Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

 

Елимизди жедел социаллық-экономикалық раўажландырыў мақсетинде экономиканы еркинлестириў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, сырт ел инвестицияларын жедел тартыў, товарлар (жумыслар ҳәм хызметлер)дан еркин пайдаланыўды тәмийинлеў және хожалық жүргизиўши субъектлердиң барлық категориялары ушын теңдей бәсеки шараятларына ийе болған бирден-бир экономикалық орталықты қәлиплестириў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, айырым хожалық жүргизиўши субъектлерге жеңилликлер, преференциялар ҳәм эксклюзив ҳуқықлар бериў бойынша қәлиплескен әмелият төмендегилер сыяқлы бир қатар үлкен машқалаларды келтирип шығармақта:

бириншиден, белгили бир тармақ ямаса аймақтағы айрықша шөлкемлерге жеңилликлер, преференциялар ҳәм эксклюзив ҳуқықлар анық өлшемлерсиз және оларды тийкарлаўшы ашық-айдын механизмлерсиз таңлап берилиўи нәтийжесинде бул шөлкемлер ушын тийкарғы әҳмийетли шараятлар жаратылмақта;

екиншиден, көплеген хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен мәмлекетлик басқарыў функциялары қосып әмелге асырылмақта, бул болса базарда жеңилликли статусқа ийе болыў ушын ҳәкимшилик ресурслардан пайдаланыўға ҳәм әдил бәсеки принциплериниң бузылыўына алып келмекте;

үшиншиден, индивидуал жеңилликлер ҳәм преференциялардан пайдаланатуғын хожалық жүргизиўши субъектлерде ийек артыўшылық кейпияты қәлиплеспекте, бундай субъектлердиң интасы жоқ ҳәм исшеңлик белсендилиги төмен, сондай-ақ, олар ислеп шығарған өнимлер бәсекиге шыдамлы емес;

төртиншиден, берилип атырған жеңилликлер менен преференциялардың нәтийжелилигин, соның ишинде, олардың белгили бир тармақларды, аймақларды ҳәм улыўма елимиз экономикасын раўажландырыўға әмелий тәсирин баҳалаўда системалылық жоқ.

Базарда саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм бизнес жүргизиў ушын теңдей шараятлар жаратыў, жедел исбилерменлик раўажланыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, әдил бәсеки принциплери әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ,   2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының ўазыйпаларына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасының салық системасын реформалаў шеңберинде:

саламат бәсеки орталығын тәмийинлеў ушын индивидуал салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин бериў әмелиятын максимал дәрежеде шеклеў, жеңилликлер ҳәм преференциялар бериў, олардың экономикалық жақтан тийкарлылығын және нәтийжелилигин баҳалаў системасын, сондай-ақ, олардан пайдаланыўды мониторинг етиў механизмлерин жетилистириў;

салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин тек ғана анық мақсетте бериў тәртибин ислеп шығыў және тастыйықлаў, оларды қолланыўдың нәтийжелилигин мониторинг етиў ҳәм баҳалаў системасын енгизиў, нәтийжесиз пайдаланылған жеңиллик суммаларын бюджетке мәжбүрий қайтарыў механизмлерин беккемлеў нәзерде тутылып атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

салық ҳәм бажыхана жеңилликлеринен және преференциялардан (кейинги орынларда жеңилликлер деп аталады) нызамлар ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери менен улыўма тармақлар, жумыс тараўлары, аймақлар ушын берилетуғын, сондай-ақ, анық мақсетке ийе болыўын және анық социаллық, экономикалық ҳәм қаржылық нәтийжелерге ерисиўди тәмийинлеўи зәрүр;

ўақтынша жеңилликлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери менен 3 жылдан артық болмаған мүддетке бериледи, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди;

индивидуал жеңилликлер, айрықша жағдайларда, жеке сектор инвестиция киргизиўден мәпдар болмаған тармақларда социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыў ушын, анық социаллық ямаса экономикалық тийкарлар бар болғанда ямаса Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери менен бериледи;

жеңилликлер бериўге, бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер қолланған жағдайда Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын (импорт етилетуғын) товарлардың дизимин тастыйықлаўға байланыслы ҳүкиметлик ҳәм ведомстволық қарарларды қабыл етиў қадаған етиледи;

бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер қолланған жағдайда Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын (импорт етилетуғын) товарлар дизимлерине ҳәм оларға дүзетиўлер, жеңилликлер бериў ҳаққында нызам ямаса Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжети бар болған жағдайда ғана, жеңиллик берилген шөлкем тәрепинен қәлиплестириледи, сондай-ақ, олардың комплексли экспертизасын әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы «Жойбарлаў ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертизадан өткериў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасына киргизиледи;

бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер қолланылған жағдайда Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын (импорт етилетуғын) товарлар дизиминиң комплексли экспертизасының жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы «Жойбарлаў ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертизадан өткериў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасының унамлы жуўмағы алынған жағдайда, шөлкем дизимде көрсетилген товарларды белгиленген тәртипте импорт етиў ҳуқықына ийе;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги белгиленген жеңилликлерди мүддетинен бурын жуўмақлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратына тийкарланған усыныслар киргизиў ҳуқықына ийе.

  1. а) жеңилликлер бериўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигинде мәжбүрий түрде экспертизадан өткерилиўи шәрт екени, онда бул жойбарлар бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги тәрепинен әмелге асырылатуғын экспертизалардың басқа да түрлери бир ўақытта өткерилетуғыны;

б) экспертизадан өткериў ушын берилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарына талап етилип атырған жеңилликлер бойынша тийкарлаў ҳәм тийисли есап-санақлар мәжбүрий тәртипте қосымша етилетуғыны, оларда жойбардың мақсети, әмелге асырыў мүддети, киргизилип атырған инвестиция ҳәм импорт көлеми, жаңадан шөлкемлестирилетуғын жумыс орынларының саны, жаратылып ямаса енгизилип атырған инновациялық өним, технологиялық жаңалықлар, прогрессив илимий излениўлердиң анық нәтийжелери, өндирис, жумыслар  (хызметлердиң, салық түсимлериниң, жеңилликлердиң есапланған суммасы ҳәм басқалар) көлеминиң өсими көрсетилетуғыны белгиленсин. Бул ҳүжжетлер, соның ишинде, төмендегилерди:

елимизди социаллық-экономикалық жақтан перспективалы раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларынан келип шыққан ҳалда, жеңилликлер ҳәм преференциялардың өз алдына тармақларға, жумыс тараўларына ҳәм аймақларға тәсирин;

берилип атырған жеңилликлер менен преференциялардың бюджет ҳәм жәмийет ушын нәтийжелилигин;

олардың бәсеки орталығына ҳәм исбилерменлик жумысына тәсирин баҳалаў көзқарасынан көрип шығылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлигиниң талап етиўине бола, тийисли экспертизадан өткериў ушын зәрүр мағлыўматларды усынсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги және Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте жеңилликлердиң нәтийжелилигин, жеңилликлер суммасының күтилип атырған нәтийжелерге ҳәм қабыл етилген миннетлемелерге муўапықлығын, берилген жеңилликлердиң Өзбекстан Республикасындағы, айырым тармақлар менен регионлардағы социаллық-экономикалық раўажланыўға және бәсеки орталығына тәсири дәрежесин системалы түрде мониторинг етиў ҳәм баҳалаў тәртибин тастыйықласын.
  3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджетиндеги жоғалтыўды анық баҳалаўды нәзерде тутатуғын, берилип атырған жеңилликлерди есапқа алыў системасын енгизсин;

гезектеги қаржы жылына мөлшерленген Өзбекстан Республикасының тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлериниң прогнозы ҳәм Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде берилген жеңилликлер бойынша Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджеттеги жоғалтыўының улыўма суммасы айрықша қатарда көрсетип барсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомсвтолар менен биргеликте:

еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм басқа да ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги директоры Ш.М.Садиковқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 31-май