Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Өткен ўақыт даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, социаллық-экономикалық, суд-ҳуқық ҳәм басқа да тараўларда кадрларын таярлаў бойынша турақлы жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, жоқары тәжирийбели басқарыў кадрларының резервин қәлиплестириўге унамлы тәсир көрсеткен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының жумысы реформаланды, сондай-ақ, Академия жанында елимиздиң перспективалы жас қәнигелерин қайта таярлайтуғын ҳәм қәнигелигин арттыратуғын Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институты шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге, бүгинги күнде елимизде мәмлекетлик ҳәкимиятты буннан былай да демократияластырыўдың ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўдың тәсиршең механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар жоқары тәжирийбели басқарыў кадрларын таңлап алыў ҳәм таярлаў, олардың резервин қәлиплестириў системасын, соның ишинде, бул бағдарда заманагөй қатнас жасаўды ислеп шығыў арқалы жетилистириўди талап етпекте.
Перспективалы басқарыў кадрларының системалы тийкарда таңлап алыныўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер (кейинги орынларда – мәмлекетлик шөлкемлер) системасында олардың кәсиплик маманлығын үзликсиз арттырып барыўға көмеклесиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм «Уллы келешек» халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң 3 жылда бир мәрте перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў бойынша «Раўажланыў» республикалық таңлаўын (кейинги орынларда – таңлаў) өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Төмендегилер:
Перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў бойынша «Раўажланыў» республикалық таңлаўын өткериўди шөлкемлестириў бойынша республикалық комиссияның (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) қурамы 1-қосымшаға муўапық;
Перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў бойынша «Раўажланыў» республикалық таңлаўын өткериўди шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы реже 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Таңлаўда таяныш жоқары мағлыўматқа ҳәм тийисли тараўда басшылық лаўазымында кеминде үш жыл жумыс тәжирийбесине ийе, 30 жастан 45 жасқа шекемги (45 жас та қосылған ҳалда) Өзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин екенлиги;
Республикалық комиссия таңлаўды өткериўге байланыслы илажларға министрликлер ҳәм ведомстволар, басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң ўәкиллерин, сондай-ақ, жетекши илимпазларды ҳәм қәнигелерди, соның ишинде, сырт елли илимпазларды ҳәм қәнигелерди тартыў ҳуқықына ийе екенлиги;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы (кейинги орынларда – Академия) Республикалық комиссияның жумысшы уйымы есапланатуғыны;
таңлаўдың қалыс ҳәм ашық-айдын өткерилиўи, сондай-ақ, номинациялардың сапалы ҳәм қалыс таңлап алыныўы, қойылатуғын талапларға олардың муўапықлығы ушын жуўапкершилик Республикалық комиссияға жүкленетуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик шөлкемлерде мийнет етип атырған қатнасыўшылардың таңлаўда қатнасыў дәўиринде олардың ийелеп турған лаўазымы ҳәм орташа айлық мийнет-ҳақысы сақланып қалынатуғыны;
таңлаўдың жеңимпазларына ең кем мийнет-ҳақының 50 есеси муғдарында, финал басқышының қалған қатнасыўшыларына болса – ең кем мийнет ҳақының 25 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық төленетуғыны. Онда таңлаўдың финал басқышының қалған қатнасыўшылары тийисли тараўды басқарыў кадрлары резервине киргизилетуғыны;
таңлаў жеңимпазлары Академия ҳәм Корпоратив басқарыў илимий-билимлендириў орайының базасында тийисли тараўға байланыслы министрликлер, ведомстволар, ири компаниялардың басшылары, жергиликли ҳәм шет елли жоқары маман қәнигелер және илимпазлардың қатнасыўында өткерилетуғын, раўажланған сырт еллердиң тараўға байланыслы шөлкемлеринде таңлаўдың тийисли номинациялары бойынша стажировкадан өтиўди өз ишине алатуғын «Басқарыў кадрларын таярлаў бойынша Президент бағдарламасы»на муўапық үш айлық курсларда оқыйтуғыны;
таңлаў жеңимпазлары «Басқарыў кадрларын таярлаў бойынша Президент бағдарламасы»на муўапық үш айлық курслардан өткеннен кейин тийисли бағдарлар бойынша мәмлекетлик шөлкемлерге басшылық лаўазымларына тайынланатуғыны;
таңлаў жеңимпазларын тийисли басшылық лаўазымларына тайынлаў бойынша илажларды көриў, сондай-ақ, басқарыў кадрларының резервлерине киргизилген финал басқышы қатнасыўшыларының жумысын кейин ала оларды хызмет бойынша көтериў ямаса басшылық лаўазымларына тайынлаў ушын мониторинг етиў жумыслары Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының улыўма муўапықластырыўы астында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы ҳәм Академия менен биргеликте еки ай мүддетте:
қәлеўшилерди дизимнен өткериў, қатнасыўшылардың сораўнамаларын көрип шығыў, тест ҳәм басқа да таңлаў сынақларын өткериў, сондай-ақ, олардың нәтийжелерин усыныў имканиятынларына ийе болған таңлаўдың арнаўлы веб-порталын жаратыўды;
мәлимлеме системаларын, ресурсларын, мағлыўматлар базаларын, бағдарламалық өнимлерди ислеп шығыў. сондай-ақ, Республикалық комиссияның жумысшы уйымын таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын зәрүр аппарат-бағдарламалық комплекслер менен үскенелеўди тәмийинлесин.
- Төмендегилер таңлаўды өткериўдиң қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
таңлаў өткериўди шөлкемлестириў бөлиминде – Академияға қәрежетлер сметасы бойынша ажыратылған бюджет қаржылары, сондай-ақ, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қаржылары, халықаралық қаржы институтларының грантлары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер;
таңлаў жеңимпазлары ушын «Басқарыў кадрларын таярлаў бойынша Президент бағдарламасы»на муўапық үш айлық курсларын өткериў бөлиминде – Академияға қәрежетлер сметасы бойынша ажыратылатуғын бюджет қаржылары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети резерв қорынан Корпоратив басқарыў илимий-билимлендириў орайына ажыратылатуғын қаржылар;
таңлаў жеңимпазларына ҳәм финал басқышының қатнасыўшыларына бир мәртелик ақшалай сыйлықты төлеў бөлиминде – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети резерв қоры қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер;
таңлаў жеңимпазларының раўажланған сырт еллердиң тараўға тийисли шөлкемлеринде тийисли номинациялар бойынша стажировкадан өтиў бөлиминде – Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары, халықаралық қаржы институтларының грантлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қаржылары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер;
таңлаўдың арнаўлы веб-порталын жаратыў, мәлимлеме системаларын, ресурсларын, мағлыўматлар базаларын, бағдарламалық өнимлерди ислеп шығыў, сондай-ақ, Республикалық комиссияның жумысшы уйымын таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын зәрүр аппарат-бағдарламалық комплекслер менен үскенелеў бөлиминде – Мәлимлеме коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Академия менен биргеликте таңлаўды өткериў шеңбериндеги илажларды қаржыландырыў ушын халықаралық қаржы институтларының грантлары және юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қаржыларын тартыў илажларын көрсин.
- «Раўажланыў стратегиясы» орайына:
таңлаў өткерилиўи үстинен жәмийетшилик мониторингин әмелге асырыў ҳәм оны буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыўды;
таңлаў жуўмақларына бағышланған мәлимлеме-таллаў түсиниклериниң мәмлекетлик, рус ҳәм инглис тиллеринде таярланыўын ҳәм жәрияланыўын. сондай-ақ, кеңнен тарқатылыўын тәмийинлеў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги. Академия ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте таңлаўды өткериў жуўмақлары бойынша таңлаў шеңберинде перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў системасын жетилистириў, соның ишинде, қәлеўшилерге қойылатуғын заманагөй талапларды енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратына усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Әдиллик министрлиги, Академия ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
Мәмлекетлик шөлкемлерде бос лаўазымларды толықтырыў ушын басқарыў кадрлары резервин таңлаўдың финаль басқышы қатнасыўшылары арасынан қәлиплестириў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын;
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына таңлаўды өткериўге байланыслы илажларды, сондай-ақ, оның нәтийжелерин кең түрде жарытыў, соның ишинде, темаға байланыслы мақалалар, телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлер шөлкемлестириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының ректоры Р.С.Касимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 30-май