатлаў» бағдарламасының қаржылары есабынан 6 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәнисин ҳәм мақсет және ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери белгиленсин.

Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 7-июнь