Қарақалпақ әдебиятының классиклери есапланған уллы шайырларымыз Әжинияз Қосыбай улы, Бердақ Ғарғабай улы ҳәм Ибрайым Юсуповтың шығармаларын халқымыз сүйип оқыйды. Олардың дөретпелери усы күнге шекем дүньяның көплеген тиллерине аўдармаланып, баспаларда басылып шықты.

Жақында инглис шайыры ҳәм аўдармашысы  Эндрю Станиланд және бир саўаплы иске қол урды. Атап айтқанда, ол Гүлбәҳәр Изентаева, Шахноза Кеңесбай қызы, Айнура Назырбаева, Нилуфар Абдуллаева, Наргиза Уразымбетова ҳәм Гүлназ Жадыгеровалардың жәрдеминде Бердақтың «Шежире», Әжинияздың «Бозатаў» ҳәм Ибрайым Юсуповтың «Арал элегиясы» шығармаларын инглис тилине аўдарма исленип, «Three Karakalpak Poets» (Қарақалпақтың үш шайыры) атамасы менен өз алдына китап етип шығарды.

242 беттен ибарат бул қунлы китап бүгинги күни Amazon.com глобал интернет дүканында сатыўға қойылған ҳәм китапқа халық аўызеки ҳәм классикалық поэзиясына тийкарланған Орайлык Азияның ең уллы әдебиятларының бири деп сыпатлама берилген.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги