Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен 2022-жылдағы «ашық форматтағы сөйлесиўи»нде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, экспорт жумысын қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. 2022-жыл 1-ноябрьден баслап:

бир экспорт шәртнамасы көлеминде келип түспеген валюта суммасы экспортқа жүкленген жәми өним баҳасының 5 процентинен аспаған жағдайда мүддети өткен дебитор қарыздарлық есапланбайтуғыны ҳәм исбилерменлик субъектине жәрийма қолланылмайтуғыны;

экспорт етиўши шөлкемлерге пайда салығы ҳәм айланысынан алынатуғын салық бойынша салық салынатуғын базаны азайтыў көринисиндеги жеңилилклер товарлар (жумыслар, хызметлер) ды реализациялаўдан түскен улыўма түсимдеги экспорт көлеминиң үлесине қарамастан қолланылатуғыны;

қаўын (СЭЖ ТН коды 1207 70 000 0), гүнжи дәни (СЭЖ ТН коды 1207 30 000 0), горчица (СЭЖ ТН кодлары 1207 50 1000, 120750 900 0) ҳәм мақсар (СЭЖ ТН коды 1207 60 000 0) туқымларының экспортына рухсат берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Инновациялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң экспортшы кәрханалар ашық таңлаў арқалы сайлап алынып, оларды жетекши экспортёрлерге айландырыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша «Жаңа Өзбекстан – бәсекиге шыдамлы өнимлер ели» бағдарламасын (кейинги орынларда – Бағдарлама) әмелге асырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Онда, Бағдарлама шеңберинде экспортшы кәрханаларды таңлап алыў төмендеги нормалар тийкарында әмелге асырылады.

экспортшы кәрханалар юридикалық тәреп сыпатында дизимге алынған және кеминде кейинги еки жыл даўамында жумыс алып барып атырған болыўы;

кейинги 12 ай даўамында экспорт етилген таяр өним суммасы 1 миллион АҚШ долларынан артық болыўы;

улыўма түсим көлеминде экспорттан түсим үлеси 30 проценттен жоқары болыўы;

экспортқа шығарылып атырған таяр өнимлердиң түри 2 ден зыят болыўы;

кейинги 12 ай даўамында экспорт географиясы, қоңсылас мәмлекетлерди есапқа алмаған ҳалда, 2 мәмлекеттен зыят болыўы;

кейинги 12 ай даўамында әмелге асырылған экспорт көлеминде мүддети өткен дебиторлық қарыздарлықтың үлеси 5 проценттен аз болыўы.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги кәрханалардың дизими усы нормаларға муўапық Экспорт етиўшилерди қоллап-қуўатлаўдың бирден-бир порталында (222.3xp945p945al8.7z) онлайн тәртибинде автомат тәризинде рейтинг тийкарында қәлиплестирилиўи ҳәм ҳәр 6 ай даўамында жаңалап барылыўын тәмийинлесин.

3 Төмендегилер:

а) Бағдарламаның басқышпа-басқыш 200 (рейтинг тийкарында биринши басқышта 50, 2023-жыл 1-январьдан баслап 100, 2023-жыл 1-июльден баслап 200) экспортшы кәрханаларды қосымша қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды хошаметлеў арқалы әмелге асырылатуғыны;

б) Бағдарламаға киргизилген экспортшы кәрханалар:

экспорт ҳәм оған теңлестирилген операцияларды әмелге асырғанда нольлик дәрежели қосымша қун салығы ставкасы қолланылыўы нәтийжесинде пайда болған салықтың артып кеткен бөлеги олардың мүрәжатына тийкарланып тезлетилген тәртипте 7 күн ишинде толық қайтарып берилетуғыны;

айланба қаржыларды толықтырыў ушын кредит алыўда коммерциялық банклерге экспорт шәртнамаларын гиреў тәмийинаты сыпатында қабыл етиў усыныс етилетуғыны;

Экспортты қоллап-қуўатлаў қорының есабынан экспорт алды ҳәм экспорт пенен байланыслы саўда операцияларын қаржыландырыў ушын кейинги 12 ай даўамында әмелге асырылған экспорт көлеминен келип шықққан ҳалда:

экспорт көлеми 1 миллион доллардан 5 миллион долларға шекем болғанда – 1 миллион долларға шекем;

экспорт көлеми 5 миллион доллардан 10 миллион долларға шекем болғанда – 2 миллион долларға шекем;

экспорт көлеми 10 миллион доллардан 15 миллион долларға шекем болғанда – 3 миллион долларға шекем;

экспорт көлеми 15 миллион доллардан 20 миллион долларға шекем болғанда – 4 миллион долларға шекем;

экспорт көлеми 20 миллион доллардан артық болғанда – 5 миллион долларға шекем муғдарда қаржылай ресурслар ажыратылатуғыны;

бир халықаралық стандартты енгизиў ҳәм сертификаты алыў ушын оларға 30 миллион АҚШ долларынан көп болмаған муғдарда қаржылай жәрдем берилетуғыны;

бизнес процесслер, экспорт көлемин арттырыў ҳәм маркетинг изертлеўлерин әмелге асырыў ушын сырт ел мәсләҳәтшилери тартылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жыл 1-ноябрьге шекем республиканың ҳәр бир аймағынан потенциалы жоқары 100 жергиликли кәрхананың сыртқы базарларға шығыўына жол ашып бериў мақсетинде «исбилерменнен – экспортёрге шекем» принципи тийкарында илажлар бағдарламасын ислеп шығып тастыйықлансын және оның орынланыўын қадағалап барсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасының «Валютаны тәртипке салыў ҳаққында»ғы нызамына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныслар ислеп шықсын;

нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Ходжаевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 30-сентябрь