Бизге белгили,  ҳәзирги ўақытта көпшиликти жоқары орынларына кириў, имтиханлардың қандай тәртипте өтиўи, тараўдағы жаңалықлар, жеңилликлер ҳәм өзгерислер қызықтырады. Сол себепли де Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги,  Мәмлекетлик тест орайы да ҳәзирги ўақытта усы бағдарда жумыс алып баратуғын шөлкемлер ҳәм уйымлардың қәнигелери менен ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.

 Бундай илажлар жоқары оқыў орнына кириўге байланыслы әмелге асырылып атырған реформалардан халықты хабардар етиўге хызмет етеди.

Усы жылы шет тилине байланыслы сертификатлардан қандай тәртипте пайдаланыў мүмкин?

Қәнигелердиң мәлим етиўинше, В1 сертификаты егер, 2019-жыл 1-январьға шекем алынған болса, мүддети жуўмақланғанға шекем әмел етеди. Сертификатлар үш жыл мүддетке берилиўин есапқа алсақ, 2018-жылдың ақырына шекем алынған В1 сертификатлары 2021-жылға шекем әмел етеди.

Быйыл IELTSтың жуўаплары 6-июльде шығыўы мәлим болды. Бирақ инглис тили талап етилетуғын айырым жоқары билимлендириў мәкемелеринде абитуриентлерден ҳүжжет қабыл етиў 5-июль күни жуўмақланады. Демек, қабыллаў жуўмақланғаннан кейин бул сертификаттың әҳмийети болмайды. Келеси жылы болса ол жеңилликке ийе бола алмайды. Бул процессте абитуриент сертификатсыз, улыўма тәртипте тест шешип шығыўы керек болады. Қәнигелерден усы мәселеге анықлық киргизилиўи соралғанда, олар ҳүжжет тапсырыў мүддетлери ҳүкимет қарары менен әллеқашан белгилеп қойылған, оған өзгерислер киргизип болмайтуғынын атап өтти.

Буннан, елеге шекем бул системада үйренилетуғын, тәртипке салыныўы керек болған мәселелер бир қанша екенлиги көринип тур.

Бул бағдардағы жаңалықларды сайтымызда берип барамыз.

ӨзА