Өзбекстан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында (кейинги орынларда – Аралбойы регионы) исбилерменлик жумысын шөлкемлестириўди ҳәм жоқары қосымша қунлы бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў арқалы аймаққа инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, исбилерменлердиң машқалалар ҳәм усынысларын тиккелей үйрениў және исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Саўда-санаат палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлигиниң 2022-жыл 1-январьдан:

а) 2031-жыл 1-январьға шекем  Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўларындағы исбилерменлик субъектлери ушын:

пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, социаллық салық, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы бойынша орнатылған салық ставкаларын 1 процент етип белгилеў;

мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ставкаларын усы салықлар бойынша есапланған суммадан  1 процент муғдарында белгилеў;

б) 2025-жыл 1-январьға шекем  Хорезм ўәлаятының Топыраққала, Янгиариқ, Янгибазар районларында жаңадан шөлкемлестирилетуғын ҳәм бул районда дизимнен өткен ҳалда жумыс ислейтуғын исбилерменлик субъектлери (кластерлер буған кирмейди) бойынша:

пайда салығы, юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкаларын 50   процентке азайтыў;

олар тәрепинен белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын өзиниң  өндирислик (хызмет көрсетиў) мүтәжликлери ушын алып кирилетуғын шийки зат, материалларын бажыхана бажысынан азат етиў;

в) Хорезм ўәлаятында  жаңадан қурылып атырған бағлар, жүзим ҳәм тутзарлықлар ийелеген жерлерге  тереклердиң қатар араларына аўыл хожалығы егинлерин егиў ушын пайдаланыўына қарамастан, юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын төлеў бойынша  жеңиллетилген дәўирди бес жыл етип белгилеў  ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Қаржы министрлиги еки ай мүддетте усы бәнттен келип шығып, салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-августтағы «Инвестициялық жойбарларды сыртқы инфраструктура менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5233-санлы қарарына муўапық зәрүр сыртқы инженерлик-коммуникация тармақлары менен мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан тәмийинленетуғын инвестициялық жойбарлардың баҳасы 50 миллиард сум муғдарында белгиленсин.

Онда, бул тәртип бойынша 50 миллиард сумнан 200 миллиард сумға шекемги  инвестициялық жойбарлардың сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларын тәмийинлеў менен байланыслы қәрежетлер бул жойбарлардың баҳасының 20 процентинен артпаўы зәрүр.

  1. Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Орайлық банк (М.Нурмуратов) пенен биргеликте Хорезм ўәлаятында социаллық-экономикалық раўажланыўдан артта қалып атырған ҳәм жумыссызлық дәрежеси жоқары болған 98 мәҳәлле ушын 2022-2026-жыллар даўамында:

а) Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде:

«мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасын енгизиў мақсетинде 200 миллиард сум;

халықты исбилерменликке оқытыў ҳәм тартыў жойбарларын әмелге асыратуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў ушын 50 миллиард сум муғдарында кредит ресурсларының ажыратылыўын нәзерде тутсын;

б) Өзбекстан Республикасы республикалық бюджет есабынан инфраструктураны раўажландырыў ушын 150 миллиард сум қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Экспортты қоллап-қуўатлаў агентлиги тәрепинен 2022-жыл 1-январьдан 2027-жыл 1-январьға шекем Аралбойы регионында жумыс ислеп атырған:

киши исбилерменлик субъектлерине кәрхана қурылыс ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер ҳәм техникаларды республиканың басқа аймақларынан алып келиў және олар тәрепинен ислеп шығарылатуғын жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди республикамыздың басқа да аймақларына жеткерип бериў менен байланыслы темир жол транспортында  тасыў қәрежетлериниң 50 процент бөлегин қаплап бериў;

жергиликли экспортшылар тәрепинен ислеп шығарылған жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди экспорт етиўде, олардың Каспий теңизине шекем тасыў менен байланыслы транспорт қәрежетлерин  толық қаплап бериў тәртиби енгизилсин.

Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы (С.Умурзаков)  бир ай мүддетте Экспортты қоллап-қуўатлаў агентлиги тәрепинен Аралбойы регионында исбилерменлик субъектлериниң жүк тасыў қәрежетлерин  қаплап бериў тәртибин тастыйықласын.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Сариев), Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги (Ф.Эрманов), мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасында  45 ҳәм Хорезм ўәлаятында 40 жаңа киши санаат зоналары  белгиленген тәртипте шөлкемлестириў илажларын көрсин.
  2. Олий Мажлис Сенатына (Т.Нарбаева) Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги және басқа да жуўапкер министрликлер ҳәм уйым басшыларының усы Пәрманның орынланыўы бойынша мәлимлемелерин тыңлаўды шөлкемлестириў (соның ишинде, орынларға шыққан ҳалда) және әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар көрип барыў усыныс етилсин.
  3. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары, Интернетте ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
  4. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.Холхўжаев) Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов), мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Р.Сариев, Хорезм ўәлаяты ҳәкими Ф.У.Эрманов, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Б.Воитов және экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары С.М.Холхўжаев белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасарлары С.У.Умурзаков ҳәм Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 23-ноябрь