Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде 9-май улыўмахалықлық байрам – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин кеңнен белгилеў, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қаза тапқан ата-бабаларымыздың естелигине терең ҳүрмет көрсетип, фашизмге қарсы саўашларда, мийнет фронтында мәртлик көрсеткен ветеранларымызға айрықша итибар ҳәм ҳүрмет көрсетиў, жасларды руўхый-әдеп икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеў ҳәм урыс қатнасыўшылары және майыпларды материаллық хошаметлеў мақсетинде:

  1. Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплардың ҳәр бирине 15 000 000 (он бес миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық белгиленсин.
  2. Усы Пәрманды орынлаўға байланыслы болған қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республикалық бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Қаржы министрлиги, Мәденият министрлиги, Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы менен биргеликте Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына усы айқшалай сыйлықтың салтанатлы ҳәм байрам тәризинде тапсырылыўын тәмийинлесин.
  4. Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2022-жыл 29-апрель