Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен «Жаслар дәптери»н жүргизиў арқалы жаслардың машқалаларын системалы түрде шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге бола «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларға жәрдем түрлери көрсетиледи. Материаллық жағдайы аўыр жасларға бир мәртелик материаллық жәрдем (БЕМниң 4 есесине шекем) бериледи.
Жасларды исбилерменликке ҳәм кәсип-өнерге оқытыў ушын жумсалатуғын қәрежетлердиң 75 процентине шекемги бөлеги (бир айға шекем БЕМниң 4, бир айдан еки айға шекем БЕМниң 8, еки айдан артық мүддетли оқыў курслары ушын БЕМниң 12 есесинен көп болмаған бөлеги) қаплап бериледи.
Исбилермен ямаса өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өткен жасларға жумысын әмелге асырып атырған турақ жай емес жайдың 12 айға шекем ижара қәрежетлериниң бир жылда 30 проценти, бирақ БЕМниң 25 есесине шекемги бөлеги каплап бериледи.
Республикадағы профессионал билимлендириў шөлкемлеринде оқып атырған, сондай-ақ, Өзбекстандағы барлық жоқары билимлендириў шөлкемлеринде бакалавриаттың күндизги, сыртқы ҳәм кешки оқыў түринде, магистратураның күндизги бағдарында билим алып атырған оқыўшы-студентлерге төлемли-контракт тийкарында оқыў бойынша жыллық қәрежетлердиң бир бөлеги қаплап бериледи.
Жасларға билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары тараўы ҳәм пәнлерди оқытыўға қәнигелескен мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкеминиң 3 ай мүддетке шекемги турақ жай емес ижара қәрежетлери ушын БЕМниң 50 есесине шекемги муғдарда қаплап бериледи.
Некеден өткенине 3 жылдан аспаған жасларға жеке тәртиптеги өз үйиндеги қосымша турақ жай қурыўға 33 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады.
Режеге бола, жасларға субсидиялар ажыратылады. Яғный 0,1 гектардан 1 гектарға шекем жер майданы ажыратылған жасларға туқым ҳәм нәллер сатып алыўға БЕМниң 8 есесине шекем, исбилерменлик ямаса өзин-өзи бәнт етиў жумысын басламақшы болған жасларға әсбап-үскене ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын БЕМниң 40 есесине шекем субсидия ажыратылады.
Сондай-ақ, жасларға заманагөй кәсиплерди ийелеўи, мәлимлеме технологияларын үйрениўи ҳәм оларды шет тиллерге оқытыў бойынша 6 айға шекем мүддетли оқыў курслары ушын ҳәр айда БЕМ ниң 4 есесине шекем, жаслардың илим, спорт, көркем өнер ҳәм мәденият бағдарларындағы 6 айға шекемги мүддетли оқыў курсларына ҳәр айда БЕМниң 1 есесине шекем субсидия бериледи.
«Жаслар дәптери»не киргизилген наўқас жасларға мәмлекетте ҳәм сырт мәмлекетлерде емлениўге байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын БЕМниң 50 есесине шекем, социаллық қорғаўға мүтәж жас шаңарақларға 12 айға шекем турақ жай ушын ижара компенсациясы ҳәр айда БЕМниң 3 есесинен аспаған муғдарда субсидия ажыратылатуғыны белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги