Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Елимизде көшпели саўда ҳәм саўда автоматы арқалы усақлап сатыў жумысын тәртипке салыў, бундай жумыс түрлерине исбилерменлерди кеңнен тартыў, сондай-ақ, көшпели саўда жумысына заманагөй мәлимлеме технологияларын және де кеңнен енгизиў арқалы халыққа зәрүр товарларды сатып алыўда қолайлықлар жаратыў мақсетинде:

  1. 2021-жыл 1-декабрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

көшпели саўда жумысы исбилерменлик субъектлери тәрепинен көшпели саўда объектлерин электрон түрде «K – SAVDO» автоматластырылған мәлимлеме системасында (кейинги орынларда – «K – SAVDO» ААТ) дизимнен өткериў жолы менен әмелге асырылады. Онда, исбилерменлик субъектлеринен дизимнен өткериў ушын жыйым өндирилмейди;

көшпели саўда орны (жеке меншик мүлк ийелерине тийисли орынлардан тысқары) көшпели саўда объектлериниң жайласыў схемалары бойынша «K – SAVDO» ААТ арқалы электрон аукционда сатылады.

  1. Аукционның басланғыш баҳасы тийисли район (қала)дағы жер участкасының жер салығы муғдарында белгиленетуғыны. Онда, аукцион арқалы сатыўдан келип түскен ақша қаржыларының 80 проценти тийисли район (қала)ның жергиликли бюджетлерине, 20 проценти Мәмлекетлик салық комитетиниң арнаўлы есап бетине жиберилетуғыны;

аукцион жеңимпазы тәрепинен көшпели саўда орнының баҳасы толық төленгенинен соң оған «K – SAVDO» ААТ арқалы автоматикалық тәризде QR -код қойылған гүўалық берилетуғыны және усы жерден 36 ай мүддетке пайдаланыў ҳуқықына ийе болатуғыны. Онда көшпели саўда орнынан пайдаланыў бойынша шәртнама дүзиў талап етилмейтуғыны белгиленсин.

  1. Исбилерменлик субъектлери ямаса пуқаралардың «K – SAVDO» ААТда дизимнен өтпестен көшпели саўда жумысы менен шуғылланып атырғанлығы биринши мәрте анықланған жағдайда, мәмлекетлик салық хызмети уйымларының хызметкерлери оларға усақлап сатыў жумысын «K – SAVDO» ААТ дизимнен өткен жағдайда әмелге асырыў бойынша зәрүр түсиндириў жумысларын алып барсын және дизимнен өткериў бойынша әмелий жәрдем көрсетсин.
  2. Саўда автоматлары арқалы товарларды сатыў ҳәм (ямаса) хызметлерди көрсетиў жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлерин және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

саўда автоматларына қадағалаў-касса техникаларынан мәжбүрий пайдаланыў талабы қолланылмайтуғыны;

сататуғын товарлары ҳәм (ямаса) көрсететуғын хызметлериниң түрине қарамастан усындай жумыс пенен шуғылланыўшы юридикалық тәреплер усақлап сатыў тараўындағы салық төлеўши деп тән алынатуғыны белгиленсин.

  1. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте көшпели саўда, соның ишинде саўда автоматы арқалы усақлап сатыў жумысын әмелге асырыў тәртибин белгилеўши Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
  2. Мәмлекетлик салық комитети мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Ш.Д.Кудбиев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                 Ш.МИРЗИЁЕВ