Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

«Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген кең көлемли реформаларды 2024-жылы нәтийжели әмелге асырыў, халқымыздың күнделикли турмысында унамлы өзгерислерге ерисиў бойынша системалы ҳәрекетлерди избе-из даўам еттириў, «жасыл экономика» принциплерине тийкарланған жоқары экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў, экологиялық жағдайды жақсылаў, суў ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан үнемли пайдаланыў стандартларын кеңнен енгизиў ҳәм халық мәплерине қаратылған басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. 2024-жыл 1-марттан баслап өз алдына ислесиў талап етилетуғын, сондай-ақ, қәбилетли ҳәм талантлы жаслар Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша республикалық комиссияның қарары менен «Жаслар балансы» тийкарында министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, мәмлекет қатнасыўындағы кәрхана ҳәм шөлкемлер менен жоқары билимлендириў шөлкемлериниң басшыларына бириктирилсин. Онда бул басшылар:

ҳәр айда кеминде бир рет өзлерине бириктирилген жаслар менен ушырасып, олардың машқалаларын шешиў ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў, оларды талап жоқары болған кәсип-өнерге оқытыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў, турмыста өз орнын табыўы, сондай-ақ, ҳуқықый сана-сезими ҳәм мәдениятын арттырыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесип барсын;

өзлерине бириктирилген жаслар машқалаларын шешиў ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў ушын тийисли шөлкемниң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан зәрүр қаржыларды Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын тәртип тийкарында қаратыўға рухсат етилсин.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша республикалық комиссия, Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) ҳәм жаслар бириктирилген министрликлер ҳәм уйымлар белгиленсин.

  1. Жаслардың потенциалы, қәбилети ҳәм басламаларын толық түрде жүзеге шығарыў мақсетинде «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде:

2024-жыл 1-марттан баслап мәҳәлле, билимлендириў мәкемелери, кәрхана ҳәм шөлкемлер системасында сыйлық қоры 600 миллион сум муғдарында шет тиллери («Ибрат перзентлери») бойынша таңлаўлар, киберспорт жарыслары ҳәм «Заковат» интеллектуаллық ойынлары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилсин;

Жаслар ислери агентлиги ҳәм жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен кәсиплер таңлаўында жеңимпаз болған жасларды өз аймақларында үскенеленген устаханалар менен «Жаслар дәптери» қорының қаржылары есабынан тәмийинлеў әмелияты жолға қойылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкер етип Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) белгиленсин.

  1. Жаслар ислери агентлиги, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң экология, саламат турмысты үгит-нәсиятлаў сыяқлы социаллық әҳмийетке ийе 100 волонтёрлық жойбарлар бойынша биринши басқышта базалық есаплаў муғдарының 200 есесине шекем қаржыны таңлаў тийкарында ажыратыў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Жаслар арасында исбилерменликти кеңнен ғалаба ен жайдырыў ҳәм бизнес менен шуғылланыўға қосымша имканиятларды жаратыў мақсетинде:

а) шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде ажыратылып атырған кредитлердиң кеминде 40 проценти жаслар исбилерменлигин раўажландырыўға қаратылсын;

б) 2024-жыл 1-июньнан баслап төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Жас исбилермен» таңлаўларын өткериў әмелияты жолға қойылсын:

Жаслар ислери агентлиги тәрепинен таңлаў тийкарында «мәҳәлле – район – ўәлаят – республика»лық басқышларында жаслардың перспективалы бизнес жойбары ҳәм идеялары таңлап алынады. Онда, майыплығы болған жас исбилерменлердиң жойбар ҳәм идеяларына айрықша итибар қаратылады;

республикалық басқышта таңлаўдан өткен ҳәр бир жойбарға базалық есаплаў муғдарының 1 000 есесине шекемги муғдардағы жеңиллетилген кредитлер ажыратылады;

жеңимпаз болған бизнес жойбар ҳәм идеялардың ийелери Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры есабынан сырт мәмлекетлерге маманлығын арттырыўға жибериледи.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев), Саўда-санаат палатасы (Д.Вахабов) ҳәм Өзбекстан майыплар ассоциациясы белгиленсин.

