Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң 2022-2024-жыллардағы жумысы есабатына бағышланған мәжилис болып өтти.

Атап өтилгениндей, еки жыл даўамында коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң әҳмийетли бағдарларында Жәмийетлик кеңес нәтийжели жумыс алып барды.

Соның ишинде, жәмийетлик кеңеслер жумысында сийрек ушырасатуғын әмелият – жәмийетлик тыңлаў, жәмийетлик мониторинг сыяқлы механизмлерден нәтийжели пайдаланылды. Денсаўлықты сақлаў министри тыңлаўы, “Е-qaror” платформасы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерине имтиханлар процеси мониторинги усылар қатарына киреди.

Кеңес ағзаларының белсендилиги ҳәм интакерлигиниң нәтийжеси болып, 2024-жылдағы Мәмлекетлик бағдарламасында Агентликке барлық мәмлекетлик уйымлары Жәмийетлик кеңеслер жумысын мониторинг етиў, оларды үлгили кеңеслерге айландырыў бойынша ўазыйпа жүклетилди. Бул ўазыйпаны да кеңес нәтийжели әмелге асырды.

Жәмийетлик кеңесиниң ўәкиллик мүддети быйыл өз жуўмағына жетти ҳәм ендигиден былай Агентлик тәрепинен белгиленген тәртипте кеңестиң жаңа қурамы қәлиплестириледи.

Усыған байланыслы шөлкемлестирилген мәжилисте Агентлик директоры Акмал Бурхонов әне усындай жедел жәрдем, тығыз бирге ислесиў ҳәм жаңа басламалар ушын кеңес ағзаларына миннетдаршылық билдирип, олардың келешектеги жумысына табыс тиледи.

Н.Абдураимова, ӨзА