14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенине 33 жыл толыўы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған ушырасыў ҳәм байрам кешеси болып өтти.
Байрам илажына Арқа-Батыс әскерий округинен майор И.Сафаров, Миллий гвардия басқармасының әскерий хызметкери, лейтенант А.Каримов, резервтеги майор Ж.Нурниязов, резервтеги сержант М.Өтениязов, Арқа-Батыс әскерий округи Нөкис гарнизоны ҳәм әскерий бөлимлердиң командирлери, мүддетли әскерий хызметти атқарып атырған ер-азаматлар, соның менен бирге, факультет басшылары, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажда институт ректоры Қ.Қодиров шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлап, мәмлекетимиз Қураллы Күшлериниң дүзилиўи, соңғы жылларда және де раўажландырыў, әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын жетилистириў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халықаралық абырайын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, тараўдағы реформалардың нәтийжелилиги ҳаққында мағлыўматлар берди.
Атап өтилгениндей, өткен жыллар даўамында Өзбекстан Республикасын раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер, сондай-ақ, Раўажланыў стратегиялары ҳәм Қорғаныў докторинасы тийкарында әҳмийетли және тарийхый қарарлар қабыл етилди. Әсиресе, елимиз көлеминде әскерий-админстративлик секторлардың дүзилгенлиги, жергиликли бюджет қаржылары есабынан әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип хызмет ҳәм турмыс шараятларын жаратып бериў бойынша исленип атырған жумыслар өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.
Атап айтқанда, миллий армиямыздың аймақлық, халықаралық рейтинглердеги, өткерилип атырған ҳәр қыйлы жарыслардағы көрсеткишлери жоқарыламақта. Бүгинги күнде Қураллы Күшлеримиз дүнья жүзинде ҳәм ҒМДА, соның менен бирге, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жоқары орынларды ийелемекте.
Миллий, аймақлық ҳәм глобаллық қәўипсизликке қарсы ҳәр қыйлы қәўиплер жүз берип атырған бүгинги күнде халқымыздың тыныш ҳәм парахат турмыста өмир сүриўи, шегараларымыздың пүтинлигин және қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәр биримиздиң алдымыздағы баслы ўазыйпалардан бири болып есапланады.
Илажда усындай үлкен мақсетлерден келип шығып, Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға белгиленген Раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманының жойбарында көрсетип өтилген жети баслы бағдардың бири елимиз қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў потенциалын күшейтиў, ашық-айдын ҳәм прагматикалық, жедел сыртқы сиясат алып барыў екенлиги, сондай-ақ, олардан келип шығып әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Соның менен бирге, ветеран әскерий хызметкерлер жасларға өзлериниң өмир жолы, аўған урысының ақыбетлерин атап өтип, бүгингидей тыныш ҳәм парахат турмысымыздың қәдирине жетип, жаратылып атырған имканиятлардан утымлы пайдаланып, елимиздиң раўажланыўына үлеслерин қосыў бойынша баҳалы мәсләҳәтлерин берди.
Байрам илажы шеңберинде институтта жаслар тәлим-тәрбиясына мүнәсип үлес қосып, пидайылық пенен жумыс ислеп атырған аўған урысы қатнасыўшыларына институт ректорының ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалары тапсырылды.
Сондай-ақ, байрам мүнәсибети менен студент-жаслар арасында шөлкемлестирилген таңлаўлардың жеңимпазлары хошаметленди.
Илаж институттың талантлы студент-жасларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги