Мәмлекетимизде 16-ноябрь –«Халықаралық кеңпейиллик күни» мүнәсибети менен елимиз бойлап миллетлер аралық дослық ҳәм кеңпейилликти беккемлеў, тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеўге қаратылған илажларды өткериў белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қанлыкөл районлық бөлими, Дин ислери бойынша комитетиниң райондағы бас қәнигесиниң қатнасыўында Қанлыкөл районында «Дослық ушын» атамасында нәл отырғызыў илажлары шөлкемлестирилди.
Илажда райондағы ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң дослық ҳәм татыўлығы, бир-бирине ҳүрметин беккемлеўге қаратылған пикир-усыныслар айтылып, жақсы нийет пенен саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери отырғызылды.
Илаждың “Жасыл мәкан” акциясы шеңбериндеги кең көлемли илажларға уласыўы аўызбиршиликли түрде елимиздиң абаданлығына үлес қосыўды нийет инсанларды бийпарқ қалдырмады.
Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги