Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында, 31-март күни макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, бизнести қосымша қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Халықаралық экспертлер жәҳән экономикасындағы ҳәзирги қыйын жағдай узақ даўам етиўин прогноз етпекте. Әлбетте, бул болса ишки базардағы баҳаға, әсиресе, азық-аўқат баҳалары ҳәм инфляцияға унамсыз тәсир көрсетпей қалмайды.

Сол себепли, бул факторлар Президент басшылығында турақлы талланып, зәрүр илажлар көрип барылмақта. Бул өз нәтийжесин берип, ишки базарда турақлылық тәмийинленбекте.

Атап айтқанда, гөш, сүт, картошка, мәйек, гүриш баҳасының артыўына жол қойылмады. Сырт ел кәрханалары Ташкент товар-шийки зат биржасында азық-аўқат өнимлерин сатыўы ушын қосымша шараят жаратылды. Валюта базары ҳәм алмастырыў курсы турақласты.

– Бул бағдарда халқымызда артықша қәўетерлениў болмаўы керек. Валюта базарында кескин тебрениўлердиң алдын алыў ушын резервимиз жетерли, – деди мәмлекет басшысы.

Кирип киятырған Рамазан айында баҳаны арзанлатыў үлкен саўап екени, буның ушын азық-аўқат ислеп шығарыўшы исбилерменлерге әмелий жәрдем көрсетиў зәрүр екени атап өтилди. Усы мақсетте азық-аўқат өнимлериниң импорты ушын бәринен бурын берилген жеңиллетилген қаржыларды қайтарыў мүддети жылдың ақырына шекем созылды.

Бас министрдиң басшылығында республикалық штаб ҳәм ҳәкимлердиң басшылығында аймақлық штаблар шөлкемлестирилди. Оларға базардағы баҳаны күнделикли үйренип, өнимлерди халықтың талабына қарап қосымша жеткерип бериў тапсырылды. Азық-аўқат ҳәм шийки заттың биржа саўдаларына шығарылыўы үстинен күнлик қадағалаў орнатыў, жасалма түрде баҳа артыўының алдын алыў ўазыйпасы қойылды.

– Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде қыйын дәўир даўам етип атыр, ҳәр күни жаңа сынақлар менен дусласып киятырмыз. Бирақ, ертең не болады, деп күтип отырыўға болмайды. Машқалаларды жеделлик пенен анықлап, шешиў ҳәм жаңа имканиятларды излеп табыўымыз керек, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Сыртқы қәўип-қәтерлердиң тәсирин азайтыў мақсетинде исбилерменлерди қосымша қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди.

Соның ишинде, банклер тәрепинен исбилерменлерге шийки зат сатып алыў ҳәм айланыс қаржылар ушын қосымша 10 триллион сум «револьвер» кредитлер ажыратылады. Мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде мийўе-овощ, шаңарақлық исбилерменлик, ипотека ҳәм билимлендириў кредитлериниң көлеми де, жеңиллетилген ставкалар да сақлап қалынады.

– Қаншелли аўыр болмасын, ажыратылатуғын қаржыларды кемейтпеймиз ҳәм жүгин арттырмаймыз, – деди Президент.

Сондай-ақ, салық ҳәкимшилигиндеги жаңа механизмлер бойынша жылдың ақырына шекем жәрийма қолланбаў, бажыхана жеңилликлерин қолланыў дәўирин созыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте Ташкент инвестициялық форумының жуўмақларына да тоқтап өтти.

Бул форумда дерлик 8 миллиард доллар муғдарында шәртнамалар ҳәм келисимлерге ерисилген. Көплеген сырт елли исбилерменлер елимизде өз бизнесин баслаў ямаса раўажландырыў тилегин билдирген.

Бул келисим ҳәм басламалар толық әмелге асыўы ушын инвесторларға барлық шараят жаратылатуғыны атап өтилди. Экономика тармақларының басшыларына сырт елли компаниялар менен келисип, олардың өндирис шынжырына қосылыў ўазыйпасы қойылды. Наўайы, Самарқанд, Ташкент, Бухара ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында қоңсы мәмлекетлер базарына жеткерип бериўши усақлап сатыў саўда аймақларын шөлкемлестириў зәрүр екени атап өтилди.

Аймақ ҳәм тармақларда қәрежетлерди қысқартыў, оңлаў, автомобиль, мебель ҳәм офис инвентарьларын сатып алыўды тоқтатып турыў бойынша қатаң көрсетпелер берилди.

Халықаралық финанс базарындағы ҳәзирги турақсыз жағдайда сырттан қаржы тартыў қыйын болады. Бундай шараятта ең дурыс жол – бар ресурслардан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў.

Мәселен, бүгинги күнде баҳасы 9 миллиард доллар болған 105 жойбар шеңберинде тартылған қаржылар жумсалмай тур ямаса созылып атыр.

Сол себепли, бас министрдиң орынбасарына тармақ басшылары ҳәм ўәлаят ҳәкимлери менен бирге, ҳәр бир жойбарды терең үйренип, орынланыўын жеделлестириў, нәтийжесиз ҳәм перспективасыз жойбарларды сапластырыў бойынша көрсетпе берилди.

Мәжилисте халықтың бәнтлиги мәселесине айрықша итибар қаратылды.

– Бул мәселеге тек ғана экономикалық көрсеткиш сыпатында емес, ал «халқымыздың социаллық қорғалыўы» көзқарасынан қараў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў көрсеткишлери ўәлаят ҳәм районлар кесиминде талланып, кемшиликлер көрсетип өтилди.

Бүгинги күнде 67 жумыс түри өзин-өзи бәнт етиў форматына өткерилген. Бундай кәсиплер және 20 ға көбейтилиўи, бул арқалы қосымша 150 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин екени айтылды.

Ҳүкиметке мүтәж халықты социаллық қоллап-қуўатлаў көлемин буннан былай да кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.

ӨзА