Нызам (ӨРН-753-санлы, 15.02.2022-ж.) менен киргизилген қосымшаларға бола, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар мәмлекет шегарасы режимин бузып өткенде (224-1-статья) қолланылған жәрийманы төлемесе, Өзбекстан аймағынан ҳәкимшилик тәризде шығарып жибериледи.
Бурын жәрийма төлегенине қарамастан Өзбекстаннан шығарып жиберилген.
Сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан аймағынан ҳәкимшилик тәризде шығарып жиберилгенде кейин ала Өзбекстанға кириў ҳуқықы шеклениў мүддетин қолланыўға анықлық киргизилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Соған муўапық, мәмлекет шегарасы режимин биринши мәрте бузып өткенде 1 жыл мүддет, екинши мәрте жүз бергенде 3 жыл мүддет Өзбекстанға кириў ҳуқықы шекленеди.
Сондай-ақ, нызам менен төмендеги ҳуқықбузарлықларға байланыслы жумысларды Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлериниң көрип шығатуғыны белгиленди:
– шегара зонасына, сондай-ақ, пуқаралардың кириўи ҳәм болыўына ўақтынша шеклеў белгиленген орынларға кириў және оларда жасаў қағыйдаларын бузыў (224-статья);
– Мәмлекет шегарасы арқалы өткериў пунктлериндеги режимди бузыў (224-1-статья 1-бөлими)
Еслетип өтемиз, ҳәкимшилик тәризде шығарып жибериў жынаят ислери бойынша район (қала)лық суды тәрепинен қолланылады.
ӨзА