Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзиниң бийтәкирар таланты, беккем ерк-ықрары ҳәм халықшыллығы менен өзбек әдебиятында өшпес из қалдырған, тоталитар система дәўиринде сиясий репрессия қурбаны болған жалынлы шайыр, аўдармашы ҳәм драматург Усман Насыр халқымыздың атақлы перзентлериниң бири. Оның ең жақсы адамгершилик пазыйлетлери, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, келешекке жоқары исеним туйғысы менен суўғарылған жетик көркем шығармаларының халқымыз мәнаўиятын раўажландырыў, жас әўлад тәрбиясындағы шексиз орны ҳәм әҳмийетин есапқа алып ҳәм шайыр туўылғанының 110 жыллығын кеңнен белгилеў ҳәм естелигин мәңгилестириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Илимлер академиясы, Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң 2022-жылы Усман Насыр туўылғанының 110 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Жалынлы шайыр, аўдармашы ҳәм драматург Усман Насыр туўылғанының 110 жыллығын кеңнен белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитети қурамы (кейинги орынларда ­ Шөлкемлестириў комитети) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Шөлкемлестириў комитети (А.Н.Арипов) бир ай мүддетте Усман Насыр туўылғанының 110 жыллығын кеңнен белгилеў бойынша төмендеги илажларды нәзерде тутыўшы бағдарламаны, оны қаржыландырыўдың анық дәреклерин белгилеген ҳалда ислеп шықсын ҳәм тасыйықласын:

Усман Насыр туўылғанының 110 жыллығын мәмлекетимизде әдебият ҳәм көркем өнер байрамы сыпатында кеңнен белгилеў;

Усман Насырдың өмири ҳәм хызметин, атап айтқанда, оның репрессия дәўиринде өткен жылларын үйрениў, ҳәзирге шекем белгисиз болып киятырған қолжазба шығармаларының тәғдири ҳаққында мағлыўматлар топлаў мақсетинде тарийхшы илимпазлар ҳәм дөретиўшилерден ибарат жумысшы топарын дүзиў ҳәм оның Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, сондай-ақ, Россия Федерациясындағы тийисли архив материаллары менен танысыўы ушын шараят жаратыў;

Наманган қаласында Усман Насыр естелигин орнатыў;

Ташкент ҳәм Наманган қалаларындағы көшелерге Усман Насыр исмин бериў;

Усман Насырдың «Таңламалы шығармалар» топламы ҳәм «Усман Насыр заманласлары ядында» китабын баспадан шығарыў;

Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде Өзбекстан Илимлер академиясы менен биргеликте «Заманагөй өзбек әдебиятының раўажланыўында Усман Насырдың дөретиўшилик мийрасының орны ҳәм әҳмийети» темасында илимий-әмелий конференция өткериў;

Усман Насырдың өмири ҳәм дөретиўшилик хызмети ҳаққында ҳүжжетли фильм сүўретке алыў, спектакльлер сахналастырыў, музыкалық шығармалар ҳәм қосықлар, Интернет ҳәм социаллық тармақлар ушын мөлшерленген аудиовизуал шығармалар жаратыў, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында дүркин материаллар жәриялаў;

улыўма орта билимлендириў мәкемелери, дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары арасында Усман Насырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Умытпас мени бағым» темасында шығармалар таңлаўын өткериў;

мәмлекетимиздеги билимлендириў шөлкемлери, әскерий бөлимлер, мийнет жәмәәтлери ҳәм мәҳәллелерде атақлы жазыўшы ҳәм илимпазлар, көркем өнер ўәкиллериниң қатнасыўында Усман Насыр дөретиўшилигине бағышланған ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм китапқумарлық кешелерин шөлкемлестириў;

2022-жыл ноябрь айының екинши он күнлигинде Өзбек Миллий академиялық драма театрында Усман Насыр туўылғанының 110 жыллығына бағышланған әдебий-көркем еслеў кешесин өткериў.

  1. Шөлкемлестириў комитети (А.Н.Арипов)не Усман Насыр туўғылғанының 110 жыллығына бағышланған илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, усы қарар ҳәм илажлар бағдарламасының өз ўақтында, сапалы ҳәм толық әмелге асырылыўын муўапықластырып барыў ўазыйпасы жүкленсин.
  2. Сыртқы ислер министрлиги (А.Ҳ.Камилов):

Мәденият министрлиги, Көркем өнер академиясы, Жазыўшылар аўқамы ҳәм «Шейитлер естелиги» қоры менен биргеликте белгиленген тәртипте Россия Федерациясы Кемерово ўәлаятының Мариинск қаласында Усман Насырды еслеўге бағышланған естелик орнатыў ҳәм оның салтанатлы ашылыў мәресимин өткериў бойынша Россия Федерациясының тийисли уйымлары менен сөйлесиўлер өткерсин ҳәм нәтийжеси бойынша Шөлкемлестириў комитетине усыныс киргизсин;

Өзбекстанның Новосибирск қаласындағы Бас консулханасы тәрепинен шайыр естелигине ҳәм өзбек әдебияты ҳәм мәдениятын үгит-нәсиятлаўға бағышланған илажларды Россия Федерациясы Кемерово ўәлаятындағы өзбек диаспорасы ўәкиллерин тартқан ҳалда өткериў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Усман Насыр туўылғанының 110 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарарда нәзерде тутылған ис-илажларды қаржыландырыў Мәмлекетлик бюджет, Мәнаўият ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетли қоры, шөлкемлестириўшилердиң қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылыўы белгиленсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2022-жыл 10-февраль