2019-жыл 12-июль күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын додалады.

Халық ўәкиллери жумысты қызғын пикир-таласларға себеп болған «Нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың аўқатланыўы ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығыўдан баслады. 2019-жыл 2-апрельде биринши оқыўда қабыл етилген усы нызам жойбары үстинде узақ исленди, онда өз сәўлелениўин тапқан нормалар талап етилген дәрежеге жеткерилди, депутатлар тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында жаңа түсиниклер киргизилди. Нызамның мақсети «аўқатланыў» процесин тәртипке салыў емес, «азықлық затлар»ға, басқа да предметлерге бағышланғанын атап өтип, депутатлар жойбардың атамасы мазмунға сәйкес болыўы ушын оның атамасын өзгертиў керек екенлигин зәрүр деп есаплады. Усы тәризде жойбардың мазмуны ҳәм нормаларынан келип шығып, нызамның атамасы «Ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм нәрестелер және киши жастағы балалардың азық-аўқат өнимлерине байланыслы талаплар ҳаққында» деп қайта аталды. Ҳақыйқатында да, нызам жойбары балаларды азықландырыў процесине емес, ал олар пайдаланатуғын азықлық затларға, ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм нәрестелердиң азық-аўқатына қойылатуғын талапларды тәртипке салыўшы нормаларды өз ишине алғанын атап өтиў керек.

Усы нызам жойбарын талап етилген дәрежеге келтириўде депутатлар пикир-таласларға себеп болған барлық статьяларды ҳәр-тәреплеме додалап, толық-пуқта ҳалға келтиргенлигин атап өтиў зәрүр. Норма дөретиўшилиги талаплары тийкарында усынылған нормалар шығарып тасланды ҳәм олардың орнына тиккелей ислейтуғын статьялар киргизилди.

Депутатлардың атап өткениндей, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи елимизде саламат нәсил ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириўге қаратылған бир қатар илажлардың логикалық даўамы ҳәм нызамлы тийкары болып хызмет етеди.

Буннан кейин депутатлар «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынлаўдың жаңа механизмлериниң енгизилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргзиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда додалады. Бул ҳүжжет Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған болып, нызам жойбары «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў» жылы Мәмлекетлик бағдарламасының 7-бәнтинде белгиленген парламент палаталары бюджетлерин қәлиплестириўдиң жаңа механизмлерин жаратыў ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған еди. Усы нызам жойбары менен парламенттиң толық финанслық бийғәрезлиги, парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўде тийкар болатуғын, ең әҳмийетлиси, раўажланыў ушын хызмет ететуғын бир-бирин тыйыў ҳәм теңсалмақлылықты сақлаў системасының әмел етиўин тәмийинлейтуғын нормалар усыныс етилмекте. Соның ишинде, парламенттиң жумысына байланыслы болған қәрежетлерди ҳәр бир жағдайда қаржы уйымлары менен узақ ўақыт өткерилетуғын келисим процесслерине шек қойыў, атап айтқанда, кейинги жылдан баслап мәмлекетлик бюджетте Олий Мажлис палаталарының қәрежетлерин өз алдына бөлек қатар менен белгилеп қойыў, смета қәрежетлерин парламент палаталары Кеңеслери тәрепинен тастыйықлаў, сондай-ақ, парламентлераралық ҳәм халықаралық бирге ислесиў бойынша әҳмийетли илажлардың өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў кепилликлерин жаратыў нәзерде тутылмақта. Қызғын додалаўлардан кейин нызам жойбары қабыл етилди.

Мәжилисте пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў системасының избе-излигин, турақлылық қәсийетин, улыўма қамтып алыўы ҳәм мәжбурий екенлигин тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған «Пуқаралық ҳалаты актлери ҳаққында»ғы нызам жойбары да депутатлар тәрепинен ҳәр-тәреплеме додаланды. Нызам жойбары пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин унификациялаў, сондай-ақ, пуқаралардың пуқаралық ҳалаты актлериниң жазыўларын жазыў, дүзетиў, өзгертиў, тиклеў ҳәм бийкарлаў тараўында жүзеге келетуғын ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, бул жойбардың қабыл етилиўи пуқаралық ҳалаты актлерин жазатуғын барлық уйымлардың жумысын муўапықластырыў, ПҲАЖ уйымлары хызметкерлериниң пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў бойынша хызмет көрсетиў процесиндеги жуўапкершилигин белгилейди. Сондай-ақ, барлық пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў тәртибин анықлаў имканиятын береди. Қызғын пикир-таласларға себеп болған нызам жойбары жуўапкер комитетке талап етилген дәрежеге жеткериў ушын қайтарылды.

Мәжилис күн тәртибине киргизилген гезектеги мәселе – «Қорғаныў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда қызғын додаланды. Ол «Қорғаныў ҳаққында»ғы нызамға қорғаныўды шөлкемлестириўдиң ҳәм Қураллы Күшлерди басқарыўдың ҳуқықый тийкарларын белгилеў, мәмлекетлик қорғаныўды тәмийинлеўде мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлерин, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың қатнасыўын анықлаўға байланыслы өзгерислер киргизиў талабынан келип шығып таярланған.

Депутатлардың атап өтиўинше, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи, елимиздиң қорғаныў тараўындағы нызамшылық системасын буннан былай да жетилистириў, мәмлекетти қорғаныўға таярлаўға қаратылған мәселелерди тәртипке салыўға хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында ҳәм физикалық жақтан тәрбиялаў ҳәм шақырылатуғынларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған «Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары да қызғын пикир-таласларға бай болды.

Биринши оқыўда додаланған бул нызам жойбары менен мүддетли әскерий хызметти қатардағы әскерлер қурамы лаўазымларында өтеп атырған әскерий хызметкерлер, соның ишинде, жоқары мағлыўматлы шахслар ушын мүддетли әскерий хызметке шақырыў бойынша офицерлердиң қурамы лаўазымларында өтеп атырған офицерлар ушын – он еки ай етип белгиленбекте.

Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе – «Халықаралық жүзимшилик ҳәм виношылық шөлкемин енгизиў ҳаққындағы Келисимди ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбары да ҳәр-тәреплеме додаланды.

Бул жойбар Президентимиздиң 2018-жыл 28-февральдағы «Виношылық тараўын ҳәм алкогольли өнимлерди реализациялаўды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған болып, депутатлардың атап өтиўинше, Халықаралық жүзимшилик ҳәм виношылық шөлкемине ағза болыў мәмлекетте усы тараўды және де раўажландырыўға унамлы тәсир көрсетеди. Дүнья жәмийетшилиги менен мәлимлеме ҳәм тәжирийбе алмасыў, өнимлерди халықаралық стандартларға үйлестириўде жәрдемлеседи, жаңа стандартларды ислеп шығыў, жүзимшилик ҳәм виношылық тараўында халықаралық экспертлердиң жәрдеминен пайдаланыў имканиятын береди.

Мәжилисте парламенттиң төменги палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети  

 

ӨзА