«Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў ҳәм мәмлекетлик қаржыны қадағалаўшы уйымлардың жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-128-санлы 14.02.2022ж.) қабыл етилди.
Қарар менен Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик қаржыны қадағалаў инспекциясы шөлкемлестирилди.
2023-жыл 1-январьға шекем «Электрон ревизор» программалық комплекси толық иске түсириледи. Бул ҳаққында Ҳуқықый мәлимлеме каналы хабар берди.
Инспекцияда бюджет есабынан әмелге асырылатуғын қурылыслар ушын төлемлер ҳақыйқаттан да орынланған жумыс көлемине муўапықлығы үстинен қадағалаў орнатыў ушын Қурылыс объектлеринде қадағалаў өлшемин әмелге асырыў басқармасы (40 штат бирлигинен ибарат) дүзиледи.
2022-жыл 1-апрельден қаржыны қадағалаўға байланыслы нызамбузыўшылықлар ҳаққында хабар берген шахсларға сыйлық төленеди.
2022-жыл 1-ноябрьге шекем Инспекция хызметкерлери қаржыны қадағалаў ҳәм ишки аудит тараўындағы халықаралық тәжирийбелер тийкарында арнаўлы оқыў курсларында оқытылады.
2022-жыл 1-ноябрьден Инспекция ҳәм ишки аудит хызметлериниң хызметкерлерине қәнигелик сертификатын бериў системасы енгизиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги