Пайтахтымызда Өзбекстан – Қытай исбилермен топарларының бизнес ушырасыўы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажда еки мәмлекеттиң азық-аўқат, электротехника, тоқымашылық, қурылыс материаллары, машина қурылысы, көшпес мүлк, аўыл хожалығы өнимлери саўдасы, энергетика, медицина, транспорт ҳәм логистика тараўларында жумыс алып барып атырған компания және шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Онда Өзбекстан менен Қытай арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў потенциалы көрсетилди. Қатнасыўшылар Өзбекстандағы инвестициялық орталықты жақсылаў, экономиканы либералластырыў ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары, нызамлы мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар менен таныстырылды.

Презентация шеңберинде Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы баслығының биринши орынбасары И.Жасимов ҳәм Қытай Халық Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Цзян Янь ханым шығып сөйлеп, бүгинги күнде Өзбекстан – Қытай қатнасықлары тек ғана сиясий, саўда-экономикалық емес, ал илимий-техникалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда да раўажланып атырғанын атап өтти.

Өзбекстанның турақлы раўажланып атырған экономикасы, қолайлы географиялық жайласыўы, заманагөй транспорт коммуникациялары, инвестицияны тартыў бойынша пуқта ҳәм исенимли стратегиясы көплеген мәмлекетлер қатары Қытай исбилерменлериниң де бирге ислесиўге қызығыўшылығын арттырмақта.

Елимизде Қытай капиталының қатнасыўындағы 1 мың 16 кәрхана жумыс алып бармақта. Соннан 116 сы толық Қытай инвестициясының қатнасыўында шөлкемлестирилген. Олар нефть-газ, нефть-химия, кән-металлургия, фармацевтика, транспорт, саўда, тоқымашылық, қурылыс, телекоммуникация сыяқлы тараўларда жумыс алып барып атыр. Өткен жылы Қытай инвестицияларының қатнасыўында әмелге асырылған жойбарлардың улыўма баҳасы 2,5 миллиард доллардан артты.

Мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жеделлестириў нәтийжесинде еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми жылдан-жылға артып бармақта. Атап айтқанда, 2018-жылдың жуўмағы бойынша, өз-ара товар алмасыў көлеми 6,4 миллиард АҚШ долларын қурады.

Илажда Өзбекстан менен Қытай арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай раўажландырыў ушын мәмлекетлеримиз үлкен потенциалға ийе екени айрықша атап өтилди. Соның менен бирге Қытайдың қатнасыўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

– Бүгинги илажда Қытайдың 20 ға шамалас ири компаниясының ўәкиллери өзлериниң биргеликте әмелге асырыўға қаратылған қоспа жойбарлары менен қатнасты, – дейди Саўда-санаат палатасының басқарма баслығы Ғафуржон Усмонов. – Соның менен бирге мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалын көрсететуғын презентациялар да болып өтти. Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған үлкен қурылыс жумыслары қытайлы инвесторларда үлкен қызығыўшылық оятпақта. Ушырасыў ўақтында Өзбекстанның миллий өнимлерин Қытай базарларына алып кириў мәселелери де көрип шығылды.

Илаж жуўмағында бирге ислесиўге байланыслы бир қатар келисимлерге қол қойылды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы