Япония қорғаныў министрлиги ҳаўада бәрқулла пәрўазда болып туратуғын онлаған ушыўшысыз өзи ушар қурылмалар топарын жаратыў жойбарын үйренип шықпақта, олар душпанның гипердаўыслы ракеталарын дәрҳәл сезип, урып түсириўге қаратылады.

Бул бағдарламаны ислеп шығыў ушын министрлик 2022-жылға ажыратылған мәмлекетлик бюджеттен қаржы сораў нийетинде, деп билдиреди Sankei газетасы.

Ҳәзирги ўақытта бул мағлыўмат бойынша АҚШ компаниясы менен биргеликте дронлардың түрин таңлаў мәселеси көрип шығылмақта. Режеге бола, оларда өз алдына инфрақызыл датчиклер болады. Бул топарлар Япония ҳәм Шығыс Қытай теңизи аймағында пәрўаз етип, ҳәрекетти АҚШтың гипердаўыслы системаларын бақлап туратуғын мыңнан аслам кишкене жолдаслар менен муўапықластырып барады.

Дронлар шама менен 300 ден 1 000 километрге шекемги бийикликтеги орбитаға жайластырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги