Мәмлекетимиздиң денсаўлықты сақлаў тараўында халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин, сапасын, оннан пайдаланыўды түп-тийкарынан арттырыўды тәмийинлейтуғын шөлкемлестириўшилик ҳәм қаржыландырыў бойынша жаңа модельлерди қәлиплестириў мақсетинде кең көлемли рефораларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Олар денсаўлықты сақлаў тараўын қаржыландырыў системасын жетилистириў, мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызметлердиң көлемин белгилеў, «емленген жағдай»  ушын клиникалық қәрежетлердиң топары бойынша медициналық хызмет төлемлери системасын ҳәм ҳәр бир адамға қаржыландырыўдың жаңа механизмлерин енгизиўге бағдарланады.

Бул реформалардың өзине тәнлиги ҳәм оларды әмелге асырыў мүддетлери Өзбекстан Республикасының мәжбүрий медициналық қамсызландырыў ҳаққындағы нызам жойбарында билдирилген болып, ол regulation.gov.uz. нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында кең жәмийетшиликтиң итибарына усынылған. Жаңа нызам мәмлекетимизде мәжбүрий медициналық қамсызландырыўды енгизиў ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Нызам жойбарының түсиник хатында жойбар сырт мәмлекетлердиң нызамшылық ҳүжжетлерин ҳәм мәжбүрий қамсызландырыўды енгизиў илажларын техникалық-экономикалық тийкарғы таллаўларын есапқа алған ҳалда ислеп шығарылғанлығы айтылады. Ҳәзирги ўақытта ол 42 статьяны өз ишине алған 5 баптан ибарат. Нызам жойбарының биринши бабы улыўма қағыйдалар, анығырағы, нызамның мақсетлери ҳәм оның әмел етиў тараўларына бағышланады. Сондай-ақ, онда нызамда қолланылатуғын тийкарғы түсиниклер, мәжбүрий медициналық қамсызландырыўдың мақсет ҳәм ўазыйпалары, тийкарғы принциплери сәўлеленген.

Нызам жойбарының екинши бабында мәжбүрий медициналық қамсызландырыў субъектлери ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, олардың ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери белгиленген.

Нызам жойбарының төртинши бабы оның ең мазмунлы бапларынан бири болып есапланады. Онда қамсызландырылған шахсларға медициналық хызмет көрсетиўшини таңлаў, екилемши пикир ҳәм сырлылықты алыў ҳуқықлары беккемленип қойылған.

Нызам жойбарының жуўмақлаўшы бабы мәжбүрий медициналық қамсызландырыў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў бойынша жуўапкершилик ҳәм мәжбүрий медициналық қамсызландырыў тараўындағы дебатларды шешиў тәртиби, нызамшылықты ислеп шығылған нызамларға муўапықластырыўға бағышланған статьяларды өз ишине алады.

Нызам жойбарын таярлаў процесинде Сингапур, Қубла Корея, Япония, Франция, Германия, Эстония, Норвегия, Латвия, Түркия, Россия, Әзербайжан ҳәм Қазақстан сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилди. Жойбарды таярлаў жумысына жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери, соның ишинде, Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң ўәкиллери тартылды. Нызам жойбары мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери менен додаланды.

Роман БОНДАРЧУК,  ӨзА