Пайтахтымызда «Бес баслама олимпиадасы» шеӊберинде бир қатар спорт түрлери бойынша жарыслар болып өтпекте.

Волейбол бойынша өткерилген қызғын беллесиўлер жуўмағында, 16-21-жас аралығында ерлер командасы арасында Шоманай районыныӊ «Қарабайлы» командасы биринши, Бозатаў районыныӊ «Көксуў» командасы екинши, Шымбай районыныӊ «Қостерек» командалары үшинши орынды ийелеген болса,  қызлар арасында Қоӊырат районыныӊ «Рәўшан», Елликқала районыныӊ «Гүлдирсин», Шоманай районыныӊ «Мамый» командалары 1-2-3-орынларды ийелеп өз ықласбентлерин қуўанышқа бөледи.

Ал, 22-26 жас аралығындағы ерлер командалары арасында Қараөзек районыныӊ «Мәденият» командасы биринши,  Мойнақ районыныӊ «Қазақдәрья» командасы екинши, Қоӊырат районыныӊ «Моншақлы» командалары үшинши орынларға ылайық деп табылды.

Жарыс соӊында жеӊимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы Диплом ҳәм сыйлы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы