«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалының мәжилислер залында 11-ноябрь – Кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен байрам илажы болып ѳтти.
Илажда Ѳзбекстан энергетика, нефт-газ ҳәм геология хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесинен С.Тўхтаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
– «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалында 1154 жумысшы-хызметкерлер жумыс ислеп келмекте. Соннан қырқ сегизи ҳаял-қызлар. 30 жасқа шекемги болған жаслар тоқсан сегиз. Кәрхананың Мийнетке тийисли, социаллық-экономикалық ҳәм кәсипке байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўшы нормативлик ҳүжжет болған Жәмәәтлик шәртнама 2023-2025-жыллар аралығына дүзилген. Усы шәртнама тийкарында кәрхана хызметкерлериниң ҳуқықлары қорғалып келинбекте,-дейди филиалдың кәсиплик аўқам комитети жетекши қәнигеси М.Индиаминов.
Филиал басланғыш кәсиплик аўқам комитети тәрепинен “Жаңа жыл”, “8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни”, “21-март – Наўрыз”, “Рамазан ҳайыт байрамы”, “9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни”, “Қурбан ҳайыт”, “1-сентябрь – Ғәрезсизлик”, “1-октябрь – Муғаллим ҳәм устазлар күни” байрамларында ғалаба-мәдений байрам илажлары шөлкемлестирилди.
Кәрхананың напақадағы хызметкерлери ҳәм жәрдемге мүтәжлиги бар жумысшыларға азық-аўқат өнимлери, қаржылай жәрдемлер берилип қоллап-қуўатланбақта.
Илажда Ѳзбекстан энергетика, нефт-газ ҳәм геология хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңеси тәрепинен шѳлкемлестирилген мийнетти қорғаў бойынша өткерилген жарыста жеңимпаз болғанларға, кәсиплик аўқамы белсендилерине Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги