Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын жаңа басқышқа көтериў, жәмийетимизде мәҳәллениң орны ҳәм абырайын буннан былай да арттырыў, инсан қәдирин улығлаўға қаратылған кең көлемли реформаларды әмелге асырыў, мәҳәлле кесиминде ислесиў системасын нәтийжели жолға қойыў бағдарындағы үлкен хызметлери, көп әсирлик дәстүрлеримизди қәстерлеп-сақлаў, халқымыз арасында дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, шаңарақ институтын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Дўстлик» ордени менен

Жакетов Амангелди – Мойнақ районындағы «Үшсай» аўыл пуқаралар жыйынының баслығы

«Соғлом турмуш» медалы менен

Сейтжанова Бәхәргүл Абатбаевна – Тахтакөпир районындағы «Мақпалкөл» шаңарақлық шыпакерлик пунктиниң патронаж мийирбийкеси

«Шуҳрат» медалы менен

Жуманиязов Нурбек Худаярович – Әмиўдәрья районындағы «Brighton School» оқыў орайының директоры

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 20-март