  1. 2024-жыл 1-марттан баслап «Ҳәр бир мәҳәлледен еки программист» бағдарламасы енгизилсин.

Онда, усы бағдарлама шеңберинде:

мәҳәллелерде жаслар жетекшилери тәрепинен мәҳәлле белсендилериниң қатнасыўында мәлимлеме технологиялары ҳәм компьютер программаластырыў тараўына кызығатуғын жаслар анықланып, оларды инглис ҳәм басқа да шет тиллерге оқытыў ҳәм сертификатлар алыўын шөлкемлестиретуғыны, сертификат алған жаслар ҳаққында мағлыўматларды Санлы технологиялар министрлигиниң арнаўлы мәлимлеме системасына киргизип барыў әмелиятының енгизилетуғыны;

Санлы технологиялар министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен арнаўлы мәлимлеме системасына киргизилген жасларды IT тараўында жумыс алып барып атырған шөлкемлерге бағдарлаў ҳәм жумысқа жайластырыўға жәрдемлесиў илажлары көрилетуғыны белгиленсин.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Өзбекстан мәҳәллелер ассоциациясы (К.Куранбаев), Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев), Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери белгиленсин.

  1. 2024-жыл 1-марттан баслап:

«Жаслар дәптери» қорының қаржыларын жасларды шет тиллери ҳәм кәсип-өнерге оқытыў мақсетлерине бағдарлаў әмелияты жолға қойылсын;

жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў бойынша «Устаз» арнаўлы платформасы иске қосылсын ҳәм дәслепки басқышта усы платформа арқалы 250 мың жас қамтып алыныўы тәмийинленсин;

жас ҳаял-қызларды исбилерменлик, маркетинг, график-дизайн сыяқлы заманагөй кәсиплерге үйретиў ушын «Қызлар академиясы» платформасы иске қосылсын ҳәм бул арқалы жас ҳаял-қызлар ушын түрли таңлаў, жойбарлар, оқыў орынлары, стажировкалар шөлкемлестирилсин.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги (Б.Мусаев), Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети (О.Парпибоева) ҳәм Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) белгиленсин.

  1. Миллий экономиканы раўажландырыўдың тийкарғы факторы сыпатында бизнес ушын және де қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде «Бизнести қоллап-қуўатлаў бағдарламасы» шеңберинде 2024-жылдың ақырына шекем:

комплексли қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў арқалы 2 миллион халықты бизнеске тартыў;

жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы 5 миллион халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ушын зәрүр шараятлар жаратылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары – Ж.Қўчқоров белгиленсин.

  1. 2024-жыл 1-июльден баслап абырайлы халықаралық брендлер менен өндиристи баслап атырған кәрханаларға:

халықаралық стандартларды енгизиў ҳәм экологиялық сертификатлаў қәрежетлерин қаплап бериў тәртиби енгизилсин;

үш жыл даўамында абырайлы халықаралық брендлер астында ислеп шығарылатуғын өнимлер ушын зәрүр болған барлық шийки затлардың локализациялаў дәрежесин кеминде 60 процентке жеткериў шәрти менен бажыхана бажысынан азат етилсин;

абырайлы халықаралық брендлерден тартылған технолог, дизайнер, маркетолог сыяқлы қәнигелерден Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиўди әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын тастыйықлаў хаты берилгени ушын төлемлер өндирилетуғыны бийкар етилсин.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкер етип Саўда-санаат палатасы (Д.Вахобов) ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги (Л.Қудратов) белгиленсин.

  1. 2024-жыл 1-майдан баслап пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын жаңа мәжбүрий төлемлер ҳәм жыйымларды тек ғана нызамда белгилеў әмелияты киргизилсин.
  2. Кең жәмийетшилик пенен додалаўларда билдирилген усыныслар тийкарында ислеп шығылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарлама) шеңберинде төмендегилер:

2024-жылға мөлшерленген бағдарлар кесиминдеги әмелий илажлардың режелери 1-5-қосымшаларға муўапық;

2024-жылы бағдарлар кесиминде ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының дизимлери 6-10-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

Онда, бағдарлар кесиминде 2024-жылға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрьдеги «Өзбекстан – 2030» стратегиясын 2023-жылы сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-300-санлы қарары менен тастыйықланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин

  1. Ҳәр бир инсанға өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдары шеңберинде 2024-жылы:

Президент ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң билимлерди баҳалаў системасы қосымша 1 000 улыўма орта билим бериў мәкемелеринде енгизилип, пәнлердеги әмелий сабақлардың үлеси 60 процентке шекем арттырылсын;

6,7 миллион 40 ҳәм оннан үлкен жастағы халық арасында жүрек-қан тамыр, қантлы диабет, өкпениң жуқпалы обструктив кеселликлериниң қәўпин анықлаў бойынша профилактикалық тексериўлер шөлкемлестирилсин;

7,5 мың жас заманагөй кәсиплерге оқытылыўы, халықаралық имтихан системаларында шет тиллери бойынша жоқары балл алған 6 мың жастың имтихан қәрежетлери қаплап берилиўи тәмийинленсин;

10 миллион халықты жуўырыў, футбол, волейбол, стол тенниси, шахмат, миллий ҳәм белбеўли гүрес сыяқлы спорт түрлери бойынша марафон ҳәм жарысларды шөлкемлестириў арқалы ғалабалық спортқа тартыў илажлары көрилсин;

2024-жылы Париж қаласында өткерилетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында табыслы қатнасыў ушын кеминде 140 лицензияны қолға киргизиў мақсетинде 15 олимпиада ҳәм паралимпия орайында ҳәм Ташкент қаласы, Әндижан ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы 14 спорт базасында барлық зәрүр шараятлар жаратылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип тийислисинше Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги (Х.Умарова), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев), Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев), Спорт министрлиги (А.Икрамов), Өзбекстан Миллий олимпия комитети (О.Касимов), Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев) белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

а) 2024-2025-оқыў жылынан баслап:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының бир районында (қаласында) сынақ тәризинде «Мениң мектебим» жойбары әмелге асырылсын және оның шеңберинде Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан мектеплерге базалық есаплаў муғдарының 150 есесинде қаржы ажыратылып, бул қаржы 5-11-класс оқыўшыларының таңлаўына бола, электрон доска, компьютер, спорт үскенелери, китаплар сыяқлы мектеплер ушын зәрүр товарларға жумсалыўы белгиленсин;

улыўма орта билимлендириў мәкемелери директорларын менеджерлик бойынша сертификациялаў системасы енгизилсин. Онда, директорларға маманлық талаплар анық белгиленип, олар ҳәр бес жылда бир рет аттестациядан өткерилсин.

б) 2025-жыл 1-январьдан баслап Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы улыўма орта билим бериў мәкемелеринде ана тили ҳәм әдебият және тарийх пәнлери бойынша Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги сертификатқа ийе болған ҳәм усы пәнлерден сабақ бериўши педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленетуғыны белгиленсин;

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкер етип Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги (Х.Умарова) белгиленсин.

  1. 2024-жыл 1-сентябрьден баслап Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында тәжирийбе-сынақ тәризинде улыўма орта билим бериў мектеплерине алыс аймақлардан қатнайтуғын оқыўшылар ушын аутсорсинг тийкарында бийпул автобуслар қатнаўы жолға қойылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги (М.Азимов) ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги (У.Қосимов) белгиленсин.

  1. 2024-жылдың ақырына шекем зәрүрликтен келип шығып, ўәлаятлардың орайлары, сондай-ақ, Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында кеминде биреўден аўыр гематологиялық, онкологиялық ҳәм клиникалық иммунологиялық кеселликлери бар наўқасларға паллиатив жәрдем көрсетиўши хоспислер шөлкемлестирилсин.

Онда, хоспислерди шөлкемлестириў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм жумысына турақлы жәрдемлесиў жойбарлары ушын Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен грантлар жәриялап барыў әмелияты жолға қойылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери белгиленсин.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров):

а) 2024-жыл 1-майға шекем:

2025-жылдан баслап үлкен жастағы халық арасында жуқпалы болмаған кеселликлер қәўипли факторларының тарқалғанын үйрениў;

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги (Х.Умарова) менен биргеликте 2026-жылдан баслап өткерилетуғын мектеп оқыўшылары арасында темеки өнимлерин тутыныўдың тарқалғаны және олардың психологиялық жағдайын үйрениў бойынша режени белгилесин;

б) 2024-жыл 1-декабрьге шекем Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы денсаўлықты сақлаў тараўында көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер санын 17 ден 24 ке жеткерсин ҳәм оның шеңберинде пуқаралардың онкологиялық, кардиологиялық ҳәм эндокринологиялық скринингтен өтиўи нәтийжеси, оларды емлеў ушын ажыратылатуғын пуллар ҳаққында мағлыўмат алыў имканиятын жаратсын.

  1. Социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай жетилистириў мақсетинде:

2024-жылы майыплығы болған шахсларды заманагөй протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаў техникалық қураллары менен тәмийинлеўдиң жаңа системасы басқышпа-басқыш енгизилсин;

2024-жыл 1-сентябрьден баслап пенсия тайынлаўда бир ўақыттың өзинде жеке топланып барылатуғын пенсия есап бетиндеги пулды алыўға байланыслы ҳәрекетлерди проактив тәризинде әмелге асырыў, майыплықты белгилеўде болса, майыплығы болған шахсларға берилетуғын жеңилликлер ҳаққында хабар етиў тәртиби енгизилсин;

2024-жыл 1-декабрьден баслап жалғыз жасап атырған ҳәм жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға Ташкент қаласында эксперимент тәризинде тийисли бағдардағы мәмлекетлик емес шөлкемлер арқалы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң қаржылары есабынан социаллық хызметлер көрсетиў әмелияты жолға қойылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Социаллық қорғаў миллий агентлиги (Оллоёров) ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги (О.Фозилкаримов) белгиленсин.

  1. Аўыр атлетика бойынша миллий спорт мектебиниң халықаралық абырайын арттырыў мақсетинде 2024-жылы аўыр атлетика бойынша барлық жас категориясындағы спортшылар менен индивидуал жумыс ислеў системасын жаратыў ҳәм олардың профессионаллық таярлығын шөлкемлестириў ушын Шыршық қаласында Аўыр атлетика орайы шөлкемлестирилсин.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Спорт министрлиги (А.Икрамов), Өзбекстан Миллий олимпия комитети (О.Касимов) белгиленсин.

  1. Турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў бағдары шеңберинде:

жалпы ишки өнимниң өсиў пәти 6 проценттен аз болмаған дәрежеде болыўын, инвестициялар болса жалпы ишки өним көлемине салыстырғанда кеминде 30 процент болыўын тәмийинлеў илажлары көрилсин;

экономика тармақларында баҳасы 18 миллиард доллар болған 309 ири жойбарлар иске қосылсын;

жыллық инфляция дәрежеси 9 процентке шекем ҳәм фискаль жетиспеўшилик 4 процентке шекем болыўы тәмийинленсин, кейин ала инфляция ҳәм Мәмлекетлик бюджет жетиспеўшилиги көрсеткишлерин төменлетиў илажлары көрилсин;

экономика тармақларына 275 триллион сум кредит ресурсларын қаратыў, соның ишинде, 41 триллион сум муғдарында микроқаржы хызметлериниң көрсетилиўи тәмийинленсин;

банклер тәрепинен усынылатуғын кредит ставкаларын базар механизмлери тийкарында 2-3 процент бәнтке төменлетиў ушын зәрүр шараятлар жаратылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Бас министрдиң орынбасары – Ж.Қўчқоров ҳәм Орайлық банк (М.Нурмуратов) белгиленсин.

  1. 2024-жыл 1-апрельден баслап мәмлекетлик инвестициялық бағдарламалар шеңберинде орайласқан дәреклер есабынан әмелге асырылатуғын ири жойбарларға санаат кооперациясының талаплары енгизилсин.

Онда, жойбарлар шеңберинде жергиликли кәрханаларда зәрүр өнимлерди өзлестириў ҳәм сатып алыў усыныс етилетуғын өнимлер дизими, жергиликли қәнигилерди тартыў режеси ҳәм оларға қойылатуғын талаплар нәзерде тутылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги (Л.Қудратов) ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Б.Ходжаев) белгиленсин.

  1. Республикада «жасыл экономика»ға өтиў ушын қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм «жасыл энергия» дәреклериниң салмағын арттырыў мақсетинде:

а) 2024-жыл 1-апрельге шекем:

«жасыл энергия» сертификатлары айланысы базар принциплери тийкарында жолға қойылыўы тәмийинленсин;

халықаралық ыссыхана газиниң саўдасы бойынша жойбарларды әмелге асырыў тәртиби тастыйықлансын;

б) 2024-жыл 1-апрельден баслап климаттың өзгериўи тараўында мониторинг, есабат бериў ҳәм тексериўдиң заманагөй системасы (MRV) ҳәм мағлыўматлар базасы басқышпа-басқыш жолға қойылсын;

в) 2024-жылдың ақырына шекем сырт ел инвесторларының қатнасыўында Ташкент, Қашқадәрья, Бухара, Наманган ҳәм Наўайы ўәлаятларында улыўма қуўатлылығы 2 700 МВт болған 6 ири қуяш электр станцияларын иске қосыў тәмийинленсин.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Экономика ҳәм қаржы министрлиги (И.Норқулов) ҳәм Энергетика министрлиги (Ж.Мирзамахмудов) белгиленсин.

  1. Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ортиков) бир ай мүддетте:

үш айдан аслам мүддет даўамында ашық саўдаларда сатылмаған мәмлекетлик активлердиң басланғыш баҳасын 50 процентке шекем басқышпа-басқыш  төменлетиў;

Жер участкалары алты ай даўамында сатылмағанда төлемниң 15 процентин үш ай мүддетте, қалған бөлегин 10 жыл мүддетте бөлип төлеў имканиятын жаратыў бойынша әмелий илажларды көрсин.

  1. 2024-жыл 1-апрельден баслап шегара бажыхана постларында мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлерин рәсмийлестириў бойынша карантин, санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм ветеринария тараўларындағы қадағалаў функциялары бажыхана хызмети уйымларына өткерилсин.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкер етип Бажыхана комитети (А.Мавлонов) белгиленсин.

  1. Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың жумысында ашық-айдынлық дәрежесин кескин арттырыў ҳәм корпоратив басқарыўды буннан былай да жетилистириў мақсетинде 2024-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған ири салық төлеўшилер корпоратив социаллық жуўапкершилик (CSR) ҳәм экологиялық, социаллық ҳәм корпоратив басқарыў (ESG) жағдайы ҳаққында ҳәр жылы 1-июльға шекем есабатты жәмийетшиликке жәриялаў әмелияты жолға қойылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Б.Ходжаев) ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ортиқов) белгиленсин.

  1. Жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў, экспорт көлемин көбейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 20-октябрьдеги «Бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды және де кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-562-санлы қарарында нәзерде тутылған өнимлерге импорт бажыхана бажысының нольлик ставкасын қолланыў мүддети 2027-жыл 1-январьға шекем созылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Экономика ҳәм қаржы министрлиги (А.Я.Хайдаров) ҳәм Бажыхана комитети (А.Мавлонов) белгиленсин.

  1. Суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдары шеңберинде:

2024-жылы «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде кеминде 200 миллион түп саяманлы ҳәм мийўели терек ҳәм путалардың нәллерин, қәлемшелерин егиў, республикада 444 жасыл бағлар жаратыў;

2024-жыл 1-мартқа шекем суў каналларын реконструкциялаў жумысларына Мәмлекетлик бюджеттен қосымша ажыратылған 500 миллиард сум қаржылар шеңберинде кеминде 1,5 мың километр ири каналларды бетонлаў жумысларын жуўмақлаў илажлары көрилсин.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип тийислисинше Бас министрдиң орынбасары – А.Раматов, Суў хожалығы министрлиги (Ш.Хамраев), Есап палатасы (А.Бобоев) ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги (И.Норқулов) белгиленсин.

