Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында «Коррупция – раўажланыўымызға тосық» атамасында бажыхана хызметкерлериниң ата-аналары ҳәм туўған-туўысқанларының қатнасыўында профилактикалық мәжилис өткерилди.

Мәжилисте, басқарма баслығы, бажыхана хызмети полковниги О.Хожиматов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, коррупция ҳәм оның унамсыз тәсирлери туўралы мағлыўматлар берип, коррупция – жәмийетимиз раўажланыўына тосық екенлигин атап өтти.

Себеби, бул иллет мәмлекеттиң ҳәм халықтың келешеги ушын қәўип салыўшы иллет болып табылады. Коррупциядан қутылмаған мәмлекетте ҳәр тәреплеме раўажланыў да, өсиў де болмайды. Коррупцияға қарсы бир ғана мәмлекетлик шөлкем емес, ал ҳәр бир инсан, ҳәр бир шөлкем маўасасыз гүресиўи зәрүр.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2022-жыл 17-февраль күни бажыхана системасын және де реформалаў ҳәм коррупциясыз тараўға айландырыў мәселелери бойынша өткерилген мәжилисте, бажыхана системасы мәмлекетимизди дүнья экономикасы менен байланыстыратуғын зәрүрли буўын екенлиги, бул система дурыс ҳәм ашық-айдын ислемесе, исбилерменлик пенен инвестицияларға тосық болатуғынлығы атап өтилген еди. Соның менен бирге, бажыхана системасын коррупциясыз тараўға айландырыўда, әлбетте, бажыхана хызметкерлериниң социаллық қорғалыўына да айрықша итибар қаратылыўы зәрүр.

Мәжилисте, ҳәр бир хызметкердиң шаңарақ ағзалары менен жеке сәўбет өткерилип, олардың коррупцияға қарсы пикирлери тыңланды. Соның менен бирге, соңғы жылларда бажыхана тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, системада хызмет етип атырған хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар ҳәм алдағы ўақытлары усы бағдарда алып барылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, барлық бажыхана хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары коррупциялық жағдайларға дус келсе, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң қысқа 11-08 исеним номерине ямаса Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқамасындағы (61) 224-90-86 исеним номерине қоңыраў етиўи мүмкинлиги ескертип өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.