Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Халықты мәнзилли социаллық қорғаў ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, жәрдемге мүтәж пуқараларға ҳәм жалғыз баслы кекселерге пул жәрдемин көрсетиў көлемин кеңейтиў ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2003-жыл 27-марттағы «2003-жылдың 1-апрелинен баслап турақ жай коммуналлық хызметлер ҳақысын төлеў бойынша берилетуғын жеңилликлер орнына компенсация пул төлемлерин енгизиў ҳаққында»ғы ПП-3227-санлы Пәрманына муўапық жеңилликли категориядағы шахслар ушын турақ жай коммуналлық хызметлер ҳақысын төлеў бойынша нызамшылық тийкарында берилетуғын жеңилликлер орнына айлық компенсация пул төлемлери (кейинги орынларда ­ компенсация төлеми) енгизилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2022-жыл 1-марттан баслап:

а) компенсация төлеми, оны алыў ҳуқықына ийе болған барлық жеңилликли категориядағы шахсларға, бул шахслардың пенсия (социаллық напақа) алыўы яки алмаслығы ҳәм мийнет ететуғынлығы яки етпейтуғынлығына қарамастан төлеп барылатуғыны;

б) социаллық напақа алыўшы басқалардың күтимине мүтәж жалғыз баслы шахсларға компенсация төлеми енгизилетуғыны.

Бунда социаллық напақа алыўшы өзгелер күтимине мүтәж жалғыз баслы шахслар ушын ҳәр айлық компенсация төлеми ­ пенсияны есаплаўдың базалық муғдарының 45 проценти муғдарында төлентуғыны;

в) жасы 100 ге толған ҳәм оннан асқан социаллық напақа алыўшы шахслар ушын ҳәр айда ­ пенсияны есаплаўдың базалық муғдарының 100 проценти муғдарында қосымша төлем белгиленетуғыны.

Бунда 100 жасқа толған ҳәм оннан асқан пуқаралар напақасына ҳәр айда төленетуғын қосымша төлем пенсия ҳәм напақа тайынланған шөлкем арқалы республика бюджети ҳәм бюджеттен тысқары Пенсия қоры қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.

  1. Қаржы министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм буннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кең жарытыў жумысларын шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымша киргизилсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге ҳәм компенсация және қосымша төлемлердиң пуқараларға пенсия ҳәм напақа төленетуғын мүддетлерде төлеп барылыўын тәмийинлеўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметовбелгиленсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2022-жыл 28-январь