Халықаралық мийнет шөлкеминиң мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасына жәрдемлесиў тийкарлары ҳаққында 187-санлы конвенциясын (Женева, 2006-жыл 15-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы қабыл етилди.
Бул конвенция ХМШның тийкарғы конвенцияларынан бири болып есапланып, оның мақсети – өндиристе зыянланыўлар, кәсиплик кеселликлер ҳәм инсан өлимшилигиниң алдын алыў ушын турақлы түрде мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасын жетилистириў.
Ҳәзирги ўақытта ХМШның бул конвенциясы 49 мәмлекет, соның ишинде, ҒМДА еллеринен Қазақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы тәрепинен ратификацияланған.
Конвенцияның 2-статьясында конвенцияны ратификациялап атырған ҳәр бир ағза мәмлекет жумыс бериўшилер ҳәм жумысшылардың ең итибарлы шөлкемлери менен келискен ҳалда миллий бағдарлама ислеп шығыў арқалы кәсиплик кеселликлер, өндиристеги зыянланыўлар ҳәм инсан өлимшилигиниң алдын алыў мақсетинде мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасын турақлы түрде жетилистириўге өз үлесин қосып баратуғыны белгиленген.
Өзбекстан Республикасы тәрепинен ХМШ конвенциясын ратификациялаў миллий нызамшылықты және де жетилистириўге, Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) ҳүжжетлеринде белгиленген, мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасына жәрдемлесиў тийкарларына байланыслы болған принциплерди есапқа алған ҳалда мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы тараўындағы халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиўге хызмет етеди.
Файзулло ЯҲЁЕВ,
ӨзАның хабаршысы