  1. Мәмлекетимизде шаң боранларға қарсы гүресиў ҳәм олардың унамсыз ақыбетлерин жумсартыў шеңберинде:

а) 2024-жыл 1-марттан баслап:

аймақларда шаң бораны жүз берип атырғанда ҳәм атмосфера ҳаўасында майда дисперс бөлеклери белгиленген нормадан жоқары болғаны анықланғанда халықты ескертиў, жүрек-қан тамыр ҳәм өкпе жоллары кеселликлерине шатылған ҳәм денсаўлығы ҳаўаның патасланыўына тәсиршеңлиги жоқары болған басқа да пуқараларды зәрүр профилактикалық илажлар ҳаққында турақлы хабардар етиў әмелияты жолға қойылсын;

өлшеми 500 метр квадрат ҳәм оннан аслам болған қурылыс майданларында, оған кирип-шығыў жолларында шаң ҳәм қум бөлеклериниң ҳаўаға көтерилиўин сапластырыў бойынша мәжбүрий талаплар енгизилсин;

Ташкент қаласында жүк тасыў ушын мөлшерленген, рухсат етилген толық салмағы 10 тоннадан жоқары болған N2, N3, О4 категорияға киретуғын автотранспорт қуралларының ҳәрекети тығыз ўақыт аралықларында қадаған етилсин. Онда, усы шеклеўлер арнаўлы хызмет, соның ишинде, коммуналлық хожалық, абаданластырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң жүк транспорты қуралларына енгизилмейтуғыны белгиленсин;

б) 2030-жылға шекем Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, ўәлаятлардың орайларында «ЕВРО – 5» ҳәм оннан жоқары стандартларына муўапық болмаған автомашиналар эксплуатациясы басқышпа-басқыш шекленсин.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип тийислисинше Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги (А.Абдухакимов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров), Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги (Б.Закиров), Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) ҳәм Транспорт министрлиги (И.Махкамов) белгиленсин.

  1. Кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм экобелсендилердиң экологияға автомобильлердиң шығынды газлериниң зыянлы тәсирин азайтыў ушын Ташкент қаласында ҳәр айдың бир жумыс күни даўамында автомобильлер ҳәрекетлениўин (жәмийетлик транспортлар, арнаўлы ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлеринен тысқары) қысқартыўға қаратылған «Автомобильсиз күн» жәмийетлик жойбарын әмелге асырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Онда, имараты Ташкент қаласында жайласқан барлық республикалық ҳәм аймақлық атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшы ҳәм басқа да хызметкерлери жәмийетлик транспортта жумыс орнына келиўи арқалы үлги көрсетип барсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги (А.Абдухакимов), Транспорт министрлиги (И.Махкамов) ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимлиги (Ш.Умурзаков) белгиленсин.

  1. Нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў бағдары шеңберинде 2024-жыл 1-майға шекем:

адасқан жасларды жәмийетке интеграциялаў, олардың турмыста өз орнын табыўына жәрдемлесиў мақсетинде Жаслар аўқамы кепиллиги тийкарында жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етилген жасларды пробация есабынан шығарыў әмелияты енгизилсин ҳәм оларды профилактикалық есапқа алыў тийкарлары кескин қысқартылсын;

жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы жағдайы бойынша жиберилетуғын қарар ҳәм хабарлар бойынша Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметине Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы электрон  мүрәжат етиў имканияты жаратылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев) ҳәм Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) белгиленсин.

  1. Мәҳәллени жәмийетшилик ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы таяныш буўынға айландырыў мақсетинде:

2024-жыл 1-апрельден баслап «Басламалы бюджет» шеңбериндеги жойбарларды интакерлер, мәҳәлле баслығы ҳәм белсендилериниң жумыс сапасы бойынша келисими алынғаннан кейин ғана пайдаланыўға қабыл етиў тәртиби енгизилсин;

2024-жыл 1-августқа шекем пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына «Басламалы бюджет» шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлар бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден мағлыўматлар алыў, қаржылардың өз ўақтында ҳәм толық ажыратылыўын талап етиў ҳәм жойбарлардың әмелге асырылыўын жәмийетшилик тәрепинен мониторинг етиў имканияты жаратылсын.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Экономика ҳәм қаржы министрлиги (А.Я.Хайдаров) ҳәм Өзбекстан мәҳәллелер ассоциациясы (К.Куранбаев) белгиленсин.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги Мәмлекетлик бюджет және жергиликли бюджетлердиң дәраматлары әмелге асырылған ҳәм режелестирилип атырған қәрежетлер бойынша финанслық ҳүжжетлерге тийкарланған жыллық ҳәм ярым жыллық есабатларды халықтың итибарына түсиниў ушын аңсат усылда өз рәсмий веб-сайтында жәриялап барыў әмелиятын жолға қойсын.
  2. «Қәўипсиз ҳәм тынышлықты сүйетуғын мәмлекет» принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў бағдары бойынша Қураллы Күшлер, тараўға жуўапкер басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың киберқәўипсизлик ҳәм эпидемиологиялық турақлылықты тәмийинлеў бойынша потенциалын кескин арттырыў мақсетинде:

киберқәўипсизлик инфраструктурасының әҳмийетли элементлери есапланатуғын мәлимлеме системалары аттестациясы ҳәм экспертизасы ушын ҳәр бир министрлик ҳәм уйымда жуўапкер шахслардың жуўапкершилиги белгиленсин;

усы бағдарларда кадрлар таярлаў бойынша оқыў бағдарламалары ҳәм оқытыў методикаларын заманагөй қәўип-қәтер ҳәм тәжирийбеден келип шыққан ҳалда жетилистириў илажлары көрип барылсын;

мәмлекетимиздиң санлы ҳәм әскерий-медициналық инфраструктурасын жетилистириў, жуўапкер уйымларды заманагөй техника ҳәм медицина аппаратуралары менен басқышпа-басқыш тәмийинлеў бағдарламасы әмелге асырылсын;

пуқаралардың жеке мағлыўматларын қорғаўды кепилликли тәмийинлеў бойынша, сондай-ақ, банк ҳәм төлем системалары ушын алдаўшылыққа қарсы ҳәм заманагөй биометриялық системалар енгизилсин.

Усы бәнттиң толық, сапалы ҳәм сөзсиз орынланыўы ушын жуўапкерлер етип Қорғаныў министрлиги (Б.Курбанов), Ишки ишлер министрлиги (П.Бобожонов), Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) ҳәм Орайлық банк (Н.Саъдуллаев)  белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Стратегиялық  реформалар агентлиги Әдиллик министрлиги, Есап палатасы менен биргеликте «Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде бағдарлар бойынша әмелий илажлар режелериниң басланыўын, мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўин ҳәм тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының ислеп шығылыўын системалы мониторинг етип барсын;

«Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» ҳәрекети Мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыўын, соның ишинде, орынларға шығып, жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алған ҳалда сын көзқарастан үйренип барсын ҳәм нәтийжелери бойынша ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизсин.

Мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» ҳәрекетиниң усы бәнттиң орынланыўы бойынша жумысына ҳәр тәреплеме жәрдемлесип барсын.

  1. Министрлер Кабинети:

ҳәр айдың жуўмағы бойынша Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша мағлыўматларды улыўмаластырып, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизип барсын;

ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Мәмлекетлик бағдарламада жүкленген ўазыйпалардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўын Министрлер Кабинети Президиумының мәжилисинде додалап барсын;

ҳәр ярым жылда Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша есабатларды Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизип барсын.

  1. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Джурабаев) ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) ғалаба хабар қураллары менен биргеликте турақлы түрде:

«Өзбекстан – 2030» стратегиясын 2024-жылы әмелге асырыў нәтийжелери ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет тармағында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен шолып барылыўын және оның мазмун-мәниси жәмийетшиликке түсиндирилиўин;

«Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған барлық илажлардың барысы ҳәм нәтийжелери ҳаққындағы қалыс ҳәм толық мағлыўматлар халыққа жеделлик пенен жеткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Усы Пәрманның орынланыўын турақлы түрде додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў «Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияға жүкленсин.

Әмелге асырылған илажлар ҳаққында ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 21-февраль