Өзбекстан интеллектуаллық мүлктиӊ ҳуқықый  қәўипсизлиги ҳәм қорғалыўы жағдайы бойынша АҚШ саўда ўәкиллигиниӊ 301-арнаўлы есабатындағы бақлаўдағы мәмлекетлер дизиминен (қара дизим) шығарылды.

Өзбекстан 2000-жылы усы дизимге киргизилген болып, 24 жылдан берли «бақлаўдағы мәмлекетлер дизими»нде қалып атырған еди.

Қандайда бир мәмлекеттиӊ «бақлаўдағы мәмлекетлер дизими»не киргизилиўи онда интеллектуаллық мүлкти қорғаў бойынша үлкен машқалалар бар екенин көрсетеди ҳәм тиккелей сырт ел кәрханалары тәрепинен инвестициялық жумысты әмелге асырыўда айрықша итибар қаратылады.

Бүгинги күнге шекем Орайлық Азия регионындағы тек ғана Өзбекстан ҳәм Түркменстан «бақлаўдағы мәмлекетлер дизими»нде қалып киятырған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги