Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Кейинги жылларда Өзбекстанның ЮНЕСКО менен бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилди. Мәмлекетимиздиң дүнья жүзи жәмийетшилигиндеги абырайын және де арттырыў ҳәм беккемлеўде, еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўлерди кеңейтиў ҳәм тереңлестириўде ЮНЕСКО әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарып келмекте.

Соның нәтийжесинде 2017-2023-жылларда миллий мәдений мийрасымыздың 14 сийрек ушырасатуғын үлгиси ЮНЕСКОның дизимлеринен орын алып, инсаният мийрасы сыпатында халықаралық көлемде тән алынды. Бухара қаласы Дөретиўши қалалар тармағына киргизилди. 2023-жылдың сентябрь айында ЮНЕСКОның Бас резиденциясында уллы ойшыл ҳәм энциклопедист илимпаз Әбиў Райхан Беруний туўылған күниниң 1050 жыллығы кеңнен белгиленди.

Әсиресе, 2023-жыл 7-22-ноябрь күнлери Париж қаласында болып өткен ЮНЕСКО Бас конференциясының 42-сессиясы жуўмағында Өзбекстан Республикасының ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясын (кейинги орынларда – Сессия) 2025-жылы Самарқанд қаласында өткериў ҳаққындағы басламасы бир аўыздан қоллап-қуўатланғаны дүнья жүзи жәмийетшилиги тәрепинен әҳмийетли ўақыя сыпатында атап өтилди.

Усы абырайлы халықаралық конференцияны жоқары дәрежеде өткериўге ҳәр тәреплеме пуқта таярлық көриў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў мақсетинде:

  1. 2025-жылы ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясының Самарқанд қаласында өткерилиўине таярлық көриў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) дүзилсин ҳәм оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Шөлкемлестириў комитети (А.Н.Арипов):

Сессияны өткериўге байланыслы барлық шөлкемлестириў мәселелерин шешип барсын, сондай-ақ, мәлимлеме-аналитикалық ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң өз ўақтында ҳәм сапалы таярланыўын тәмийинлесин;

Сессияның Самарқанд қаласында өткерилиўиниң әҳмийети ҳаққында жоқары сапалы медиа өнимлер ҳәм аудиовизуал шығармалар жаратып, оларды жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында эфирге берип барыў, социаллық тармақларға жайластырыў, хештег ҳәм челлендж сыяқлы усылларды қолланыў арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын көрсин;

Сессияның Самарқанд қаласында өткерилиўи мүнәсибети менен «Самарқанд – дүнья жүзи цивилизациясы кесилиспесинде» китап-альбомын өзбек, рус, инглис ҳәм француз тиллеринде басып шығарыў, почта маркалары ҳәм конвертлер дүркимин жаратыў, календарьлар ҳәм көргизбели үгит-нәсият қураллары, естелик теңгелери, гүмис ҳәм алтын теңгелердиң айланысқа шығарылыўын шөлкемлестирсин;

Сессия шеңберинде Самарқанд қаласында илажлар өткерилетуғын орынларды заманагөй техникалық ҳәм телекоммуникация үскенелери менен үскенелеў ҳәм Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларындағы объектлер ҳәм зәрүр болған мийманхана фондын таярласын;

Сессия шеңберинде Ташкент, Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм Шаҳрисабз қалаларында мәдений илажлар, экскурсиялар ҳәм қабыллаўларды жоқары дәрежеде шөлкемлестирсин;

Сессия қатнасыўшыларының келиўи ҳәм кетиўи, оларға виза рәсмийлестириў, транспорт ҳәм медициналық хызметлер көрсетиў мәселелери нәтийжели шешилиўин муўапықластырсын.

  1. Сессия «Silk Road Samarkand» туристлик комплексинде өткерилсин.
  2. Сессияға таярлық шеңберинде:

Мәдений мийрас агентлиги Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры, Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте – Самарқанд қаласындағы тийисли мәдений мийрас объектлерин қәстерлеп-сақлаўға байланыслы жумысларды ҳәм иммерсив ҳәм тематикалық көргизбелерди шөлкемлестирсин;

Сыртқы ислер министрлиги – ЮНЕСКО Бас директорының атына Өзбекстан Республикасының Мәдений естеликлерди сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық изертлеў орайына ағза болыўы ушын рәсмий арза тапсырсын;

ЮНЕСКО ислери бойынша миллий комиссия – Өзбекстандағы қалалар, сийрек ушырасатуғын ҳәм тәбийғый мийрас объектлерин тийислисинше ЮНЕСКОның Дөретиўши халықаралық дизимлерине киргизиў илажларын көрсин;

Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры – ЮНЕСКО нормалары тийкарында ҳәм сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда Самарқанд қаласында Уллы жипек жолы мәмлекетлик музейин шөлкемлестириў, саҳыпқыран Әмир Темур парклерин қайта тиклеў, Бибиханым комплексин реставрациялаў, Улыўма дүнья мийрасы дизимине киргизилген Бухара тарийхый орайын қорғаўға қаратылған оның мастер ҳәм менеджмент режелерин ислеп шығыў бойынша тийисли қарарлар жойбарларын белгиленген тәртипте киргизсин;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте – Сессияның мәмлекетимизде өткерилиўиниң әҳмийетин, сондай-ақ, Өзбекстан дүнья жүзи сиясатының орайларынан бирине, глобаллық басламалардың авторына айланып атырғанын ҳәр тәреплеме ашып бериўге қаратылған үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестирсин.

  1. Төмендегилер:

2025-жылы ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясының Самарқанд қаласында өткерилиўине таярлық көриў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;

2025-жылы ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясының Самарқанд қаласында өткерилиўине таярлық көриў шеңберинде сырт мәмлекетлерде үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестиретуғын Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Шөлкемлестириў комитети, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар усы қарарға муўапық мәмлекетшилигимиз раўажланыўының үш мың жылдан аслам тарийхы, дүнья жүзи цивилизациясына шексиз үлес қосқан уллы ата-бабаларымыздың илимий, мәдений ҳәм руўхый мийрасы ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжелерин сырт мәмлекетлерде кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм олар менен бирге ислесиў байланысларын буннан былай да раўажландырыў илажларын белгиленген тәртипте әмелге асырсын.

  1. Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры Шөлкемлестириў комитетиниң Жумысшы уйымы (кейинги орынларда – Жумысшы уйым) есапланатуғыны;

«ИнтерФорум» мәмлекетлик унитар кәрханасы Сессияны шөлкемлестириўге таярлық көриў бойынша Бас оператор есапланатуғыны;

министрликлер ҳәм уйымлардың биринши басшылары усы қарарда нәзерде тутылған тапсырмалар, сондай-ақ, Шөлкемлестириў комитети ҳәм Жумысшы уйымның басқа да оператив көрсетпелери өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Сыртқы ислер министрлиги Сессия қатнасыўшылары ушын Жумысшы уйымның виза талапларына бола кириў визаларын консуллық жыйымлар ҳәм ҳақыйқый қәрежетлердиң орнын қаплаў есабынан жыйымлар өндирмей, зәрүр жағдайларда «Ташкент» ҳәм «Самарқанд» халықаралық аэропортларында рәсмийлестириўди тәмийинлесин.
  2. 2024-жыл 1-апрельден баслап Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ўәкилханалары, консуллық мәкемелери ҳәм халықаралық шөлкемлер жанындағы ўәкилханаларының улыўма штат бирликлериниң санын өзгерткен ҳалда Өзбекстан Республикасының ЮНЕСКО жанындағы Турақлы ўәкилханасы (кейинги орынларда – Турақлы ўәкилхана) штатлар кестесине мәсләҳәтши ҳәм екинши хаткер еки қосымша штат бирлиги киргизилсин, сондай-ақ, Турақлы ўәкилханаға қосымша бир транспорт қуралын сақлаўға лимит ажыратылсын.
  3. Сыртқы ислер министрлиги Турақлы ўәкилхананы сақлаў қәрежетлерин оның шөлкемлестириў-штат структурасындағы өзгерислерди ҳәм қосымша бир транспорт қуралын сақлаўға лимит ажыратылғанын есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Республикасының 2024-жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде Сыртқы ислер министрлигине ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырыўды тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан миллий медиа ассоциациясы, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Сессияның мәмлекетимизде өткерилиўиниң әҳмийети ҳәм усы қарар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанындағы Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша (ЮНЕСКО) турақлы ўәкилханасының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3957-санлы қарарына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасы миллий комиссиясының баслығы Г.О.Умерова ҳәм сыртқы ислер министри Б.О.Саидов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң баслығы О.К.Абдурахмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 15-март