Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық иниститутында 14 жастағы қызлар арасында спорттың волейбол түринен «Дослық» кубоги жарысы болып өтти.
Оған республикамыздың барлық аймақларынан ең күшли командалар қатнасты ҳәм кубок жеңимпазлығы ушын өз-ара гүрес алып барды.
Қызықлы ҳәм кескин өткен беллесиўлер жуўмағында, Қараөзек районы волейболшылары биринши орынды жеңип алып, «Дослық» кубогиниң ийесине айланды.
Кубок финалында қараөзекли қызларға жеңилип қалған Мойнақ районы командасы екинши ҳәм Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика спорт түрине қәнигелестирилген спорт мектеби командасы үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.
Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы