Усы жыл 27-28-май күнлери Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы менен биргеликте «Заманагөй шараятта  денетәрбиясы ҳәм спортты ғалабалық раўажландырыўдың инновациялық бағдарлары» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткерилди.

Конференцияны өткериўдеги тийкарғы мақсет-заманагөй шараятта денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин ҳәр тәреплеме үйрениў, келешекте усы тараўдың илимий-методикалық тийкарларын раўажландырыў ҳәм инновациялық бағдарларын белгилеп алыўдан ибарат.

Конференция «ZOOM» платформасы арқалы әмелге асырылып, оған сырт елли ҳәм республикамыздағы денетәрбия ҳәм спорт тараўының қәнигелери, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, излениўшилер, докторантлар, магистрантлар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Халықаралық илимий-әмелий конференция қатнасыўшылары «Заманагөй шараятта денетәрбиясы ҳәм спорт тараўын раўажландырыў: халықаралық тәжирийбе ҳәм тенденциялар», «Денетәрбиясы ҳәм спорт тараўы бойынша жетик қәнигелерди таярлаўдың инновациялық бағдарлары», «Денетәрбиясы ҳәм спорт тараўын раўажландырыўдың социаллық-экономикалық тийкарлары», «Денетәрбиясы ҳәм спорт тараўын ғалаба раўажландырыўдың педагогикалық ҳәм психологиялық тийкарлары», «Саламат турмыс тәризин қәлиплестириў және денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында медициналық-биологиялық жанландырыў» атамасындағы секцияларға бөлинип, олардың баянатлары тыңланды.

– Бүгинги күнде спорт тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Әсиресе, бул тараўда тадрлар таярлаўды жоқары басқышқа көтериў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий-изертлеў жумысларын жетилистириў, бәсекиге шыдамлы, заманагөй пикирлейтуғын, жетик спортшыларды тәрбиялап шығарыў жумыслары нәтийжели алып барылмақта. Өткерилип атырған конференция да усындай мақсетли жумысларымыздың даўамы болып  табылады,  -дейди Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының директоры Б.Мамбетов. -Халықаралық конференцияға филиалымыз бенен бирге ислесип киятырған Россия Федерациясы, Беларусь Республикасы, Қазақстан Республикаларының жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары белсене қатнаспақта.

Конференцияда денетәрбиясы ҳәм спорт тараўындағы әҳмийетли машқалалар, ондағы жетикенликлер бойынша тәжирийбе алмасып, усыныс ҳәм пикирлер билдирилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы