Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы жылларда мәмлекетимизде миллий өзлигимизди тиклеў, инсан қәдирин улығлаў, пуқараларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бағдарында оғада әҳмийетли реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, муқаддес динимиздиң инсаныйлық руўхы менен дөрелген ийгиликли дәстүрлерди мүнәсип даўам еттириўге үлкен итибар қаратылмақта. Ўатанымыздың ески тарийхын терең үйрениў, уллы улама ҳәм әзиз әўлийелеримиздиң ибратлы турмыс жолы, сийрек ушырасатуғын илимий мийрасын изертлеў жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жумыслары менен үнлес ҳалда алып барылмақта.

Бул процессте, әсиресе, билим ҳәм мәрипат, руўхый пәклик, мийрим-шәпәәт, қайырқомлық-сақаўат пазыйлетлери улығланатуғын мүбәрек Рамазан айының әҳмийети үлкен болып атырғанын атап өтиў керек. Мәмлекетимиздиң мөмин-мусылманлары усы муқаддес айды бәрқулла асығыслық, үлкен қуўаныш пенен күтип алады. Шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде өз-ара мийрим-шәпәәтти беккемлеў, жас әўладымызды билим-ағартыўшылық ҳәм гөззал минез-қулқ ийелери етип камалға келтириў, мүтәж инсанларға жәрдем көрсетиў сыяқлы ийгиликли әмеллерди шын кеўилден, ықлас пенен орынлаўға умтылады.

Халқымыз ушын жақсылық, аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм шүкиршилик тымсалы болған қутлы Рамазан айын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў, диний-ағартыўшылық, мәдений қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:

  1. 2024-жылы мүбәрек Рамазан айының басланыўы 11-март күнине туўра келетуғыны ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Өзбекстан мәҳәллелер ассоциациясы ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте аймақларда Рамазан айын миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға сәйкес тәризде өткериўге байланыслы илажларды әмелге асырсын.

Мүриўбет, татыўлық ҳәм аўызбиршиликти улығлаўшы бул пазыйлетли айда кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеў, муқаддес зыярат етиў орынлары, қойымшылықларды абаданластырыўға қаратылған илажларды буннан былай да күшейтиўге айрықша итибар берилсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан айын өткериўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи М.М.Камиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 7-март