Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркия Республикасы Президенти Режеп ТАййип Эрдоған 29-30-март күнлери рәсмий сапар менен елимизде болды.

Ташкентте болып өткен сөйлесиўлерде көплеген келисимлерге ерисилди.

Сапардың екинши күнинде уллы мәртебели мийман Хорезм ўәлаятына келди.

Хорезм ўәлаятында бул сапарға айрықша таярлық көрилди. Көшелер еки елдиң мәмлекетлик байрақлары менен безетилген, ҳәр түрли реңли панноларға халықларымыздың дослығы ҳәм туўысқанлығын жырлайтуғын сөзлер жазылған.

Өзбек ҳәм түрк халықларының тарийхы әсирлер даўамында сондай беккем тамырлар менен байланысқан, оларды бир-биринен ажыратып көз алдымызға келтириў қыйын. Түрк халқы Өзбекстан жерин муқаддес деп биледи ҳәм оны «ата журт», деп қәдирлейди. Туўысқан түрк халқының ўатанымыз ҳәм халқымызға болған шексиз меҳри ҳәм ҳүрметин түсиниў, сезиў ушын соның өзи жетерли.

Үргенш халықаралық аэропортында Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм оның өмирлик жолдасы салтанатлы күтип алынды. Миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды. Жыйналғанлар өзбек ҳәм түрк халықларының дослығын алғыслады.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Режеп Таййип Эрдоған Хийўадағы Ийшан қалаға барды.

Ҳәммемизге белгили, еки жетекшиниң де тарийхқа қызығыўшылығы, ҳүрмети жоқары. Мәмлекетимиз басшысы Түркияға сапары ўақтында Стамбулдағы Топкапы сарайын барып көрген еди. Режеп Таййип Эрдоған алдын елимизге келгенинде Бухараны зыяратлаған.

Бул қала Орайлық Азияда сақланып қалған бирден-бир пүтин баслы қала-естелик болып есапланады. Оның «ашық аспан астындағы музей» деп аталыўы соннан. Бул жерде 120 дан аслам естеликлер бар.

Хийўа қаласы 1990-жылы 12-декабрьде ЮНЕСКО Мәдений мийрас дизимине киргизилген. 1997-жылы қаланың 2500 жыллық юбилейи белгиленген.

Бул узақ тарийх даўамында Хийўа көплеген түркий мәмлекетлердиң орайы болған. Ол 2020-жылы Түрксай халықаралық шөлкеми тәрепинен Түрк дүньясының мәдений пайтахты, деп жәрияланған.

Усы жағынан, Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлериниң бул әййемги қалаға сапары үлкен мәниске ийе.

Мийманлар Ийшан қаладағы Ата дәрўаза, Көк минара, Әййемги арк сарайы ҳәм медреселер, өнерментшилик сатыў орынларын көзден өткерди. Палўан Маҳмуд мақбарасы, Жума мешити зыярат етилди.

Мәмлекет басшылары өнерментлер, туристлер менен қызғын сәўбетлести.

Хорезмше қосық ҳәм аяқ ойынлардың атқарылыўы бәршеге көтериңки кейпият бағышлады.

Хийўаның мәмлекетшилик ҳәм илимниң раўажланыўында тутқан орны, әййемги естеликлери ҳәм көркем өнери түркиялы мийманларда үлкен тәсирлер қалдырды.

Усының менен Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мәмлекетимизге рәсмий сапары жуўмағына жетти.

Үргенш халықаралық аэропортында уллы мәртебели мийманды Президентимиз Шавкат Мирзиёев шығарып салды.

ӨзА