Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде 2017-2021-жылларда раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде өткен дәўир даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын түпкиликли реформалаўға қаратылған 300 ге шамалас нызам, 4 мыңнан аслам Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары қабыл етилди.
Сондай-ақ, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетлик уйымлардың есап бериўи ҳәм ашық-айдынлығын күшейтиў ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қуралларының роли, халық ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң сиясий белсендилигин арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылды.
Миллий экономиканы реформалаў бағдарында сыртқы саўда, салық ҳәм финанс сиясатын либералластырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм жеке меншик мүлктиң қолқатылмаслығын кепиллеў, аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеўди шөлкемлестириў ҳәм аймақларды жедел раўажландырыўды тәмийинлеў бойынша тәсиршең илажлар көрилди.
Пуқараларды социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында белгиленип, халықты жаңа жумыс орынлары ҳәм кепилликли дәрамат дәреги, қәнигели медициналық ҳәм билимлендириў хызметлери, мүнәсип жасаў шараятлары менен тәмийинлеў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.
Кейинги бес жыллық реформалардың нәтийжесинде мәмлекетимизде Жаңа Өзбекстанды қурыўдың зәрүр сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық ҳәм илимий-ағартыўшылық тийкарлары жаратылды.
Дүнья жүзи көлеминдеги қыйын процесслерди ҳәм мәмлекетимиз басып өткен раўажланыў нәтийжелерин терең таллаған ҳалда соңғы жылларда «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымыздың абаданлығын буннан былай да арттырыў, экономика тармақларын трансформациялаў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин сөзсиз тәмийинлеў ҳәм жедел пуқаралық жәмийетти қәлиплестириўге қаратылған реформалардың тийкарғы бағдарларын белгилеў мақсетинде:
- Кең жәмийетшиликтиң додалаўы нәтийжесинде «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» принципине тийкарланып ислеп шығылған төмендеги жети тийкарғы бағдардан ибарат 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы (кейинги орынларда – Раўажланыў стратегиясы) ҳәм оны «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарлама) 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын:
инсан қәдирин көтериў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетти буннан былай да раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыў;
мәмлекетимизде әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў;
миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў;
әдил социаллық сиясат жүргизиў, инсан капиталын раўажландырыў;
руўхый раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм тараўды жаңа басқышқа алып шығыў;
миллий мәплерден келип шыққан ҳалда улыўма инсаныйлық машқалаларға қатнас жасаў;
мәмлекетимиз қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў потенциалын күшейтиў, ашық-айдын, прагматикалық ҳәм жедел сыртқы сиясат алып барыў.
- Раўажланыў стратегиясында инсан қәдирин улығлаўға бағдарланған социаллық қорғаў сиясаты бойынша белгиленген ўазыйпалар шеңберинде:
а) 2026-жылға шекем мүтәж халық социаллық напақа ҳәм материаллық жәрдем менен толық қамтып алынсын.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.Холхўжаев), Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Р.Маматов) ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) менен биргеликте үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын халықты социаллық қорғаў миллий стратегиясы жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:
социаллық қорғаў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;
социаллық қамсызландырыў системасын жаратыў, соның ишинде, социаллық қамсызландырыў қорын шөлкемлестириў;
кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық жәрдем ҳәм хызметлерди социаллық шәртнама тийкарында усыныў;
«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар ҳәм майыплығы болған шахслар бойынша өз алдына мағлыўматлар базасын жаратыў, соның ишинде, «Темир дәптер», «Жаслар дәптери»н «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» менен интеграциялаў;
б) Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында биринши-төртинши класс оқыўшыларын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бийпул аўқат (азанғы ас ямаса түслик) пенен тәмийинлеў жолға қойылсын.
Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Хорезм ўәлаятының ҳәкимлиги менен биргеликте еки ай мүддетте 2022-жыл 1-апрельден баслап биринши-төртинши класс оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеўди шөлкемлестириў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
Онда жойбарда ажыратылатуғын қаржылардың жумсалыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды орнатыў ҳәм коррупциялық факторлардың алдын алыў бойынша анық механизмлер нәзерде тутылсын;
в) 2023-жыл 1-январьдан баслап пенсияны есап-санақ етиў ушын мийнет ҳақының максимал муғдары пенсияны есаплаў базалық муғдарының он есесинен он еки есесине шекем арттырылсын.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамына төмендеги өзгерислер киргизилиўин нәзерде тутатуғын нызам жойбарын киргизсин:
ҳаял-қызларға пенсия есаплаўда олардың баланы тәрбиялаў дем алысында болыў ўақтының ҳәммесин жәмлегенде жумыс стажына қосып есапланатуғын 3 жыллық дәўирди 6 жылға арттырыў;
балалықтан майыплығы болған балаларға 18 жасқа шекем қаралған дәўирди пенсия тайынлаўда жумыс стажына қосып есаплаў.
- Мәҳәллениң «жедел» моделин енгизиў, оны халықтың машқалаларын тиккелей шешиў ҳәм аймақты раўажландырыў ушын зәрүр ресурс ҳәм имканиятлар менен тәмийинлеў мақсетинде 2022-жылы:
мәҳәллелерде жаңа институт сыпатында енгизилген исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкими жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилериниң жумысы нәтийжели жолға қойылсын;
барлық дәрежедеги басшылар мәҳәллеге түсип, өз бағдары бойынша машқалаларды үйрениўи ҳәм оларға шешим табыў тәртиби енгизилип, мәҳәлледеги жумыслардың жағдайы министрликлер, уйым ҳәм ҳәкимликлердиң жумысын баҳалаўдың бас өлшеми сыпатында белгиленсин;
мәҳәлледен баслап барлық мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиў ҳәм олардың басшылары менен сөйлесиў системасы жаратылып, мәмлекетлик ҳәм социаллық хызметлерди тиккелей мәҳәлледе көрсетиў, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары менен нәтийжели байланысларды жолға қойыў арқалы мәҳәллелердиң халық алдындағы абырайы арттырылсын;
мәҳәллелерде социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкилликлери қайта көрип шығылып, финанслық имканиятлары кеңейтилсин;
мәҳәллелердиң «өсиў ноқатлары» ҳәм оларда жасаўшы халықтың исбилерменлик жумысындағы қәнигелесиўинен келип шығып, оларда жасап атырған, жумыс алып барып атырған халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасының нәтийжелилиги арттырылсын;
мәҳәлле аймағында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында спорт ҳәм мәдений имаратлар, дөретиўшилик клублар, бәнтликке жәрдемлесиў ҳәм оқытыў орайлары, исбилерменлик объектлери сыяқлы инфраструктураны жаратыў бойынша илажлар әмелге асырылсын;
мәҳәллени орынлардағы ўәкилликли уйымлар менен турақлы байланысларының ҳуқықый тийкарларын жаратыў, соның ишинде, мәҳәлле баслығы тәрепинен жергиликли Кеңес мәжилисинде көрилиўи мәжбүрий болған мәселелерди киргизиўдиң нәтийжели механизмлери жолға қойылсын;
пуқаралар тәрепинен мәҳәлле баслығына исенимсизлик билдириў институты енгизилсин.
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Р.Маматов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (М.Убайдуллаев) ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте кең жәмийетшилик, соның ишинде, мәҳәлле системасында көп жыллық жумыс стажына ийе хызметкерлерди тартқан ҳалда мәҳәлле жумысын жетилистириўге қаратылған илажлар бағдарламасын ҳәм жаңаланған «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Раўажланыў стратегиясында билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар шеңберинде 2022-жылы:
а) 1-апрельден баслап мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине ҳәм мектеплерге перзентлерин берип атырған ата-аналардың айына 3 миллион сумға шекемги төлемлери дәрамат салығынан азат етилсин.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Кудбиев) менен биргеликте еки ай мүддетте Салық кодекси ҳәм басқа да нызамшылық ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин;
б) орта билимлендириў системасын заман талапларына сәйкеслендириў мақсетинде:
улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде сабақлықларды жаңалаў бағдарламасын әмелге асырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 605 миллиард сум ажыратылсын;
141 мың жаңа оқыў орынлары жаратылсын ҳәм олардың саны 2026-жылдың ақырына шекем 6,4 миллионға жеткерилсин.
Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте жаңа оқыў орынларын жаратыў ҳәм мектеп оқыўшыларын кәсипке оқытыў бойынша илажларды көрип барсын.
- Раўажланыў стратегиясында халықтың саламатлығын тәмийинлеў бойынша белгиленген ўазыйпалар шеңберинде 2022-жылы:
а) аймақларда басланғыш медициналық хызметти «бир қәдем» принципи тийкарында жолға қойып, 105 шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм 31 шаңарақлық поликлиника шөлкемлестирилсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери менен биргеликте аймақларда тийисли қурылыс жумысларын 2022-жылдың ақырына шекем жуўмақлаў бойынша әмелий илажларды көрсин;
б) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте еки ай мүддетте жеке меншик медициналық шөлкемлерде Мәмлекетлик бюджет есабынан жеңиллетилген категорияға киретуғын шахсларды емлеўге жоллама бериўдиң электрон мәлимлеме системасы арқалы оларға бийпул медициналық хызметлерди көрсетиў механизми енгизилиўин тәмийинлесин.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги ҳәм Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы менен биргеликте 2022-жыл 1-июльге шекем:
2022-жылы қәбилетли муғаллим ҳәм шыпакерлердиң мийнет ҳақыларын маманлық категориясына қарап дифференциалластырылған ҳалда арттырыў;
халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда муғаллим ҳәм шыпакерлерге маманлық категориясын бериў тәртиби түп-тийкарынан қайта көрип шығылыўын тәмиийнлесин ҳәм маманлықты баҳалаў методикасы тийкарында әдил ҳәм ашық-айдын системаны енгизиў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Раўажланыў стратегиясында миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша белгиленген ўазыйпалар шеңберинде:
а) 2022-жылы жыллық инфляция дәрежесин 9 процентке шекем ҳәм 2023-жылы 5 процент ҳәм фискаль жетиспеўшиликти 3 процентке төменлетиў илажлары көрилип, соңынан инфляция ҳәм Мәмлекетлик бюджет жетиспеўшилиги усы көрсеткиштен артпаўы тәмийинлеп барылсын.
Онда мәмлекетлик үлеске ийе коммерциялық банклерде трансформация процесслерин жуўмақлап, 2026-жылдың ақырына шекем банк активлеринде жеке меншик сектордың үлеси 60 процентке шығарылсын.
Министрлер Кабинети (Ж.Қўчқоров) Орайлық банк (М.Нурмуратов) пенен биргеликте экономиканың жоқары өсиў пәтлерин сақлап қалыў, макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў бойынша әмелий илажларды турақлы түрде көрип барсын;
б) 2023-жылдан қосымша қун салығының ставкасы 12 процентке шекем ҳәм банк, қаржы және телекоммуникция сыяқлы исбилерменлик бағдарларында пайда салығының ставкасы 15 процентке шекем түсирилсин.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Кудбиев) менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинети киргизсин;
в) «Жасыл экономика» технологияларын барлық тараўларға жедел енгизиў арқалы 2026-жылға шекем экономиканың энергия нәтийжелилигин 20 процентке арттырыў ҳәм ҳаўаға шығарылатуғын зыянлы газлердиң көлемин 20 процентке қысқартыў илажлары көрилсин.
Усы көрсеткишлерге ерисиў мақсетинде төмендеги жойбарлар Министрлер Кабинетине киргизилсин:
Энергетика министрлиги (А.Султанов), Қурылыс министрлиги (Б.Закиров) 2022-жыл 1-мартқа шекем – қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў ҳәм қоллап-қуўатлаў және социаллық, коммерциялық ҳәм ҳәкимшилик-турмыслық имаратлар менен объектлердиң энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарламалары;
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Б.Абдиназаров), Энергетика министрлиги (А.Султанов) 2022-жыл 1-июньге шекем – санаат тармақларында шығынларды азайтыў ҳәм ресурсларды жумсаў нәтийжелилигин арттырыў бойынша «жасыл экономика»ға өтиў ҳәм энергия үнемлениўин тәмийинлеў бағдарламасы ҳәм электромобильлер ислеп шығарыў ҳәм олардан пайдаланыўды хошаметлеў системасын жаратыў бойынша қарар.
- Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районы ушын арнаўлы салық ставкаларын орнатыў тәжирийбеси тийкарында шараяты «аўыр» болған районларда исбилерменликти раўажландырыў ушын қосымша қолайлықлар жаратыў жумыслары даўам еттирилсин.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Кудбиев) менен биргеликте 2022-жыл 1-октябрьге шекем шараяты «аўыр» болған аймақларда 2025-жыл 1-январьға шекем жаңадан шөлкемлестирилетуғын исбилерменлик субъектлерине айланыстан алынатуғын салық ставкасы 1 процент ставкада ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салықлары есапланған суммадан 1 процент ставкада төлеў системасын енгизиў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 2022-жылдан баслап басқышпа-басқыш исбилерменликке байланыслы барлық мәжбүрий талапларды бирден-бир электрон реестрге киргизиў тәртиби енгизилсин ҳәм қайталаныўшы және өз әҳмийетин жойытқан мәжбүрий талаплар қайта көрип шығылып, бирден-бир реестр 2025-жыл 1-июльден баслап толық иске қосылсын.
Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов) Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (Д.Қосимов) ҳәм Саўда-санаат палатасы (А.Икрамов) менен биргеликте үш ай мүддетте исбилерменлик тараўындағы мәжбүрий талапларды хатлаўдан өткерип, оларды қайта көрип шығыў ҳәм тийисли бағдарлар бойынша бирден-бир реестрге киргизиў ҳәм усы реестрди 2025-жылға шекем толық иске қосыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- 2022-жыл 1-апрельге шекем исбилерменлик субъектлеринде аралықтан (онлайн) жумыс алып барыў имканиятларының бар екенлигинен ҳәм олардың қәнигелесиўинен келип шығып, лицензия ҳәм басқа да рухсат бериўши ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдалары төмендегилерди есапқа алған ҳалда әпиўайыластырылсын:
айырым жумыс түрлерине тек ғана маманлық талапларды белгилеў арқалы имарат ҳәм объект, хана, әсбап-үскене, техника қураллары, басқа да үскенелер және оларға болған шәртлерди бийкар етиў;
жумыс бағдарындағы талаптан келип шығып қәнигени таңлаў ҳуқықын бериў арқалы штатында бар болыўы шәрт болған хызметкерлерге болған талапларды қайта көрип шығыў;
белгили бир жумыс пенен көшпели тәртипте, соның ишинде, автотранспорт қуралларынан пайдаланған ҳалда шуғылланыў имканиятын жаратыў;
хызмет көрсетиў мәмлекет аймағынан тысқарысында әмелге асырылыўы себепли сырт елден келген буйыртпалар бойынша миллий стандарт ҳәм талапларды бийкар етиў;
«байланыстырыўшы-оператор» сыпатында аралықтан хызмет көрсетиўге қәнигелескен исбилерменлик субъектлери (агрегаторлар)иниң жумысына байланыслы арнаўлы шәртлерди белгилеў арқалы айырым лицензия ҳәм басқа да рухсат бериўши ҳүжжетлерди алыў бойынша талапларды бийкар етиў.
Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте лицензия ҳәм рухсат бериўши ҳүжжетлер талапларының усы бәнтке муўапық қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин.
- Экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў ҳәм жеке сектор ушын кең жол ашыў мақсетинде эксклюзив ҳуқықларды бийкар етиў ҳәм мәмлекет қатнасындағы компанияларды меншиклестириўдиң есабынан 25 тен аслам жумыс түри бойынша монополиялар сапластырылсын:
2022-жылы – 14, соның ишинде, сертификатластырыў хызметлери;
2023-2025-жылларда – 11, соның ишинде, нефть өнимлерин сақлаў, темир жолларда тасыўда қосымша хызметлерди көрсетиў, аэровокзал ҳәм вокзал алды комплекслерин жүргизиў хызметлери, темир жолда экспедиторлық хызметлер.
- Раўажланыў стратегиясында аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар шеңберинде аймақлар менен ислесиўдиң төмендегилерди нәзерде тутатуғын жаңа тәртиби орнатылсын:
2022-2026-жылларға мөлшерленген аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша бағдарламалар тийкарында ҳәр жылы барлық район ҳәм қаланың машқалалары менен имканиятларын терең үйренген ҳалда аймақлар кесиминде раўажланыў бағдарламалары ислеп шығылады;
ҳәр шеректин жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларындағы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша халық депутатлары Кеңеслерине, Бас министрдиң орынбасарлары және министрлик ҳәм уйымлардың басшылары болса Олий Мажлис палаталарына есап береди;
социаллық-экономикалық тараўды реформалаў ҳәм тийкарғы тармақларды раўажландырыўға бағдарланған әҳмийетли жойбарлар барлық аймақлардың талапларын ҳәм жергиликли интакерлердиң усынысларын есапқа алған ҳалда жергиликли жәмәәтшиликтиң қатнасында кеңнен додаланғаннан кейин қабыл етиледи
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте 2022-2026-жылларға белгиленген республиканың аймақларды комплескли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша бағдарламалардың жойбарларын тастыйықласын.
- Мәмлекетлик басқарыў уйымларының «Мәмлекет – инсан ушын» принципи тийкарында аймақлық мәселелерди шешиўдеги жуўапкершилигин күшейтиў және олардың стартегиялық бағдарларын режелестириўге қаратылған жаңа система жаратыў мақсетинде:
мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкими жәрдемшилери және жаслар жетекшилери тәрепинен турақлы түрде мәҳәллени үйрениў ҳәм таллаўдың нәтийжесине бола оларды раўажландырыў бойынша «жол карталар»ын ислеп шығыў әмелияты жолға қойылсын;
барлық буўындағы мәмлекетлик уйымлардың бир жыллық жумыс бағдарламасын, соның ишинде, жәмийетшиликтиң қатнасында ислеп шығыў, олардың орынланыў жағдайын турақлы жәриялап барыў әмелияты жолға қойылсын;
мәмлекетлик уйымларда мүрәжатларды таллаў, социаллық сораўлар ҳәм жәмийетлик додалаўларды өткериў нәтийжелеринен келип шығып, аймақлар (район, қала аўыл ҳәм мәҳәлле) кесиминде өз структураларының жумысы бойынша бағдарламалар ислеп шығылып, жәриялап барылсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен қабыл етилип атырған қарарлардың орынланыў процесин жәмийет тәрепинен бақлап барыў, соның ишинде, ғалаба хабар қуралларында турақлы жәриялап барыў системасы жаратылсын;
ҳәр бир тармақ ҳәм аймақ бойынша қабыл етилген бағдарламалардың орынланыўы бойынша басшылардың есабат бериў системасы жолға қойылсын.
Министрлер Кабинети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте төрт ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған системаны нәтийжели жолға қойыў бойынша қарар жойбарын киргизсин.
- Мәмлекетлик хызметлер менен қамтып алыўды ҳәм оперативлигин арттырыў, оларды көрсетиўде халықтың барлық қатламларының мәплерин есапқа алыўды тәмийинлеў мақсетинде 2022-жылы:
пуқараларға ҳүжжетлерди бериўде ҳәм алмастырыўда, сондай-ақ, өз-ара байланыслы мәмлекетлик хызметлерди мүрәжатты күтпей усыныў әмелияты жолға қойылсын;
«Пуқаралардың санлы паспорты» жойбарын енгизиўдиң есабынан халықтан туўылғаны ҳаққында ҳәм айдаўшылық гүўалықлары, шаҳадатнама ҳәм диплом сыяқлы белгили бир фактти тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди талап етиў әмелияты бийкар етилсин;
кексе ҳәм майыплығы болған шахсларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасын жеңиллетиў ҳәм оларға заманагөй технологияларды енгизиў арқалы қосымша қолайлықлар жаратылсын.
Әдиллик министрлиги ( Р.Давлетов) ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) 2022-жыл 1-октябрьге шекем мәмлекетлик хызметлер системасын халыққа және де жақынластырыў, нәўбетлерди қысқартыў, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў ҳәм жеке секторға өткериў илажларын нәзерде тутатуғын қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Раўажланыў стратегиясында әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген ўазыйпалар шеңберинде 2022-жылы:
социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларға жынаят ислери менен бир қатарда пуқаралық ҳәм ҳәкимшилик ислери бойынша да мәмлекет тәрепинен бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў тәртиби енгизилсин;
қарары, ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) нызамсыз емеслигин ҳәкимшилик судта дәлиллеў миннетлемесин, оны қабыл еткен лаўазымлы шахстың өзине жүклеў тәртибине әмел етиўди қатаң тәмийинлесин;
ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахсларды есапқа алыў бойынша бирден-бир онлайн электрон реестр жүргизилиўи жолға қойылсын.
- Жазаны өтеп болған пуқаралардың келешекте жәмийетте өз орнын табыўына әмелий жәрдем бериў ушын «деслепки социаллық-материаллық жәрдем пакети»н бериў системасы енгизилсин.
Усы система шеңберинде жазаны өтеп болған ҳәм өзиниң исбилерменлик, архитектуралық, өнерментшилик сыяқлы бағдарларда анық жойбарларын усынып, еркин жумысын басламақшы болған пуқараларға бир мәртелик материаллық жәрдем бериў әмелияты жолға қойылсын.
Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) үш ай мүддетте «дәслепки социаллық-материаллық жәрдем пакети»н бериў системасын иске түсириўди нәзерде тутатуғын қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) ҳәм Транспорт министрлиги (И.Махкамов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте үш ай мүддетте раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин есапқа алған ҳалда жол инфраструктурасын жетилистириў ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў шараятларын жаратыў арқалы жолларда авария ҳәм өлим ҳалатларын қысқартыў бойынша бағдарламаның жойбарын Министрлер Кабинтине киргизсин.
Онда жол инфраструктурасын халықаралық стандартларға бейимлестириў, ҳәрекетти басқарыў системасын толық санластырыў, жолларда қәўипсиз ҳәрекетлениў ушын барлық қатнасыўшыларға мүнәсип шараятларды жаратыў ҳәм жәмийетшиликтиң усы тараўдағы жумысларға кеңнен қатнасыўын тәмийинлеўге және «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы бағдарланатуғын қаржылардан әне усы бағдарда нәтийжели пайдаланыўға айрықша итибар қаратылсын.
- 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша республикалық комиссия (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) және оның жумысшы топарының қурамлары 3– ҳәм 4-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
Комиссия ҳәм жумысшы топарға Раўажланыў стратегиясына киргизилген илажлар толық, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын шөлкемлстириў ҳәм мониторинг етиў, сондай-ақ оны 2023-2026-жылларда әмелге асырыў бойынша тийисли жыллық мәмлекетлик бағдарламалар жойбарларының таярланыўын муўапықластырыў ўазыйпасы жүкленсин.
- Раўажланыў стратегиясын өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў барлық мәмлекетлик уйымлар және олардың мәпдар шахслары жумысының әҳмийетли ўазыйпасы есапланатуғыны;
Раўажланыў стратегиясы бес басқышта, елимизде жылларға берилетуғын атамалардан келип шығып, ҳәр бир жыл бойынша мәмлекетлик бағдарламалар қабыл етилиўин нәзерде тутқан ҳалда әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды, Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орай, Кәсиплик аўқамлары Федерациясы және «Раўажланыў стратегиясы» орайының жумысын халықаралық стандартларға муўапық изертлеў ҳәм «ақыл» орайы сыпатында қайта шөлкемлестириў және төмендеги қосымша ўазыйпалар жүклеў ҳаққындағы басламалары қоллап-қуўатлансын:
тийисли бағдарларда анықланған системалы машқалаларды, соның ишинде, бюрократлық тосқынлықлар, нызамшылықтағы муўапықсызлар, ислемей турған ҳуқықый механизмлер, ескирип кеткен қағыйдаларды улыўмаластырыў;
көтерилип атырған системалы машқалалар ҳәм Раўажланыў стратегиясында жүкленген ўазыйпалардан келип шығып, тийисли мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери менен ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер шөлкемлестирип барыў;
исбилерменлер, илимпазлар, экспертлер жәмийетшилиги ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге системалы машқалаларды додалаған ҳалда, оларды сапластырыў бойынша анық илажлар ислеп шығыў;
тийисли бағдарлар бойынша темалы социаллық сораўлар өткериў ҳәм олардың нәтийжелери бойынша илимий изленислер алып барыў.
Министрлер Кабинети еки ай мүддетте «Раўажланыў стратегиясы» орайының жумысын алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестириў, сондай-ақ, реформаларды әмелге асырыў процесине жәмийетшиликти тартыў ушын «илимий майдан» жаратыў бойынша илажларды көрсин.
- «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм «Ватандошлар» фондының Раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў процесслерине миллий ҳәм халықаралық жәмийетшиликти кеңнен тартып барыўға қаратылған төмендеги усыныслары қоллап-қуўатлансын:
Раўажланыў стратегиясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламада белгиленген мақсетлерге ерисиў дәрежесин баҳалап барыў мақсетинде «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети жанында пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллеринен ибарат жыллық альтернатив есабатлар таярлап баратуғын Бийғәрез мониторинг ҳәм баҳалаў жәмийетлик топарын шөлкемлестириў;
аймақларда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, экспертлер ҳәм мәҳәлле белсендилеринен ибарат Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик топарларын шөлкемлестириў ҳәм системалы түрде жәмийетлик тыңлаўларды өткерип барыў;
пуқаралар тәрепинен көтерилип атырған басламаларды улыўмаластырып, пуқаралық жәмийети институтларын тартқан ҳалда жәмийетлик жойбарларды алға қойыў.
- «Раўажланыў стратегиясы» орайы Раўажланыў стратегиясы ҳәм Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы бойынша аналитикалық ҳәм мәлимлеме материалларын Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында ҳәм ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирип барыў илажларын көрсин.
- «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Раўажланыў стратегиясы ҳәм Мәмлекетлик бағдарламаның орынлардағы орынланыў нәтийжелилигин халыққа жеткериў бойынша онлайн порталды иске түсирсин.
Онда илажлардың орынланыўы бойынша халықтың пикирлерин, усыныс ҳәм наразылықларын қабыл еткен ҳалда алға қойылған басламалар системаластырылып, ҳәр айда Республикалық комиссияға киргизип барылсын.
- Министрлер Кабинети:
турақлы түрде Раўажланыў стратегиясы, Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларында белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын шөлкемлестирсин;
ҳәр шеректе Раўажланыў стратегиясы, Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын орынлаўдың барысын ҳәр тәреплеме додалап, анықланған машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў және оларға жол қойған лаўазымлы шахсларды интизамий жуўапкершиликке тартыў илажларын көрип барсын;
Раўажланыў стратегиясын кейинги жылларда әмелге асырыў бойынша жыллық мәмлекетлик бағдарламалардың жойбарларын өз ўақтында таярлап барылыўын тәмийинлесин.
- Әдиллик министрлиги Есап палатасы, «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети менен биргеликте:
Раўажланыў стратегиясы ҳәм Мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўдың барысын системалы мониторинг етиў, оны сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў ушын қосымша илажлар көриў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
Раўажланыў стратегиясы ҳәм Мәмлекетлик бағдарламаларда нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының сапалы ҳәм өз ўақтында ислеп шығылыўы, келисилиўи, кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылыўына әмелий жәрдем көрсетип барсын;
Раўажланыў стратегиясы ҳәм Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўдың жуўмақларына бағышланған мәлимлеме-таллаў шолыўларды таярлаў, оларды шет тиллерде жәриялаў ҳәм кеңнен тарқатыўды тәмийинлесин;
Мониторинг нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемени ҳәр айда Республикалық комиссияға киргизип барсын.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кучимов) ғалаба хабар қураллары менен биргеликте турақлы түрде:
Раўажланыў стратегиясы ҳәм Мәмлекетлик бағдарламаның мақсетин ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен шолып барылыўын және оның мазмун-мәнисин жәмийетшиликке түсиндирилиўин;
Раўажланыў стратегиясы ҳәм Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге сырылып атырған илажлардың барысы ҳәм нәтийжелери ҳаққындағы қалыс ҳәм толық мағлыўмат халыққа тезлик пенен жеткерилиўин тәмийинлесин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Усы Пәрманның орынланыўын ҳәр айда додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Республикалық комиссияға жүкленсин.
Әмелге асырылған илажлар ҳаққында ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 28-январь