Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ар-Рияд қаласына әмелий сапар шеңберинде Саўдия Арабстаны инвестициялар министри Холид ал-Фалиҳты қабыл етти.

Жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы шеңберинде әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў, бәринен бурын, Өзбекстанда тийкарғы инвестиция жойбарларын әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Саўдия Арабстаны арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын үлкен миннетдаршылық пенен атап өтилди.

Өз-ара товар алмасыў көлеми, кооперация көлеми ҳәм авиақатнаўлар саны артып бармақта. Усы жыл ақыры менен елимизге Саўдия Арабстаны компанияларының дерлик 2,5 миллиард долларлық инвестициялар кеңнен тартылыўы күтилмекте.

«Жасыл» энергетика, денсаўлықты сақлаў, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, ыссыылқ ҳәм суў тәмийнаты, аўыл ҳәм үй-жай коммунал хожалығы сыяқлы тараўларда перспективалы жойбарларды алға қойыў кереклиги атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Ташкент қаласында өткерилетуғын Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисине пухта таярлық көриў керек екенлиги атап өтилди.

 

ӨзА