Дүньяда жүдә көп миллетлер болып, олардың бәршеси түрли тиллерде сөйлейди. Буннан тысқары, бир мәмлекет ишинде онлаған, ҳәттекки, жүзлеген миллеттеги адамлар бар. Сонлықтан, олар бир-бири менен байланысыў ушын бир неше тиллерди билиўи керек. Тиллер бир жерде тоқтап қалмайды, жүдә тез раўажланады.
Дүньяда жәми 2500 ден 5000 ҳәм оннан да артық тиллер бар. Жер жүзинде ең кең тарқалған тиллер – қытай, инглис, рус, испан, ҳинд, француз, араб, япон, немис тиллери болып табылады
Дүньяда сондай сулыў тиллер бар, олар адамның ойлаў ҳәм ишки сезимин де ашып береди.
Төмендеги кестеде дүньядағы ең сулыў тиллердиң рейтинглери көрсетилген:
№ | Ҳәрип белгиси бойынша | Жазылыўы арқалы | Сулыў еситилиўи бойынша |
1 | Араб тили | Араб тили | Италян тили |
2 | Қытай тили | Қытай тили | Француз тили |
3 | Француз тили | Француз тили | Испан тили |
4 | Япон тили | Япон тили | Португал тили |
5 | Грек тили | Грек тили | Қытай тили (мандарин) |
6 | Испан тили | Испан тили | Инглис тили |
7 | Еврей тили | Еврей тили | Рус тили |
8 | Рус тили | Рус тили | Фин тили (Финландия) |
9 | Корейс тили | Корейс тили | Япон тили |
10 | Италян тили | Италян тили | Араб тили |
Бийбиназ Сарсенбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги