Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги дүзилгениниң 30 жыллығына бағышланып Ташкент қаласында өткерилген мәжилисте Қарақалпақстан хабар агентлиги жәмәәтиниң хызмети айрықша атап өтилди.

Усы сәнеге байланыслы  ӨзА жәмәәти хызметкерлери менен бирге агентлик директоры Баҳамдулла Нурабуллаев, агентлик ветераны Елмурат Байназаров, шолыўшы Даўыт Абибуллаев, аўдармашы Сәрбиназ Худайбергенова, жетекши инженер Досан Абдираманов Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлигинде усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды. Онда агентлик директоры Баҳамдулла Нурабуллаев шығып сөйлеп, жәмәәтти Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги дүзилгениниң 30 жыллығы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң рәсмий сайты ҳәм улыўма хабарлары өзбек (латын ҳәм кирилл әлипбесинде) рус, инглиз, араб, испан, француз, немис, қытай ҳәм  қазақ тиллеринде бериледи. Онда жәрияланып атырған хабарлардан 100 ден аслам мәмлекет оқыўшылары, дүньяның 50 ден аслам мәмлекетлериниң жетекши, ири мәлимлеме агентлиги пайдаланып келмекте.

-Бул хабарларды оқыўшыларға қарақалпақ тилинде жеткериўде Қарақалпақстан хабар агентлиги жәмәәтиниң ылайықлы мийнети бар екенлигин айрықша атап өтемиз,-дейди ӨзА бас директоры А.Кўчимов.- Бүгинги глобалласыў дәўиринде халықтың мәлимлемеге болған талабы артып бармақта. Соның ушын да Президентимиз тәрепинен алып барылып кең көлемли реформаларды, елимизде, соның ишинде, республикада жүз берип атырған жаңалықларды халыққа өз ўақтында, анық жеткериўде ҳәр бир хызметкерден өз үстинде излениўшилик ҳәм оперативлилик талап етиледи.

Илаж соңында Ҳүрмет жарлықлары  өз ийелерине тапсырылды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги