Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Елимизде қоршаған орталықты тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, сондай-ақ, аймақлардың санитариялық ҳәм экологиялық жағдайын жақсылаў тараўында избе-из сиясат әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, қысқа мүддетте қатты турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасының инфраструктурасын жетилистириў, улыўмалық қуўатлылығы жылына миллион тоннадан аслам турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды комплексли әмелге асырыў кластерлерин шөлкемлестириў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылды. Көрилген илажлар халықты санитариялық жақтан тазалаў хызметлери менен қамтып алыў көлеминиң он еседен зыят артыўына имканият берди.
Соның менен бирге, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўге қолайлы шараятлар жаратыўға, сондай-ақ, елатлы пунктлердиң санитариялық жағдайын зәрүр дәрежеде қәлиплестириўге айырым системалы машқалалар тосқынлық етпекте, атап айтқанда:
бириншиден, тийисли инфраструктураны қанаатландырарсыз жағдайға ҳәм елатлы пунктлердиң хызметлер менен толық қамтып алыныўының тәмийинленбеўине алып келетуғын турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жетерли дәрежеде енгизилмеген;
екиншиден, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланбаўға алып келип атырған екиленши материаллық ресурслардан пайдаланыў жағдайы, сондай-ақ, турмыслық шығындыларды қайта ислеў системасы заманагөй талапларға жуўап бермейди;
үшиншиден, елатлы пунктлердиң патасланыўына себеп болып атырған полимер плёнкалы материаллардан ҳәдден тыс көп пайдаланылған ҳәм олар тарқалған, сондай-ақ, альтернатив биологиялық ширийтуғын материаллардан пайдаланыў системасы жоқ;
төртиншиден, жүз берип атырған нызамсыз ис-ҳәрекетлер, соның ишинде, қоршаған орталықты патаслағанлығы ушын жуўапкершиликке тартылмаў сезиминиң пайда болыўына алып келип атырған қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы ҳуқықбузарлықларға илаж көриў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў системасы нәтийжесиз;
бесиншиден, тараўда елимиздиң ҳақыйқый санитариялық-экологиялық жағдайын баҳалаў имканиятын беретуғын заманагөй инновациялық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары жоқ.
Турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын буннан былай да раўажландырыў, халықтың сапалы санитариялық жақтан тазалаў хызметлери менен тәмийинленгенлиги дәрежесин арттырыў, сондай-ақ, экологиялық машқалаларды шешиўдеги бар имканиятларды иске қосыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги ПҚ-2916-санлы қарары менен Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетине (кейинги орынларда Мәмлекетлик экология комитети деп аталады) исбилерменлик субъектлериниң шығындыларды жыйнаў, тасыў, утилизациялаў, қайта ислеў. көмиў ҳәм реализациялаў процесслериндеги қатнасын буннан былай да кеңейтиўди нәзерде тутыў ўазыйпасының жүкленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин..
- Мәмлекетлик экология комитетиниң бул тараўға инвестиция киргизиў ушын қолайлы шараят жаратыў арқалы турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў жумысына исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тартыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 2018-жыл 1-августтан:
турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў жумысын әмелге асырыў ушын район ҳәм қала аймақлары (кейинги орынларда – аймақлар) исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шығынды жыйнаў шақапшаларында зәрүр дәрежедеги тазалықты тәмийинлеў, сондай-ақ, турмыслық шығындыларды еркин түрде таңлап алыў шәрти менен бириктирип берилетуғыны;
турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў ушын аймақларды исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бириктирип бериў тек таңлаў тийкарында, нольлик ставкадан басланатуғын электрон аукцион жолы менен «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасы арқалы әмелге асырылатуғыны;
физикалық шахсларға турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ғалабалық шәртнамалар тийкарында көрсетилетуғыны белгилеп қойылсын.
Турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў ушын аймақларды исбилерменлик субъектлерине бириктирип бериў бойынша таңлаў өткерилмеген деп табылған жағдайларда, тийисли аймақлар «Таза аймақ» МУК ямаса «Арнаўлытранс» МУК қа таңлаў өткерилмеген ҳалда бириктирип берилетуғыны;
Мәмлекетлик экология комитети турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўына инвестицияларды тартыўға бағдарланған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша илажларды муўапықластыратуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Мәмлекетлик экология комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў ушын аймақларды исбилерменлик субъектлерине бириктирип бериў материалларын жыйнаў ҳәм ўәкилликли уйымлар менен келисиў тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыў бойынша автоматластырылған мәлимлеме системасының ислеп шығылыўын ҳәм енгизилиўин, сондай-ақ, оның «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасына интеграцияланыўын;
турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў ушын аймақларды электрон аукцион өткериў жолы менен исбилерменлик субъектлерине бириктириўдиң «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасы арқалы шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- 2019-жыл 1-январьдан баслап төмендегилер қадаған етиледи:
полимер плёнкалы пакетлерди бийпул бериў, олардың баҳасын Өзбекстан Республикасы аймағында сатылатуғын товарлар баҳасына қосыў, сондай-ақ, оларды өзине түсер баҳасынан төмен баҳаларда сатыў (тутқасыз ҳәм товарлардың ажыралмас бөлеги есапланған пакетлер буған кирмейди);
Өзбекстан Республикасы аймағында қалыңлығы 40 микроннан аз болған полимер плёнкалы пакетлерди ислеп шығарыў (экспорт ушын ислеп шығарылатуғын, тутқасыз ҳәм товарлардың ажыралмас бөлеги есапланған, хожалықта пайдаланыў ушын рулонларда сатылатуғын полимер плёнкалы пакетлер, сондай-ақ, биологиялық ширийтуғын полимер материаллардан таярланған пакетлер буған кирмейди);
Өзбекстан Республикасы аймағына полимер плёнкалы пакетлерди (ТИФ ТН бойынша 3923 21 000 0, 3923 29 100 0, 3923 29 000 кодлы) алып кириў, физикалық шахслар тәрепинен товарлар ҳәм жеке буйымларды тасыў ҳәм қадақлаў ушын алып кирилетуғын пакетлер, сондай-ақ, тамға басылған жүк бөлмесинде транзит тәризинде алып өтилетуғын товарлар буған кирмейди.
Мәмлекетлик экология комитети, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети усы бәнтте белгиленген талапларға әмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- Мәмлекетлик экология комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте шет ел тәжирийбесин ҳәм жәмийетшиликтиң ҳәр тәреплеме додалаўын есапқа ала отырып, 2020-жыл 1-январьға шекемги мүддетте пайдаланыў қәсийетин жойытқаннан кейин қоршаған орталыққа зыян ететуғын ислеп шығарылатуғын ҳәм импорт етилетуғын товарлар топарына экологиялық жыйымды енгизиўдиң мақсетке муўапықлығы бойынша тийкарланған усыныслар киргизсин.
- 2023-жыл 1-январьға шекемги мүддетке:
турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында жумыс ислеп атырған шөлкемлер сатып алатуғын, елимизде ислеп шығарылған жаңа арнаўлы автотранспорт қуралларын Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги уйымларында дизимге алыўда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Республикалық жол қорына төленетуғын жыйымлардан;
«Таза аймақ» МУК ҳәм «Арнаўлытранс» МУК жер салығы ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорға мәжбүрий төлемлерден (бирден-бир социаллық төлемнен тысқары) босап атырған қаржыларды олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге мақсетли бағдарлаған ҳалда;
республикада ислеп шығарылмайтуғын, товарларды қадақлаў ҳәм жайластырыў-ораў ушын биологиялық ширийтуғын полимер материалларды ислеп шығарыўдың технологиялық процесинде пайдаланыў ушын орнатылған тәртипте тастыйықланатуғын дизимлер тийкарында алып кирилген технологиялық үскенелер, аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши буйымлар, шийки зат ҳәм материллар бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымынан тысқары);
республикада ислеп шығарылмайтуғын, турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды комплексли әмелге асырыў кластерлерин шөлкемлестириў бойынша жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде орнатылған тәртипте тастыйықланатуғын дизимлер тийкарында алып кирилген арнаўлы техника, технологиялық үскенелер, аўысық бөлеклер, комплектлеўши буйымлар бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымынан тысқары) азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономика хызмет миллий банки ҳәм Орайлық банктиң:
турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды комплексли әмелге асырыў кластерлерин шөлкемлестириў бойынша жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде шет ел кредит линиялары есабынан ажыратылған кредитлерди (кейинги орынларда – ажыратылған кредитлер) миллий валютаға алмастырып, олардың процент ставкасын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржылаў ставкасынан жоқары болмаған муғдарда белгилеп, реструктуризациялаў;
кредитлерди қайтарыў кестелерине тийисли өзгерислер киргизген ҳалда, олардың соңғы төлем мүддетлерин реструктуризацияланған сәнеден баслап 7 жыл етип белгилеў;
берилген кредитлерге байланыслы Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң активлер сапасын классификациялаў ҳаққындағы талапларын қолланбаў, оларды қайта көрилген кредитлердиң есап бетлерине өткермеў ҳәм олар бойынша резервлер шөлкемлестирмеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Төмендегилер:
2019-2021-жылларда «Таза аймақ» МУКларды Қарақалпақстан Республикасының республика бюджети ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджет қаржылары есабынан арнаўлы техника ҳәм үскенелер менен қосымша тәмийинлеўдиң болжаў параметрлери 1-қосымшаға муўапық;
2019-жылы Қарақалпақстан Республикасының республика бюджети ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджет қаржылары есабынан шығынды жыйнаў шақапшаларын қурыў ҳәм оларды контейнерлер менен тәмийинлеў бойынша мәнзилли бағдарлама 2-қосымшаға муўапық;
2020-жылда Қарақалпақстан Республикасының республика бюджети ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджет қаржылары есабынан «Таза аймақ» МУКлардың жумыс алып барып атырған әмелдеги полигонларын тәмийинлеў бойынша мәнзилли бағдарлама 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын муўапықластырыў ҳәм жетилистириў бойынша Республикалық комиссияға усы бәнтте нәзерде тутылған болжаў параметрлерине ҳәм мәнзилли бағдарламаларға өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик экология комитети:
а) Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги менен биргеликте 2018-жыл 1-июльге шекемги мүддетте:
Турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў ушын аймақларды исбилерменлик субъектлерине бириктириў тәртиби ҳаққындағы нызам жойбарын;
физикалық шахсларға турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў ушын үлги түриндеги ғалабалық шәртнама жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
б) Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте 2018-жыл 1-августқа шекемги мүддетте:
аймақларды патаслағаны ушын шахсларды жуўапкершиликке тартыўдың тәсиршең механизмлерин ислеп шығыўды, шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында пуқаралардың ҳәм лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин күшейтиўди;
жәмийетлик орынларда шығындыларды жыйнаў ушын контейнерлер (шығынды қутылары) ди орнатыўға, соның ишинде, олардың үлги түрлерине, сондай-ақ, шөлкемлердиң өзлерине тийисли имаратларға жақын болған ямаса тутас аймақларға усы контейнерлер (шығынды қутылары) ди орнатыў бойынша талапларды нәзерде тутатуғын усыныслар киргизсин;
в) Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2018-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте:
халыққа қоршаған орталықтың жағдайы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў имканиятын беретуғын, усы тараўдағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы фото ҳәм видеоматериалларды жайластырыў имканиятына ийе болған арнаўлы веб-порталды жаратыў және ҳәр бир хабар берилген жағдай бойынша тез илажлар көриў системасы енгизилиўин;
Мәмлекетлик экология комитетиниң рәсмий веб-сайтында усы тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў мақсетинде елимиздиң аймақлары кесиминде елатлы пунктлер, жасайтуғын халық ҳәм бар контейнерлердиң санын көрсеткен ҳалда барлық шығынды жыйнаў шақапшалары жайласыўының электрон картасын көрсететуғын бет ашылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, қала ҳәм район ҳәкимлери турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында жумыс алып барып атырған шөлкемлерге тийисли болған арнаўлы автотранспорт қуралларын олардың жумысына байланыслы болмаған (аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм басқалар) жумысларға тартылыўына жол қоймаў ҳаққында қатаң ескертилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик экология комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Т.Қўчқаровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 18-май