Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде суд системасын демократияластырыў, судлар жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, халық пенен қарым-қатнасты кеңейтиў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмийетшиликтиң ролин күшейтиўге қаратылған салмақлы жумыслар орынланды.
Жоқарғы судтың рәсмий веб-сайтында барлық суд қарарлары турақлы түрде жәрияланбақта, судлар өз қарарларының мазмун-мәнисин суд процеси қатнасыўшыларына түсиндирип келмекте, суд баслықлары ҳәр шеректе ғалаба хабар қураллары менен брифинглер өткермекте.
Соның менен бирге, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң бузылған ҳуқықларын қорғаўда судлардың, әсиресе, ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтиў, оларды пуқаралар менен исбилерменлердиң ҳақыйқый қорғаўшысына айландырыў зәрүр болып есапланады.
Жәмийетте ҳәкимшилик судларға болған исенимди және де арттырыў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар тәрепинен суд қарарларының орынланыўы үстинен қадағалаўдың тәсиршең механизмлерин енгизиў талап етиледи.
Мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў және ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиўди халықаралық стандартлардан келип шыққан ҳалда жетилистириў мақсетинде:
- Ҳәкимшилик судлардың биринши гезектеги ўазыйпасы пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларында нызам үстинлигин тәмийинлеў менен бир қатарда олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаў болып есапланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Жоқарғы суд Судьялар жоқары кеңеси және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте мәмлекетлик уйымлардың қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтиў, оларды пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳақыйқый қорғаўшысына айландырыўға қаратылған төмендеги тәртиплерди процессуаллық нызам ҳүжжетлеринде белгилениўин тәмийинлесин:
ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиўди «судтың белсене қатнасыўы» принципи тийкарында әмелге асырыў, онда ҳәкимшилик судларға жумыстың ҳақыйқый жағдайларын анықлаў ушын өз басламасы менен дәлиллерди жыйнаў миннетлемелерин жүклеў, ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине болса дәлиллерди жыйнаўда тек ғана өзиниң имкнияты шеңберинде қатнасыўға шараят жаратыў;
ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине ғалабалық-ҳуқықый қатнастан келип шығатуғын келиспеўшилик пенен бирге оған себепли байланыста болған зыянды өндириў талабын да ҳәкимшилик судқа билдириў ҳуқықын бериў ҳәм бундай талапларды көрип шығыўды ҳәкимшилик судлардың ўәкиллигине өткериў;
ҳәкимшилик судлардың ғалабалық-ҳуқықый қатнаслардан келип шығатуғын жумыслар бойынша шешиўши қарарлар мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлер тәрепинен орынланбаған жағдайда, олардың лаўазымлы пуқараларына суд жәриймаларын қолланыў;
ғалабалық-ҳуқықый қатнаслардан келип шығатуғын жумыслар бойынша тәреплер арасында жарасыўға ерисиў механизмлерин енгизиў.
- Жәмийетте ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтиў, оларды пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳақыйқый қорғаўшысына айландырыў мақсетинде усы қарардың 2-бәнтине тийкарланып процессуаллық нызам ҳүжжетлеринде белгиленип атырған тәртиплер шеңберинде төмендегилер нәзерде тутылсын:
тәреплерге, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайларда, ғалабалық-ҳуқықый қатнаслардан келип шығатуғын жумыслар бойынша келисиў келисимин дүзиў ҳуқықын бериў;
мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлер тәрепинен ғалабалық-ҳуқықый қатнаслардан келип шығатуғын ис бойынша шешиўши қарарды ол нызамлы күшке кирген күннен баслап бир ай даўамында орынлаў және бул ҳаққында ҳәкимшилик судқа хабар бериў;
мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлер тәрепинен ғалабалық-ҳуқықый қатнаслардан келип шығатуғын ис бойынша суд ҳүжжети орынланбағанлығы ушын мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына суд жәриймасын қолланыў;
мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлер тәрепинен ғалабалық-ҳуқықый қатнаслардан келип шығатуғын ис бойынша шешиўши қарардың қайтадан орынлағанбағанлығы ушын мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына дәслеп қолланылған суд жәриймасын арттырылған муғдарда қолланыў.
- Жоқарғы суд ҳәм Судьялар жоқары кеңесиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары мақуллансын:
судлар тәрепинен даўа арзасы, арза ҳәм шағымды судқа тийисли болмағанлығы себепли қабыл етиўди бийкарлаў ямаса жумыс бойынша ис жүргизиўди сапластырыўды қадаған етиў, онда даўа арзасы, арза, шағым ямаса жумысты оларды көрип шығыўға ўәкилликли судқа өткериў;
ҳәкимшилик судтың нызамлы күшке кирген шешиўши қарарында анықланған жағдайлар басқа исти көрип атырған пуқаралық ислери бойынша суд ушын мәжбүрий болып есапланыўын белгилеў;
бир суд иси шеңберинде айырымлары ҳәкимшилик судқа, басқалары болса пуқаралық ислери бойынша судқа тийисли болған бир неше талапты бирлестириўди қадаған етиў.
- Жоқарғы суд, Судьялар жоқары кеңеси:
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерин, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының хызметкерлерин ҳәкимшилик судлардың жумысы ҳәм олардың жәмийетте нызамлылықты тәмийинлеўдеги роли менен толық таныстырыў бойынша илажларды нәзерде тутатуғын «Жол картасы» тастыйықланыўы ҳәм избе-из әмелге асырылыўын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары имаратларының пуқараларды қабыллаў ушын ажыратылған арнаўлы орынларында ҳәкимшилик судлардың атқарыўшы уйымлар жумысында нызамлылықты тәмийинлеўдеги орны ҳәм олар тәрепинен көрилетуғын жумыслар ҳаққында түсиник беретуғын баннерлердиң көринетуғын етип жайластырылыўын және социаллық роликлердиң турақлы түрде көрсетилиўин;
Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда ҳәкимшилик юстиция, оның әҳмийети сондай-ақ, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаўда нәтийжели ҳуқықый механизм болып есапланатуғыны бойынша тематикалық көрсетиўлер менен социаллық роликлердиң турақлы түрде қойып барылыўын тәмийинлесин.
- Жоқарғы суд мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
еки ай мүддетте судлар тәрепинен даўа арзасы, арза, шағым ямаса исти оны көрип шығыўға ўәкилликли судқа өткериў бойынша «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын;
үш ай мүддетте ғалабалық-ҳуқықый келиспеўшиликлерди шешиў бойынша унамлы халықаралық тәжирийбени инабатқа алған ҳалда «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик суды жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын;
бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслардың киргизилиўин тәмийинлесин.
- Жоқарғы суд Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте ҳәзирги күнде пуқаралық ислери бойынша ҳәм экономикалық судлар тәрепинен көрилип атырған ғалабалық-ҳуқықый қатнаслардан келип шығатуғын барлық ислерди, соның ишинде, акцептиз тәртипте өндирилетуғын орынлаў ҳүжжетиниң үстинен шағымға байланыслы ислерди ҳәкимшилик судларға өткериў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 29-январь