Бүгин UZTELECOM делегациясы “Huawei” штаб-квартирасында ушырасыў өткерди. Онда тәреплер Өзбекстанда 5G технологиялары, жасалма интеллект ҳәм ири мағлыўматлардан пайдаланыў тараўындағы келешектеги бирге ислесиўди додалады.
Компанияның мәмлекетимиздеги ўәкилханасы мәлимлеме хызметине бола, ушырасыў даўамында Миллий байланыс операторы ўәкиллери Өзбекстанда алдынғы технологияларды енгизиў мақсетинде МКТ тараўындағы инновациялар менен танысты.
Усыған бола, мәмлекеттиң МКТ инфраструктурасын беккемлеў, атап айтқанда, «ақыллы» қалалар ҳәм «ақыллы» турақ жайлар концепцияларын енгизиў сыяқлы тараўларда жасалма интеллект ҳәм үлкен мағлыўматлар технологияларынан пайдаланған ҳалда 5G ҳәм 5.5G тармақларын енгизиў имканиятлары ҳәм алдынғы тәжирийбелер үйренилди.
Жасалма интеллект ҳәм үлкен мағлыўматлардан пайдаланыў Өзбекстанда санластырыў процесин тезлестириўге жәрдем береди. Жәмийетлик турмыстың сапасы ҳәм күнделикли жумыс процесслерине интеллектуаллықты енгизиў имканиятын жаратады.
Атап өтиў керек, тәреплер узақ жыллардан берли байланыс тараўында әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыў ҳәм инновацияларды енгизиў бағдарында юирге ислеп келмекте. Соның ишинде, сентябрь айында өткерилген “ICTWEEK 2024” ҳәптелигинде компаниялвр Өзбекстанда биринши мәрте 5.5G тармақларын иске қосты.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер жасалма интеллект ҳәм ири мағлыўматлар технологияларын енгизиў бойынша жойбарды әмелге асырыў мақсетинде бирге ислесиў меморандумына қол қойыўға келисип алды.
Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА