Жаслар ислери агентлиги, Мәденият министрлиги, жергиликли ҳәкимлер менен биргеликте 2021-жылдан берли шөлкемлестирилип атырған «Бозатаў Fest» таңлаўының быйылғы басқышлары да қызғын руўхта өтпекте.
– Таңлаў қағыйдаларына бола, бухаралы ул-қызлар да 10-15, 16-22 ҳәм 23-30 жас категорияларында бақсышылық, дәстүрий атқарыўшылық, опера, эстрада бағдарларында өз талантларын төрешилер коллегиясына көрсетти, – дейди Жаслар ислери агентлигиниң ўәлаят басқармасының баслығы Шавкат Раҳмонов. – Таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болып, ўәлаятлық басқышта қатнасып атырғанлар арасында биринши рет бул таңлаўда қатнасып атырған ямаса және бир рет республикалық басқышқа шекем шығып, ол жерде де биринши орынды қолға киргизиўди мақсет еткен талант ийелери, халықаралық таңлаўлардың қатнасыўшылары да бар.
Қатнасыўшылар бақсышылық, опера, эстрада ҳәм дәстүрий атқарыўшылық бағдарында өз талантын, устазларынан алған билимлерин үлкен сахнада, жанлы атқарыў тәризинде көрсетип, әлбетте толқынланыўды сезиў қыйын емес еди. Таңлаўдың мақстелеринен бири де жаслардың үлкен сахнада өз талантларын көрсетиўин қоллап-қуўатлайды. Және бир әҳмийетли тәреплеринен бири, бул таңлаў республикалық басқыш қатнасыўшыларының материаллық хошаметлениўи болып есапланады.
Таңлаўдың Бухара ўәлаяты басқышы еки күн даўамында «Жаслар орайы»нда болып өтти. Қатнасыўшылардың шығыўы төрешилер коллегиясы тәрепинен баҳалап барылды.
Жуўмағында болса үш жас категориясында өз талантын шеберлик пенен көрсеткен жаслар таңлап алынды. Жеңимпазлар республикалық басқышта қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизди.
Еслетип өтемиз: таңлаўдың республикалық басқышы Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районында фестиваль тәризинде шөлкемлестириледи.
Зариф Комилов, Тоҳиржон Истатов (сүўрет),
ӨзАның хабаршылары