Усы күнлери Наманган ўәлаятыныӊ Янгиқўрғон районында пляж гүреси бойынша ересеклер ҳәм жаслар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтпекте.
Оған Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан өз аймақларында жеӊимпаз болған күшли палўанлар қатнаспақта. Бүгин ересеклер арасындағы жарыслар өз жуўмағына жетип, онда 78 кг салмақта Сабрина Узақбаева, +87 кг салмақта Қундыз Баймановалар биринши орынды ийелеген болса, 87 кг салмақта Камила Турдымуратова екинши, 57 кг салмақта Гүлзабира Тилеўимбетова, 60 кг салмақта Азиз Генжебаев, 63 кг салмақта Азада Медетбаевалар үшинши орынды ийелеп, арнаўлы Диплом ҳәм сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.
Спортшыларды жарысқа Берик ҳәм Сапар Жүсипбеков, Нөкисбай Дәнияровлар таярлады. Жарыс еле даўам етпекте. Ертеӊ қурға жас палўанлар түседи.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы