Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы ўақытлары аўыл хожалығы өндирисин буннан былай да жетилистириў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў шеңберинде жергиликли аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Сол мақсетлерде аўыл хожалығы машина қурылысы системасы қайта шөлкемлестирилди. Нәтийжеде тек ғана 2017-жылы аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў ҳәм лизинг бойынша хызметлер көрсетиў көлеми 1,7 есеге, механизация хызметлериниң көлеми 2,5 есеге артты.

Соның менен бирге, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди елимизде ислеп шығарылған сапалы ҳәм арзан техника менен тәмийинлеў, техника паркин жаңалаў, сондай-ақ, оларға өз ўақтында сервис хызметин көрсетиў жумысларында үлкен кемшиликлер сақланып қалмақта, атап айтқанда:

бириншиден, реал зәрүрлик, агротехника илажларын өткериў мүддетлери ҳәм қаржыландырыў дәреклеринен келип шығып, машина-трактор парклери, тийисли хызметлер көрсететуғын жеке меншик шөлкемлер, сондай-ақ, фермер хожалықларына аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериў бойынша буйыртпаларды қәлиплестириў, шәртнамалар дүзиўдиң базар механизмлери қәлиплеспеген;

екиншиден,  ең мақул агротехникалық мүддетлерде ғалаба аўыл хожалығы жумысларын әмелге асырыў ушын өзи жүретуғын аўыл хожалығы техникасы жетерли емес, өз ўақтында өндиристи режелестириў ҳәм шөлкемлестириў бойынша жумыслар системалы жолға қойылмаған;

үшиншиден,  өндиристи жергиликлилестириў дәрежесиниң төменлиги, ақыбетинде, ислеп шығарылып атырған аўыл хожалығы техникасының өзине түсер баҳасының бәсекиге шыдамлы емеслиги механизация хызметлери ҳәм ислеп шығарылып атырған соңғы өним баҳасының артып кетиўине алып келмекте;

төртиншиден,  аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыўды қаржыландырыў механизми толық емес, лизинг механизмлериниң, жеке меншик сервис шөлкемлери ҳәм фермер хожалықларының қаржыларын тартыўдан жетерли дәрежеде пайдаланылмай атыр.

Аўыл хожалығы техникасы паркин жаңалаў ҳәм модернизациялаў есабынан аўыл хожалығын техникалық жақтан тәмийинлеў дәрежесин буннан былай да арттырыў, агротехника жумысларының өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ тәрепинен қәлиплестирилген 2018-жылы аймақлар кесиминде, соның ишинде, лизинг тийкарында аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериўдиң қосымша көлемлериниң параметрлери 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериў ушын буйыртпалар портфелин қәлиплестириў тийкарғы түрде бир жылда еки мәрте – февраль-март ҳәм сентябрь-октябрь айларында жергиликли ҳәм дүньяның жетекши өндирисшилериниң қатнасыўында өткерилетуғын аймақлық ярмаркалар даўамында әмелге асырылады. Онда фервраль-март айларында аўыл хожалығы техникасын усы жыл ушын, сентябрь-октябрь айларында – келеси жыл ушын жеткерип бериў бойынша қосымша шәртнамалар дүзиледи.

өндирисшилерге аўыл хожалығы техникасы ушын алдын ала төлем жеткерип берилип атырған техника баҳасының 80 процентинен аз болмаған муғдарда техниканы жеткерип бериў басланбастан бурын 120 күннен аз болмаған мүддетте, жуўмақлаўшы есап-санақ болса жеткерип берилген техника қабыл етилгеннен кейин 10 жумыс күни даўамында әмелге асырылады;

«Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы Жойбарлаў ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайы» МУК 1-қосымшаға муўапық жеткерип берилетуғын аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў ушын товарларды сатып алыў бойынша импорт контрактлериниң комплексли экспертизасын әмелге асырады.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте:

2018-жылы районлар кесиминде аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериўдиң қосымша көлемлериниң параметрлерин, сондай-ақ, усы қарарды инабатқа алған халда, оларды қаржыландырыўдың ҳәм жеткерип бериўдиң айма-ай графиклерин;

Буйыртпалар портфелин қәлиплестириў ҳәм шәртнамалар дүзиў, аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыўды және жеткерип бериўди қаржыландырыў, сондай-ақ, аўыл хожалығы товар өндирисшилерине механизацияласқан хызмет көрсетиў жумысларын шөлкемлестириў схемаларын тастыйықласын.

