11-ноябрь – Кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери ҳәм еркин жалланба жумысшылары челленжде қатнасты.
Атап өтиў керек, кәсиплик аўқамлары өз ағзаларын миллети, жынысы, жасы ҳәм диний исенимине қарамастан мийнет етиў, жумысты ҳәм кәсипти еркин таңлаў, әдил мийнет шараятында ислеў, жумыссызлықтан қорғаныўына байланыслы Конституциялық ҳуқықларын қорғайды.
Мийнет режиминиң социаллық әдил системасына әмел етилиўине жәрдем береди. Соның менен бирге, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын саламатландырыў, дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўларына көмеклеседи.
Басқарма хызметкерлери кәсиплик аўқамына ағза болыўды тапсырма деп алып, қатнасыўшы сыпатында оған ағза болып, қоллап-куўатлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги