Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Дүнья базарында бәсекиниң барған сайын кескинлесиўи шараятында мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўде билимлендириўдиң сапасын ҳәм илимий потенциалын көтериў арқалы кадрлар таярлаў системасының нәтийжелилигин және де арттырыў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Сондай-ақ, экономика ҳәм қаржы тараўындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, оларда нәтийжели басқарыў системасын жолға қойыў, оқыў процесслерине ең соңғы педагогикалық технологияларды енгизиў, илимий жумысты дүнья стандартлары тийкарында шөлкемлестириў, олардың халықаралық рейтинглердеги орнын және де арттырыў, алдынғы сырт ел тәжирийбесине ийе илимий-педагогикалық кадрларды кеңнен тартыў мәмлекет экономикасы ҳәм қаржы системалары ушын бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаўдың тийкары есапланады.

Экономика ҳәм қаржы тараўлары ушын жоқары маман ҳәм халықаралық талапларға сай қәнигелерди таярлаў системасын жетилистириў, оқыў ҳәм илимий процесслерди халықаралық стандартларға тийкарланып инновациялық форма ҳәм усыллар тийкарында шөлкемлестириў, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде:

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Салық комитетиниң Ташкент мәмлекетлик экономика университетин оған Ташкент қаржы институты ҳәм Фискаль институтын (кейинги орынларда – Университет) қосып алыў жолы менен қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Төмендегилер Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

экономика, қаржы ҳәм салық тараўлары бойынша дүнья жүзиндеги соңғы тенденциялар, қаржы технологиялары, алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм реал экономика талапларын есапқа алған ҳалда жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаў, қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыў;

оқыў процесине халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиў, билимлендириў ҳәм изертлеўдиң үйлесиўин тәмийинлеў арқалы экономика тармақлары ушын алдынғы инновациялық қолланбалар жаратыў, студентлерде системалы таллаў, креатив пикирлеў ҳәм әмелий көнликпелерди қәлиплестириў;

заманагөй оқыў-илимий лабораториялар ҳәм симуляциялық орайлар шөлкемлестириў арқалы «билимлендириў – илим – инновация – санластырыў» экосистемасын ҳәм тараўды раўажландырыўға қаратылған илимий-инновациялық изертлеўлер трансферин нәтийжели жолға қойыў;

экономика, қаржы ҳәм салық тараўларын раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша илимий жойбарларды әмелге асырыў, олардың нәтийжелерин енгизиў бойынша илимий ҳәм әмелий усыныслар ислеп шығыў;

дүнья билимлендириў ҳәм илимий мәканында Университеттиң абырайын арттырыў, жетекши сырт ел университетлери менен академиялық ҳәм илимий бирге ислесиўди раўажландырыў, профессор-оқытыўшылардың сырт ел илимий-әмелий стажировкасын системалы жолға қойыў.

  1. а) Университет экономика, қаржы ҳәм салық тараўлары ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий кадрларды таярлаў, қайта таярлаў, маманлығын арттырыў ҳәм методикалық тәмийнат бойынша жетекши жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны;

б) Ташкент қаржы институты ҳәм Фискаль институтта билим алып атырған барлық студентлер оқыўын Университетте даўам еттиретуғыны ҳәм 2023-2024-оқыў жылынан баслап питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте Университет дипломы берилетуғыны;

в) Университетте 2024-2025-оқыў жылынан баслап:

билимлендириў процеси мәмлекетлик тил, инглис тили ҳәм басқа да шет тиллерде алып барылатуғыны;

бакалавриат ҳәм магистратура басқышына оқыўға қабыл етилген қәбилетли студентлер ушын өз алдына шет тиллерде оқытылатуғын топарлар шөлкемлестирилетуғыны;

билимлендириў бағдарламалары халықаралық тән алынған рейтинглерде биринши 300 лик дизимге кирген сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бағдарламасы тийкарында басқышпа-басқыш ислеп шығылатуғыны;

билимлендириў процесине жетекши профессор-оқытыўшылар ҳәм тийисли тараўларда кеминде 5 жыллық әмелий тәжирийбеге ийе болған экономика, қаржы ҳәм салық системаларында жумыс ислеген қәнигелер тартылатуғыны;

экономика, қаржы ҳәм салық тараўы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў системасы жолға қойылатуғыны;

г) Университетке студентлерди оқыўға қабыллаў 2024-2025-оқыў жылынан басланатуғыны. Онда, мәмлекетлик грант бойынша оқыўға қабыллаў мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери шеңберинде белгиленетуғыны;

д) Университет:

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигине уйымлық жақтан бойсынатуғыны, Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Салық комитети Университет жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, қәнигелик талапларын ислеп шығыў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў, студентлерге әмелият базаларында шараятлар жаратыўда кадрлар буйыртпашысы сыпатында жәрдемлесетуғыны;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң сүўрети түсирилген ҳәм өз атамасы мәмлекетлик тилде жазылған мөрге ҳәм бланкларға, еркин балансқа ҳәм жеке ғазна есап бетлерине ийе болатуғыны;

Ташкент қаржы институты ҳәм Фискаль институттың ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Ташкент мәмлекетлик экономика университети бақлаў кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;

2024 – 2027-жылларда Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде кадрлар таярлаў системасын нәтийжели жолға қойыў, илимий потенциалды арттырыў ҳәм материаллық-техникалық базаны беккемлеў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;

Ташкент мәмлекетлик экономика университетине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилетуғын объектлердиң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Бақлаў кеңеси (Қўчқоров):

а) 2024-жыл 1-апрельге шекем Университеттиң басқарма кадрлары лаўазымларына жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде жумыс тәжирийбесине ийе болған қәнигелерди тартыў илажын көрсин;

б) 2024-2025-оқыў жылы басланғанға шекем тәжирийбеге ийе болған жойбарластырыў шөлкемин тартсын ҳәм Университеттиң аймақлары ҳәм имаратлары негизинде заманагөй кампусты қурыў бойынша мастер режени ислеп шықсын ҳәм онда төмендегилерди нәзерде тутсын:

Университеттиң Ташкент қаласы, Чиланзар районы, Алмазар көшеси, 183-жай мәнзилиндеги аймақта халықаралық стандартларға жуўап беретуғын оқыў аудиториялары, коворкинг орайлары, IT лаборатория, бизнес инкубатор ҳәм конференциялар залын өз ишине алған мультифункционаллық көп қабатлы имаратты қурыў;

Университет кампусы ҳәм олардағы имаратларды жоқары тезликтеги интернет пенен бирден-бир тармаққа жалғаў, оқыў ҳәм илимий-изертлеў процесине заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў;

Студентлер ушын қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде руўхый ҳәм физикалық жақтан ескирген имаратлар орнында жаңа студентлер турақ жайы, заманагөй спорт заллары, асханалар ҳәм басқа да имаратларды қурыў.

  1. Университетте қаржылары қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан қәлиплестирилетуғын Университетти раўажландырыў қоры шөлкемлестирилсин.

Университетке түскен төлем-контракт қаржыларының сақлаў ҳәм сырт ел қәрежетлеринен артқан бөлеги Университетти раўажландырыў қорына қаратылатуғыны ҳәм билимлендириў процесин жақсылаў ҳәм материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ушын Бақлаў кеңесиниң қарарына муўапық жумсалатуғыны белгиленсин.

  1. Бақлаў кеңеси (Қўчқоров), Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Университет жумысын жетилистириў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў мақсетинде еки ай мүддетте сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда Университет жанында Трансформация орайын шөлкемлестирсин.

Трансформация орайы төмендегилер ушын жуўапкер етип белгиленсин:

Университетти 2030-жылға шекем халықаралық тән алынған шөлкемлердиң жоқары билимлендириў мәкемелери рейтингинде биринши 1 000 лық дизимге киргизиў, сондай-ақ, Университеттиң тәлим бағдарлары халықаралық аккредитациядан өткерилиўин тәмийинлеў бойынша стратегияны ислеп шығыў;

сырт ел тәжирийбесине муўапық бакалавриат тәлим бағдарларын оптималластырыў ҳәм Университеттиң тәлим бағдарларын халықаралық билимлендириў бағдарламаларына муўапықластырыў;

2024 – 2025-жылларда сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлеринде кеминде 200 жетекши профессор-оқытыўшылардың стажировкасын шөлкемлестириў;

Университеттиң тәлим бағдарларын сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бағдарламалары тийкарында ислеп шығыў.

  1. Университет жумысын қаржыландырыў:

Мәмлекетлик бюджет қаржылары, төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер, қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм грантлар менен нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;

2024-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигине ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны, 2025-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгиленсин.

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Ж.А.Қўчқоров ҳәм жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри К.А.Шарипов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң баслығы О.К.Абдурахмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 7-февраль