  1. «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте үш ай мүддетте Министрлер Кабинетине:

аўыл хожалығы техникасының жергиликли брендин ислеп шығыў ҳәм өндириске енгизиўди нәзерде тута отырып, Елимизде аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў концепциясын;

2018-2020-жыллары аўыл хожалығы машина қурылысы кәрханаларының жаңа өндирисшилерин жаратыў ҳәм барларын модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў бойынша инвестциялық жойбарлардың дизими менен бирге аўыл хожалығы техникасының ҳәр бир түри бойынша өндиристи жергиликлилестириў бағдарламасын;

2018-2020-жыллары өндирислик кәрханалар тәрепинен тармақ кооперациясы шеңберинде ислеп шығаралып атырған аўыл хожалығы техникасы ҳәм оның компонентлериниң өзине түсер баҳасын азайтыў бағдарламасын;

аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыўды ҳәм жеткерип бериўди жергиликлилестириўди жақсылаў ушын халықаралық қаржы институтларының қаржыларын тартыў бойынша усынысларды киргизсин.

  1. Коммерциялық банклерге аўыл хожалығы техникасын лизинг тийкарында жеткерип бериўди келешекте қаржыландырыў ушын тийкарғы қарызларды ҳәм процентлерди толықтырыў бойынша 4 айдан аз болмаған мүддетке жеңилликли дәўир менен лизинг шөлкемлерине кредитлер ажыратыў усыныс етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы, Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ менен биргеликте бир ай мүддетте Аўыл хожалығын механизациялаў ҳәм электрлестириў илимий-изертлеў институтының (кейинги орынларда Институт деп аталады) жумысын жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин, онда:

аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыўға ҳәм аўыл хожалығына илимий жетискениклерди енгизиў мүддетлерин қысқартыў мақсетинде Институттың жумысын түп-тийкарынан жақсылаў;

Институттың «Өзагротехмаш» АЖ, аўыл хожалығы машина қурылысы шөлкемлери, сондай-ақ, аўыл хожалығы тараўында жумыс ислейтуғын басқа да илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери менен нәтийжели илимий-техникалық кооперацияны ҳәм өз-ара бирге ислесиўди орнатыў;

дүнья базарында жаңа, бәсекиге шыдамлы аўыл хожалығы техникасы түрлерин ҳәм модельлерин ислеп шығыў, жаратыў, таярлаў, сынақтан өткериў ҳәм өндириске енгизиўдиң бирден-бир режесин ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳәм жоқарыда көрсетилген шөлкемлердиң жумысына енгизиў нәзерде тутылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасы Бас прокуратура ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте:

а) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериў ушын қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўы үстинен системалы мониторинг ҳәм қадағалаў орнатсын;

б) 2018-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ  ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң жумысын үйренсин, овощ жетистириўди, жүзимгершиликти жедел раўажландырыў перспективаларынан келип шығып, аўыл хожалығы техникасы паркин толық хатлаўдан өткерсин ҳәм қаржыландырыў, аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў, жеткерип бериў, хызметлер көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин, онда төмендегилерге айрықша итибар қаратылсын:

аўыл хожалығы техникасы паркин унификациялаў ҳәм орынларда оларға сервис хызметин көрсетиўди шөлкемлестириў, зәрүр аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериўди өзлестириўди нәзерде тутқан ҳалда агротехника илажларының түрлери бойынша аўыл хожалығы техникасына болған муғдарлы зәрүрликти, пайдаланыўға жарамсыз және есаптан шығарылыўы тийис болған техниканы инабатқа ала отырып, олардың әмелде бар екенлигин;

бар аўыл хожалығы техникасы паркин есапқа алыў ҳәм қадағалаў системасын жетилистириў;

қысқа мүддетли реже тийкарында республиканың аўыл хожалығы техникасына болған талабын қаплаў усылларын ҳәм жолларын анықлаў;

шет ел базарларында уқсас техниканың сапасын ҳәм баҳасын талқылаған ҳалда ислеп шығарылып атырған аўыл хожалығы техникасын жергиликлилестириў имканиятларын үйрениў.

  1. «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Н.С.Отажоновқа, З.Т.Мирзаевқа, Ж.А.Қўчқаровқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа, Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасының баслығы М.М.Икрамовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                            Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 10-май