Президентимиздиӊ 2023-жыл 8-сентябрьдеги “Аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, халықтыӊ репродуктивлик саламатлығын беккемлеў илажлары ҳаққында”ғы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде экологиялық жақтан қыйын аймақларда жасаўшы халық ушын “Саламатлық” поездларын шөлкемлестириў жолы менен шетки районларда жасаўшыларға медициналық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў  мақсетинде “Саламат әўлад ушын” фонды ҳәм “Өзбекстан темир жоллары” акционерлик жәмийети тәрепинен гезектеги “Саламатлық” поезды шөлкемлестирилди.

Жоқары қәнигели шыпакерлер менен тәмийинленген поезд усы жыл 24-апрель күни Нөкис темир жол вокзалына жетип келди. Олар менен бирге фондтыӊ Қарақалпақстан Республикасы көшпели медициналық-социаллық жәрдем бригадасыныӊ хызметкерлери де халыққа медициналық жәрдем көрсетеди. Бул инсаныйлық жәрдеми азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақлар, санитария-гигиена қураллары, көзәйнеклер, витаминлерден ибарат мүриўбет жәрдеминен қуралған.

Бул поезд өз режеси даўамында Қоӊырат, Жаслық, Қарақалпақстан станцияларына жақын жайласқан аймақлардан тысқары, фондтыӊ Қарақалпақстан Республикасы көшпели медициналық-социаллық жәрдем бригадасы арқалы аймақлардағы орайлық емлеўханалар, республикалық балалар емлеўханасы ҳәм туўыў комплекслерине, арнаўлы мектеп-интернатларына жәрдем көрсетиўи режелестирилген.

Қәнигелердиӊ атап өткениндей, илаждан гөзленген мақсет, экологиялық қыйын шараятта жасап атырған халықтыӊ, соныӊ ишинде, жәрдемге мүтәж шаӊарақлар ағзаларыныӊ, ҳаял-қызлар менен балалардыӊ денсаўлығын қорғаў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, халықтыӊ медициналық билимин жетилистириў ҳәм мүриўбет ҳәрекетин раўажландырыўға кеӊ жәмийетшиликтиӊ итибарын қаратыў болып табылады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы