Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низомхўжаев басқарды.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша қарежетлер сметасын  тастыйықлаў мәселеси көрип шығылды.

«2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы  нызамға бола усы жылдың октябрь айында болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў мақсетинде Орайлық сайлаў комиссиясына ажыратылатуғын қаржылардың шекленген муғдары 300 миллиард сум етип белгиленген.

Қәрежетлер сметасын қәлиплестириў ҳәм Қаржы министрлиги менен келисиўде Сайлаў кодекси және халықаралық сайлаў стандартлары талапларынан, сондай-ақ, бурынғы сайлаўлар тәжирийбесин таллап үйрениў нәтийжелеринен келип шыққан ҳалда, Президент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесинде қаржы талап етилетуғын барлық тәреплер есапқа алынды.

Соның ишинде, 14 округлик сайлаў комиссиясының ҳәр бирине 56 миллион 991 мың сумнан, сондай-ақ, дерлик 10 мың 800 участкалық сайлаў комиссиясының ҳәр бирине 11 миллион 813 мың сумнан қаржы ажыратыў режелестирилген.

Мәжилисте округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары ушын ажыратылып атырған бул қаржылардың 80 проценттен көбиреги усы комиссиялар ағзаларының мийнет ҳақысы, компенсация және бирден-бир социаллық төлемлер ушын жумсалатуғыны атап өтилди.

Мәжилисте Орайлық Сайлаў комиссиясының бир қатар қарарлары сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымашаларға муўапықластырылды. Соның ишинде, сайлаў ҳәм референдумды шөлкемлестириў және өткериў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумыслар бурын ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрип шығылған болса, буннан былай жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судлар тәрепинен көрип шығылады. Бул қағыйда Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарында да беккемленди.

Енди сайлаўшылар менен ушырасыўлар сыяқлы ғалабалық илажлар олардың өткерилиў орны ҳәм ўақты ҳаққында район (қала) ҳәкимликлери кеминде үш күн алдын жазба түрде хабардар етилген жағдайда өткериледи. Онда бул ғалабалық илажларды өткериў ушын руқсатнама талап етилмейди.

Бурын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўде округлик сайлаў комиссиялары 9-11 ге шекемги ағзадан ибарат қурамда дүзилетуғын еди. Болып өтетуғын Президент сайлаўында елимиз бойынша он төрт округлик сайлаў комиссиясының жумыс жүргизиўи, айырым округлерде сайлаў участкаларының саны мыңға шекем жетиўи, сайлаў участкаларының айырымларында болса үш мыңға шекем сайлаўшы дизимге алыныўына итибар берилсе, округлик сайлаў комиссияларының қурамын кеңейтиў зәрүр екенлиги белгили болады.

Усы мүнәсибет пенен Сайлаў кодексине киргизилген өзгериске тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша округлик сайлаў комиссияларының қурамын 11-21 ге шекем белгилеў бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясының ўәкилликлерине тийисли басқа да айырым мәселелер көрип шығылды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзА