Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде кейинги жылларда халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты социаллық қорғаўға байланыслы әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша ўәкилликлери кеңейтилип, халық ҳәкимиятшылығын толық түрде әмелге асырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылды.

Жергиликли Кеңеслердиң қадағалаў жумысын күшейтиўге қаратылған ҳуқықый тийкарлар жаратылды. Жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы үстинен халық депутатлары Кеңеслериниң қадағалаў функцияларын кеңейтиў мақсетинде оларға оннан аслам қосымша ўәкилликлер берилди. Атап айтқанда, прокуратура, әдиллик, ишки ислер, қаржы, салық, экология ҳәм денсаўлықты сақлаў уйымлары басшыларының есап беретуғыны белгилеп қойылды.

Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапық жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының ўәкилликлери, жергиликли Кеңес баслығы ҳәм ҳәким лаўазымлары бир-биринен ажыратылғаны ҳәкимиятлардың бөлиниўине байланыслы конституциялық принциптиң жергиликли дәрежеде орынланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болды.

Соның менен бирге, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында көрсетип өтилген мақсетлер жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларын халықтың ҳақыйқый «даўысына» айландырыў, жергиликли атқарыў уйымларының жумысын трансформациялап, аймақлық басқарыўды «халық мәплерине хызмет етиў» принципи тийкарында жолға қойыўды талап етпекте.

Жаңа редакциядағы Конституцияда белгиленген ҳәкимлер ҳәм халық депутатлары Кеңеслери ўәкилликлериниң бөлистирилиўине тийкарланған мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлкемлестириўдиң жаңа моделин толық әмелге асырыў, жергиликли Кеңеслердиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы ролин күшейтиў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимиятты жаңаша конституциялық-ҳуқықый шараятларда жолға қойыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Әдиллик министрлиги ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери (кейинги орынларда – жергиликли Кеңеслер) тәрепинен ислеп шығылған:

Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың әҳмийетли мәселелерин шешиўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының ролин арттырыў мақсетинде халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине өткерилетуғыны усыныс етилип атырған ўәкилликлер дизими 1-қосымшаға муўапық;

Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң системаластырыў усыныс етилип атырған ўәкиллиги менен функциялары 2-қосымшаға муўапық;

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын «Күшли Кеңес, есап бериў ҳәм интакер ҳәким» принципи тийкарында шөлкемлестириў бойынша нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша «жол картасы» 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.

  1. жергиликли Кеңеслерге ўазыйпа ҳәм функциялар тек ғана нызам ҳүжжетлери менен жүкленетуғыны;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен жергиликли Кеңеслердиң жумысына араласыўға жол қойылмайтуғыны;

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыўда ўазыйпаларды жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымлары арасында анық белгилеў әмелияты енгизилетуғыны;

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына берилген, жергиликли Кеңеслердиң нызамшылықта белгиленген ўәкилликлерине тән болмаған ўазыйпалардың орынланыўы бойынша жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары жуўапкер есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына Министрлер Кабинети менен биргеликте 2024-жылдың 1-октябрине шекем Өзбекстанда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў ҳәм онда төмендеги тийкарғы бағдарларды нәзерде тутыў усыныс етилсин:

жергиликли Кеңеслер, олардың уйымлары ҳәм депутатлардың қадағалаў жумысын жетилистириў, нәтийжели қадағалаў системасын қәлиплестириў;

жергиликли Кеңеслер тәрепинен аймақтың мәплерине байланыслы әҳмийетли ҳәм актуал мәселелер бойынша Олий Мажлис Сенатына усыныслар киргизиў механизмин белгилеў;

жергиликли Кеңеслердиң норма дөретиўшилиги тараўындағы жумысын жетилистириў;

жергиликли Кеңеслердиң қарарларын ислеп шығыўда жәмийетшиликтиң кеңнен қатнасыўын тәмийинлеў;

жергиликли Кеңеслер депутатларының статусы ҳәм жумысының тийкарғы кепилликлерин және де күшейтиў;

жергиликли Кеңеслердиң жумысында өз-ара ҳәм халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў;

жергиликли Кеңеслердиң жумысын толық санластырыў, бюрократияға қарсы илажларды белгилеў.

Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстанда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын ислеп шығыўға сырт мәмлекетлердиң жетекши экспертлерин тартсын ҳәм алдынғы халықаралық тәжирийбени үйрениў ушын хызмет ҳәм оқыў сапарларын шөлкемлестирсин.

  1. Министрликлер ҳәм уйымлар бир ай мүддетте усы Пәрманға 3-қосымшаға муўапық нызамшылық ҳүжжетлери менен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымлары арасында қәнигелестириў бойынша усынысларды Әдиллик министрлигине киргизсин.

Әдиллик министрлиги министрликлер ҳәм уйымлардың усыныслары тийкарында үш ай мүддетте тийисли нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.

Онда, усы жойбардың физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын артықша ҳәкимшилик ҳәм басқа да шеклеўлерди енгизиўши қағыйдалар менен нормалардың бар екени сын көзқарастан көрип шығылыўына айрықша итибар қаратылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына еки ай мүддетте жергиликли Кеңеслердиң жумысына байланыслы өз қарарларын толық хатлаўдан өткерген ҳалда системаластырыў усыныс етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына:

2024-жыл 1-июльға шекем жергиликли Кеңеслердиң ўәкилликлери, ўазыйпалары ҳәм функцияларының реестрин ислеп шығыў ҳәм жүргизиў;

жергиликли Кеңеслердиң қарар жойбарларын ислеп шығыў ҳәм қабыллаўда бирден-бир әмелиятты енгизиў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

Әдиллик министрлиги менен биргеликте жергиликли Кеңеслердиң депутатлары ҳәм секретариатлары хызметкерлериниң билим және маманлығын арттырыўға қаратылған оқыў курсларын системалы шөлкемлестириў усыныс етилсин.

  1. Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери менен биргеликте 2024-жыл 1-апрельге шекем:

Жергиликли Кеңеслер имаратларының ҳәзирги жағдайын хатлаўдан өткерсин;

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты менен биргеликте жергиликли Кеңеслердиң имаратларына ҳәм оларды материаллық-техникалық жақтан үскенелеўге байланыслы минимал талапларды ислеп шықсын;

2024-жыл 1-октябрьге шекем халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери, 2025-жыл 1-декабрьге шекем халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери ушын белгиленген минимал талапларды есапқа алған ҳалда имарат (жумысшы ханалар) пенен тәмийинлеў ҳәм үскенелеў бойынша «жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

Усы Пәрманның 1-2-қосымшаларында нәзерде тутылған усынысларды әмелге асырыў мақсетинде тийисли нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў ҳаққында;

усы Пәрманнан келип шығатуғын басқа да өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усынысларды киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 2-февраль