Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-февральдағы «Туризм, мәдений мийрас ҳәм спорт тараўларында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-75-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Төмендегилер:

 Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги орайлық аппаратының басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 84 адам болған структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң аймақлық бөлимлери басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 386 адам етип белгиленсин.
  2. Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм мәдений мийрас министрине:

туризм ҳәм мәдений мийрас министри орынбасарлары арасында анық ўазыйпалар ҳәм функцияларды бөлистириў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, жетекши жойбарлаў институтлары, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери, халықаралық шөлкемлер, сырт ел компанияларының жоқары тәжирийбели қәнигелерин, сондай-ақ, экспертлерди мәсләҳәтши сыпатында тартыў;

зәрүр жағдайларда, хызметкерлердиң белгиленген улыўма саны шеңберинде Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги орайлық аппараты, сондай-ақ, система шөлкемлериниң структурасына өзгерислер киргизиў;

Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық бас басқармалары, районлық (қалалық) бөлимлериниң структуралары  ҳәм режелерин тастыйықлаў, сондай-ақ, олардың басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын белгилеў ҳуқықы берилсин.

  1. Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қорына Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) деп қайта атама берилетуғыны;

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги  және оның аймақлық бөлимлериниң жумысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, министрликтиң бюджеттен тыс қаржылары және нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырылатуғыны;

Қордың қаржылары Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери, сондай-ақ, система шөлкемлериниң хызметкерлерин қосымша хошаметлеўге қаратылатуғыны;

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң мүлки, соның ишинде, автотранспорт қуралларын Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигине өткериўде қайта рәсмийлестириў ушын төлемлер өндирилмейтуғыны;

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен қайта шөлкемлестирилип атырған, сапластырылып атырған, өзгертилип атырған ҳәм басқа шөлкемлердиң системасына өткерилип атырған шөлкемлерге бириктирилген көшпес мүлк объектлерине ҳәм басқа да мүлкке болған ҳуқықлар тийисли жыйымлар ҳәм басқа да төлемлер өндирилмеген ҳалда қайта рәсмийлестирилетуғыны;

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң орайлық аппараты хызметкерлерин Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигине жумысқа қабыллаў Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм мәдений мийрас министри тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен бурын әмелге асырылған келисимлерди, таңлаў нәтийжелерин есапқа алған ҳалда, бийғәрез әмелге асырылатуғыны;

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳаққындағы реже тастыйықланғанға шекем, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги және аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў тәртиби ҳәм шәртлери Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 31-июльдеги  477-санлы қарары менен тастыйықланған Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳаққындағы режеге ҳәм әмелдеги тәртипке тийкарланып әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги бир ай мүддетте министрлик ҳаққындағы режени тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириўдиң қосымша дәреклери етип белгиленсин:

шөлкемлестириўшиси Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги  болып есапланған кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң (кейинги орынларда – система шөлкемлери) ықтыярында салықлар ҳәм жыйымлар төленгенинен кейин қалатуғын сап пайданың бир бөлеги;

меншиклестириў ҳаққындағы қарарларға муўапық мәмлекетлик мүлк объектлерин реализациялаўдан түсетуғын тийисли қаржылар;

система шөлкемлериниң мүлкин (буған көшпес мүлк кирмейди) сатыўдан түскен қаржылардың 50 проценти;

система шөлкемлериниң  мүлкин ижараға бериўден түскен бюджетке қаратылып атырған қаржылардың 50 проценти;

система шөлкемлериниң жумысын тексериўдиң нәтийжелери бойынша Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң ишки аудит хызметлери тәрепинен анықланған Мәмлекетлик бюджет қаржыларының, сондай-ақ, талан-тараж, растраталар, кемшиликлер суммаларының 50 проценти;

система шөлкемлериниң жумысын тексериўдиң нәтийжелери бойынша Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң ишки аудит хызметлери тәрепинен анықланған және мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм бюджеттен тыс қорлардың дәраматына өндирилген нызамсыз жумсалған бюджет қаржылары, талан-тараж, растраталар, кемшиликлердиң суммалары;

система шөлкемлериниң бюджеттен тыс қорларына түсетуғын қаржылардың 10 проценти;

#ордың ўақытша бос турған қаржыларын жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

туризм ҳәм мәдений мийрас тараўларындағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыўдан түсетуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы резидент емеслериниң қайырқомлық қаржылары;

халықаралық финанс шөлкемлери ҳәм сырт мәмлекетлердиң грантлары ҳәм техникалық жәрдемлесиў қаржылары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Мәмлекетлик бюджеттиң 2022-жыл ушын тастыйықланған бюджет параметрлерине усы қарардың талапларынан келип шығып өзгерислер киргизиў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги және Мәдений мийрас агентлиги Ташкент қаласы, Әмир Темур гүзары, 107 б- жай мәнзили бойынша орналастырылсын.
  3. Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги:

еки ҳәпте мүддетте министрликтиң аймақлық, структуралық ҳәм төменги бөлимлери ҳаққындағы режелер (уставлар), олардың структуралары, сондай-ақ, хызметкерлердиң лаўазым инструкциялары қолланбалары қайта тастыйықланыўын тәмийинлесин;

бир ай мүддетте тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарадың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 18-февраль